KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Дүньядағы ең кексе ҳаял қайтыс болды

Дүньядағы ең кексе адам сыпатында танылған япониялы Томико Итоока 116 жасында қайтыс болды, деп хабар береди Qalampir.uz.

Ҳаял император Мэйдзи дәўиринде 1908-жылы 23-майда Осакада туўылған. Жаслығында орта мектептиң волейбол командасының ағзасы болған. Ол 1979-жылда бийикликке көтерилиў ҳәм пияда жүриў менен шуғылланған.

Ҳёго префектурасы ҳәкимиятына бола, Итоока медицина орайында дүньядан өткен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Оқытыўшылардың методикалық күнлери «Кәсиплик раўажланыў күнлери» сыпатында енгизиледи

2025-жыл 1-январьдан баслап барлық улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде «Кәсиплик раўажланыў сааты», таяныш мектеплерде болса «Кәсиплик раўажланыў күни» енгизиледи.

Буның ушын тәжирийбели оқытыўшылар арасынан пәнлер кесиминде ментор-оқытыўшылар тайынланып, оларға 20% муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

– 1-январьдан нызамшылықта нелер өзгереди?

– Цирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыўға руқсат етилмейди;

– Дем алыс кимлерге қашан тамамланады?

– 2025-жылда туўылатуғын балалар Бета әулад деп аталады;

– Өзбекстанда электромобильлерди қуўатландырыў ушын күндиз қымбат, кеште арзан тарифлер енгизилиўи мүмкин;

– 60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды;

– Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлериниң ашық-айдынлығын аралықтан мониторинг етиў тәртиби тастыйықланды

Ҳүкимет қарары менен «Мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етилиўин аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳаққында»ғы нызам тастыйықланды.

Нызам төмендегилерди нәзерде тутады:

Аралықтан мониторинг етиў тийкарлары;
Аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳәм мүддетлери;
Аралықтан мониторинг етиў нәтийжелерин рәсмийлестириў ҳәм көрип шығыў;
Аралықтан мониторинг етиў жуўмағы тийкарында анықланған жағдайлар бойынша илажларды әмелге асырыў.

Мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў саласындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етилиўи Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен аралықтан мониторинг етиледи.

Бул ҳаққында Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги алдыннан хабар бермейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда Covid-19'ға уқсаған вирус тарқалды

Қытайлы шыпакерлер мәмлекетте инсан метапневмовирусы (hMPV) тарқалғанлығын айтты.

Изертлеўге бола, кеселлениўдиң өсиўи 14 жас ҳәм оннан киши жастағы балалар арасында, көбирек арқа аймақларда ушырап атыр. Британияның «Daily Star» газетасы хабарына бола, вирус COVID-19'ға уқсас белгилерди келтирип шығарған. Социаллық тармақлардағы хабарларға таянып газета Қытай емлеўханалары жоқары температура, жөтел ҳәм тамақ аўырыўы менен аўырған балаларға  толы екенлигин мәлим етти. Соңғы бир неше күн ишинде бундай наўқаслардың саны кескин көбейген.

Ҳәзирги ўақытта hMPVны емлеў ушын вакцина яки вирусқа қарсы дәри жоқ.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ДСМ: Метапневмовирус жаңа кеселлик емес

Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул вирус бойынша мағлыўмат берди. Оған бола, метапневмовирус алдыннан мәлим инфекция болып, биринши мәрте 2001-жылы анықланған.

Метанпевмовирусының гүз-қыс мәўсиминде белсендилесиўи бақланады. Бул инфекция әдетте мурын ағыўы, жөтел ҳәм температура белгилери менен, өткир респиратор вируслы инфекциялар сыяқлы пайда болады. Айырым жағдайларда бронхиолит ҳәм пневмонияны келтирип шығарады.

Кеселликти емлеў ушын үй шәраятында наўқастың жағдайын жақсылаўға қаратылған емлеў усыллары қолланылады. Аўыр жайдарларда кислородлы терапия ямаса емлеўханаға жатқарыў талап етилиўи мүмкин.

Өзбекстанда да ҳәзирги ўақытта өткир респиратор инфекцияларының мәўсимлик көтерилиўи бақланбақта. Олардың лаборатория тексериўлери турақлы әмелге асырылып атыр. Бундай тексериўлердиң 39,9%инде грипп, 32,2%инде риновирус, 30,6%инде  респиратор-синцитиал вирус ҳәм 1,2%инде метапневмовирус анықланған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

2025-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан поезд билетлери баҳалары қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темиржоллары» акционерлик жәмийети хабар берди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12773
Нөкистеги қалың думан себепли аэропортлар ўақтынша жумысын тоқтатты

Нөкис ҳәм Ургенч аэропортларында қолайсыз ҳаўа райы себепли самолётларды қабыллаўда ўақтынша шеклеўлер қойылды.

Ташкент – Нөкис жөнелиси бойынша HY-11 рейси Нөкистеги думан себепли кешиктирилген.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12775
Кеўил билдириў

Қарақалпақстан халық художниги, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлығының лауреаты Барлықбай Айтмуратов дүньядан өтти. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы хабар берди. Усы мүнәсибет пенен художниктиң шаңарағына терең қайғырыў менен кеўил билдиремиз.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ең үлкен алтын резервине ийе мәмлекетлердиң дизими жәрияланды

Дүньяда ең көп алтын резерви бар болған мәмлекетлердиң дизими ислеп шығылды, деп хабар береди Darakchi.uz.

2024-жыл жағдайына бола, 1-орынды АҚШ ийелеген (8133 тонна). Оннан кейинги 3 орында Германия (3352 тонна), Италия (2452 тонна) ҳәм Франция (2437 тонна) турыпты.

Дүньядағы ең үлкен аймақларға ийе Россия (2336 тонна) ҳәм Қытай (2264 тонна) 5-6-орынларды ийелеген.

Орайлық Азияда болса Өзбекстан (374 тонна) алтын резерви бойыша алдында. Оннан кейинги орында турған Қазақстанның 296 тонна резерв алтыны бар.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ертең ҳаўа-райы қандай болады?

Өзгидрометтиң мәлим етиўинше, 7-январь күни Республикамызда ҳаўа бираз булытлы болады, кешке қарай жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин. Қубладан самал 3-8 м/с тезликте еседи, 10-12 м/с ға шекем күшейиўи мүмкин. Температура түнде 1-3° суўық, күндиз 6-8° жыллы болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шавкат Мирзиёев қысқа мүддетли мийнет дем алысына шықты

Президент Шавкат Мирзиёев 2025-жыл 6-январьдан қысқа мүддетли мийнет дем алысына шықты. Бул ҳаққында Президент баспасөз хызмети хабар берди.

Мәмлекет басшысы ақырғы мәрте 2024-жыл 26-июльден 5-августқа шекем қысқа мүддетли мийнет дем алысында болған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Магистратураға қосымша қабыллаў тийкарында оқыўға киргенлерге тәлим кредити берилмейди

Министрлер Кабинетиниң 2021-жыл 18-августтағы 527-санлы қарары 1-қосымшасына өзгерислер киргизилди.

Оған бола, енди «Билимлендириў шөлкемлеринде оқыў мақсетинде еселенген төлемли-контрактты ҳәм еселенген төлемли-контракттың минимал муғдарына тең болған бир мәртелик басқа төлемлерди ҳәм мәмлекетлик жоқары оқыў орынларының магистратурасына қосымша қабыллаў параметрлери тийкарында оқыўға қабыл етилген абитуриент ҳәм студентлердиң төлемли-контракт төлемлерин әмелге асырыў ушын тәлим кредити ажыратылыўына жол қойылмайды».

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Трамптың ҳаялы ҳаққында фильм сүўретке алынады

Премъера 2025-жылдың екинши ярымына режелестирилген.

Amazon студиясы Дональд Трамптың ҳаялы Мелания ҳаққында ҳүжжетли фильм шығарады. Бул ҳаққында AP News хабар берди.

Баспаның жазыўынша, картина ҳәм кинотеатрларда, ҳәм стриминг сервисларында қойылады. Сүўретке алыў жумыслары 2024-жыл декабрь айында басланған, премъерасы болса 2025-жылдың екинши ярымында қойылады. Фильмге Бретт Ратнер режиссёрлық етип атыр.

Мелания Трамп 54 жаста, ол фотомодель, қол саатлары ҳәм зергерлик буйымлары дизайнери. Ол 2005-жылда Дональд Трамп пенен турмыс қурған, 2017-жылдың январынан 2021-жылдың январына шекем АҚШтың биринши ханымы болған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ким Чен Ин Арқа Кореяда ҳот-догты қадаған етти

Арқа Корея басшысы Ким Чен Ин мәмлекетте ҳот-дог жеўди қадаған етти ҳәм ажырасқан ерли-зайыплыларды жазалаўды буйырды. Бул ҳаққында «DailyMail» хабар берди.

Келтирилиўинше, бул тағамды жеў мәмлекетке қыянет пенен теңлестириледи, себеби ҳот-дог «батысқа тән» тағам есапланады. Ҳот-дог таярлаўда қолға түскенлер алты ай даўамында мийнет лагерлерине жибериледи.

Сондай-ақ, баспаның жазыўынша, Ким Чен Ин ажырасып атырған жуплықларды да өз айыпларын жуўыўы ушын мийнет лагерлерине жибериўди буйырған.

Өткен жылға шекем тек ажырасыў ушын биринши болып арза берген шахс мийнет лагерлерине жиберилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ўақтында «кадастр» қылдырмағанлығы ушын жәриймалар кемейтилмекте

Халықтың көп санлы усыныс ҳәм наразылықларын инабатқа алып, пуқаралар тәрепинен турақ жайларға болған ҳуқықларын мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өз ўақтында  мүрәжат етпегенлиги себепли белгиленген жәрийма муғдары  кемейтилмекте. (Қаншаға екенлиги белгисиз)

Мағлыўмат ушын: ҲЖҳКның 68-1-статьясында Көшпес мүлкке болған ҳуқықларды мәмлекетлик дизимнен өткериўди әмелге асыратуғын органға жер участкасына, имаратқа болған ҳуқықты мәмлекетлик дизимнен өткериў ушын өз ўақтында мүрәжат етпеў – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының он есеси, лаўазымлы шахсларға он бес есесине шекемги муғдарда жәрийма жазасы белгиленген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Японияда жер силкиниўи жүз берди

Бүгин, 7-январь күни Японияда 6,0 магнитудалы жер силкиниўи жүз берди. Бул ҳаққында мәмлекеттиң метрология агентлиги хабар берди, деп жазады Qalampir.uz.

Басқарманың мағлыўматларына бола, жер силкиниўи эпицентри Тыныш океанындағы алыс Тори атаўларының аймағында болған. Жер силкиниў ошағы 420 км тереңликте жайласқан.

Жергиликли ҳәкимият жер силкиниўи ақыбетинде жүз берген ўайраншылықлар ҳәм қайтыс болғанлар ҳаққында мағлыўмат бермеген. Сондай-ақ, цунами қәўипи де жәрияланбаған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Орайлық банк бир пуқараға ажыратылатуғын карталар санына шеклеў киргизди

Орайлық банк тәрепинен бир физикалық шахсқа эмиссия етилетуғын карталар санын бир банкте 5 ке шекем, барлық банклерде 20 ға шекем шеклеў бойынша ўақтынша тәртип ислеп шығылған, деп хабар береди Daryo.uz.

Бул тәртип 2025-жылдың 1-январынан күшке кирген. Ол усы жылдың 31-декабрына шекем әмел етеди.

Бул талап виртуал ҳәм кобейжинг карталарын да өз ишине алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
8-январь – Өзбекстан Республикасы прокуратура органлары хызметкерлери күни

Нызам үстинлигин тәмийинлеў ҳәм инсан ҳуқықларын қорғаў жолында мийнет етип атырған барлық хызметкерлерди кәсиплик байрамы менен қутлықлаймыз!

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлары рейтингинде көтерилди

Өзбекстан дүньяның ең күшли паспортлар рейтингинде 68-орынды ийеледи, деп хабар береди Daryo.uz. Бул ҳаққында Passport Index сайтында жәрияланған мағлыўматларда келтирилген.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12776
1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң электрон формасы рәсмий түрде тән алынады

1-июльден шахсты тастыйықлаўшы ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң my.gov.uz дағы электрон формасы рәсмий түрде тән алынады, деп хабар береди Gazeta.uz. Олардың қағаз нусқалары банклерде, нотариал мәкемелерде, аэропорт, вокзал сыяқлы тийисли ҳүжжетлерди сорайтуғын шөлкемлерде талап етилмейди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12777