KarInform.uz
389 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Магистратураға қосымша қабыллаў тийкарында оқыўға киргенлерге тәлим кредити берилмейди

Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарары 1-қосымшасына өзгерислер киргизилди.

Оған бола, енди «Билимлендириў шөлкемлеринде оқыў мақсетинде еселенген төлемли-контрактты ҳәм еселенген төлемли-контракттың минимал муғдарына тең болған бир мәртелик басқа төлемлерди ҳәм мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилген абитуриент ҳәм студентлердиң төлемли-контракт төлемлерин әмелге асырыў ушын тәлим кредити ажыратылыўына жол қойылмайды».

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамптың ҳаялы ҳаққында фильм сүўретке алынады

Премъера 2025-жылдың екинши ярымына режелестирилген.

Amazon студиясы Дональд Трамптың ҳаялы Мелания ҳаққында ҳүжжетли фильм шығарады. Бул ҳаққында AP News хабар берди.

Баспаның жазыўынша, картина ҳәм кинотеатрларда, ҳәм стриминг сервисларында қойылады. Сүўретке алыў жумыслары 2024-жыл декабрь айында басланған, премъерасы болса 2025-жылдың екинши ярымында қойылады. Фильмге Бретт Ратнер режиссёрлық етип атыр.

Мелания Трамп 54 жаста, ол фотомодель, қол саатлары ҳәм зергерлик буйымлары дизайнери. Ол 2005-жылда Дональд Трамп пенен турмыс қурған, 2017-жылдың январынан 2021-жылдың январына шекем АҚШтың биринши ханымы болған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ким Чен Ин Арқа Кореяда ҳот-догты қадаған етти

Арқа Корея басшысы Ким Чен Ин мәмлекетте ҳот-дог жеўди қадаған етти ҳәм ажырасқан ерли-зайыплыларды жазалаўды буйырды. Бул ҳаққында «DailyMail» хабар берди.

Келтирилиўинше, бул тағамды жеў мәмлекетке қыянет пенен теңлестириледи, себеби ҳот-дог «батысқа тән» тағам есапланады. Ҳот-дог таярлаўда қолға түскенлер алты ай даўамында мийнет лагерлерине жибериледи.

Сондай-ақ, баспаның жазыўынша, Ким Чен Ин ажырасып атырған жуплықларды да өз айыпларын жуўыўы ушын мийнет лагерлерине жибериўди буйырған.

Өткен жылға шекем тек ажырасыў ушын биринши болып арза берген шахс мийнет лагерлерине жиберилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ўақтында «кадастр» қылдырмағанлығы ушын жәриймалар кемейтилмекте

Халықтың көп санлы усыныс ҳәм наразылықларын инабатқа алып, пуқаралар тәрепинен турақ жайларға болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өз ўақтында  мүрәжат етпегенлиги себепли белгиленген жәрийма муғдары  кемейтилмекте. (Қаншаға екенлиги белгисиз)

Мағлыўмат ушын: ҲЖҳКның 68-1-статьясында Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын органға жер участкасына, имаратқа болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпеў – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есеси, лаўазымлы шахсларға он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма жазасы белгиленген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Японияда жер силкиниўи жүз берди

Бүгин, 7-январь күни Японияда 6,0 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди. Бул ҳаққында мәмлекеттиң метрология агентлиги хабар берди, деп жазады Qalampir.uz.

Басқарманың мағлыўматларына бола, жер силкиниўи эпицентри Тыныш океанындағы алыс Тори атаўларының аймағында болған. Жер силкиниў ошағы 420 км тереңликте жайласқан.

Жергиликли ҳәкимият жер силкиниўи ақыбетинде жүз берген ўайраншылықлар ҳәм қайтыс болғанлар ҳаққында мағлыўмат бермеген. Сондай-ақ, цунами қәўипи де жәрияланбаған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Орайлық банк бир пуқараға ажыратылатуғын карталар санына шеклеў киргизди

Орайлық банк тәрепинен бир физикалық шахсқа эмиссия етилетуғын карталар санын бир банкте 5 ке шекем, барлық банклерде 20 ға шекем шеклеў бойынша ўақтынша тәртип ислеп шығылған, деп хабар береди Daryo.uz.

Бул тәртип 2025-жылдың 1-январынан күшке кирген. Ол усы жылдың 31-декабрына шекем әмел етеди.

Бул талап виртуал ҳәм кобейжинг карталарын да өз ишине алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
8-январь – Өзбекстан Республикасы прокуратура органлары хызметкерлери күни

Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў жолында мийнет етип атырған барлық хызметкерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлаймыз!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport Index сайтында жәрияланған мағлыўматларда келтирилген.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12776
1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады, деп хабар береди Gazeta.uz. Олардың қағаз нусқалары банклерде, нотариал мәкемелерде, аэропорт, вокзал сыяқлы тийисли ҳүжжетлерди сорайтуғын шөлкемлерде талап етилмейди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12777
Тайынлаў

Изентаева Гулбахар Жоллыбаевна – И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мəмлекетлик көркем өнер музейи директоры лаўазымына тайынланды.

Г.Изентаева  усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы баслығы лаўазымында ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Әжинияз Қосыбай улының шығармалары түркмен тилинде басылып шықты

Әжинияз шайырдың 200 жыллығы мүнәсибети менен шығармалары түркмен тилине аўдармаланып китап ҳалында басылып шықты. Онда шайырдың 70 тен аслам қосық ҳәм поэмалары орын алған. Китап Саят Авезқиличева тәрепинен аўдарма исленген.

«Ebedi şygyrlar» атамасындағы бул китаптың таярланыўында Қарақалпақстан түркмен миллий-мәдений орайы қәўендерлик еткен. Ол Хорезм ўәлаятында 100 экземпляр болып баспадан шықты.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12778
Экономика ҳәм қаржы министри тайынланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Экономика ҳәм қаржы министри лаўазымында Ерлепесов Нуруллан Умирзакович өз жумысын баслады, деп хабар береди ҚР Министрлер Кеңеси.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң екинши сессиясында Қарақалпақстан Руспубликасы Министрлер Кеңеси Баслығының қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартырыў мәселелери бойынша биринши орынбасары экономика ҳәм қаржы министри лаўазымына Ерлепесов Нуруллан Умирзакович тайынланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Facebook ҳәм Instagram фактчекингди бийкар етежақ

Meta Platforms Inc басшысы Марк Цукерберг Facebook, Instagram ҳәм Threads социаллық тармақларында цензура бар екенлигин тән алды ҳәм контент модерациясы кескин ҳәлсирегенин жәриялады. Бул ҳаққында 7-январь күни социаллық тармақларында жәриялаған видеомүрәжатында мәлим етти, деп жазады Qalampir.uz.

Ҳәзир Meta топарының социаллық тармақларында фактчекинг системасы ислейди. Facebook веб-сайтына бола, буны «ғәрезсиз халықаралық фактчекинг тармағы яки Европа фактчекинг тармағы тәрепинен сертификатланған үшинши тәреп фактчекинг шөлкемлери» әмелге асырады.

Енди Цукерберг бул системаның бийкар етилиўин дағазалады, себеби ол цензураға өтип кеткен. Буның орнына Илон Масктиң X социаллық тармағында әллеқашан әмелде болған Community Notes системасын енгизбекте. Ол жерде пайдаланыўшылардың өзлери қабыл етиўге болмайтуғын қурамлар ҳәм қәтелер ҳаққында шағым етеди. Цукерберг жаңа система «Х сыяқлы» болыўын анық айтты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
❗️Өзбекстанда материаллары тарқатылыўы қадаған етилген бетлердиң дизими жәрияланды

Жоқары суд интернетте диний экстремистлик, террористлик ҳәм догматизм идеялары менен суўғарылған деп табылған ҳәм Өзбекстан аймағына алып кириў, таярлаў, сақлаў, тарқатыў ҳәм қойылыўы қадаған етилген дерек ҳәм контентлердиң жаңаланған дизимин жәриялады.

Бул дизимге 1400 ге жақын веб-сайтлар, социаллық тармақлардағы аудио, видео ҳәм текст форматындағы материаллар, бет ҳәм каналлар киргизилген. Олар Telegram'да 713, Instagram'да 226, Facebook'та 203, TikTok'та 203, YouTube'да 135, OK.ru'да 35 ти қурайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube