KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Karinform.uz жәмәәти жаңа жыл менен қутлықлайды!

Кирип киятырған 2025-жыл ҳәммеге бахыт, әўмет ҳәм денсаўлық алып келсин. Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, ырысқы-несийбемиз мол болсын! Биз бенен болғаныңыз ушын рахмет! Келеси жылы да әҳмийетли ҳәм қызықлы жаңалықларды оператив түрде берип барыўға ҳәрекет етемиз.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-январьдан нызамшылықта нелер өзгереди?

Айырым билимлендириў шөлкемлери коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи;

Букмекерлик хызметин әмелге асырыўға руқсат етиледи;

Басым ҳәм зорлықты әмелге асырыўға бейим болған шахслардың реестри жүргизиледи;

Халықтың жалғыз электрон реестри енгизиледи;

subsidiya.mf.uz платформасында исбилерменлерге берилетуғын қоллап-қуўатлаўлардың реестри жүргизиледи;

Жынаят ислери бойынша район, қала судларында тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи;

Халық ҳәм мәмлекет хызметкерлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлери арттырылады;

Нәгиранлығы болған шахсларға қолайлы ҳәм тосықларсыз орталық жаратылады;

Пуқаралар қабыллаўы ҳәм қабыллаўларды өткериўде мәжбүрий түрде сурдо аўдармашының қатнасыўы тәмийинленеди;

Ғалаба аўқатланыў кәрханаларына пайда салығының ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Айырым жер участкалары бойынша салық ставкасы 50%ке кемейтиледи;

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң фонды есабынан бақшалардың басшы ҳәм педагоглары хошаметленеди;

Бақшаларда инклюзив билимлендириў топарлары ашылады;

«Ишга марҳамат» моноорайларында жумыс бериўшилердиң талабына тийкарланып курслар шөлкемлестириледи;

Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға үй-жай шәраятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Цирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыўға руқсат етилмейди

Министрлер Кеңесиниң «Жабайы ҳайўанларды сақлаў тәртибин жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары менен физикалық шахслар тәрепинен ярым еркин шәраятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында яки тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың дизими де тастыйықланған.

Дизимге жолбарыс, арыслан, гепард, ягуар ҳәм олардың барлық генже түрлери, горилла, шимпанзе, ири буўма жыланлар топарына киретуғын барлық түрлер, атлардың барлық түрлери (қолға үйретилгенлеринен басқа) киргизилди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Россияда полиция мигрантлар жасап атырған үйлерге ҳешқандай руқсатсыз кириўи мүмкин

Россияда полиция хызметкерлери мигрантлар жасайтуғын үй-жай ҳәм басқа имаратларға тосықсыз кириў ҳуқықына ийе болады.

Тийисли нормалар усы жылдың 5-мартынан күшке киретуғын нызамда беккемленген.

Сондай-ақ, полиция Россия Федерациясының мәмлекетлик органлары ҳәм сырт еллердиң ҳәкимият органларынан мәмлекет бақлаўын әмелге асырыў ушын зәрүр болған, яғный, коммерция, банк, салық ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа сырларды қурайтуғын мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди сораўы мүмкин.

Буннан мақсет шет ел пуқараларының есап бетлериндеги пулларының ҳәрекети ҳаққындағы мағлыўматларды қолға киргизиў, дейди Daryo.uz.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы дем алысқа шығады

Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың басшылары мийнет дем алысына шығады. Бул ҳаққында «Daryo.uz» дереги хабар берди.

Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығы ҳәм ҳәкимлер 2025-жылдың 3-январь күнинен баслап рәсмий түрде дем алыста болады.

Өзбекстанлы ҳәмелдарлардың мийнет дем алысы әдетте 10 күн даўам ететуғын еди. 2021-жылдың 17-январь күни Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығы, Ташкент қаласы ҳәм 6 ўәлаят ҳәкими 10 күнлик мүддетке мийнет дем алысына шыққан.

Усы жылдың 28-январь күни болса және жети ўәлаят басшысы басшылығындағы 959 ҳәмелдар –аймақлардағы екинши, үшинши, төртинши сектор басшылары мийнет дем алысына шығады ҳәм денсаулығын тиклеп қайтады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дем алыс кимлерге қашан тамамланады?

Еслетип өтемиз, дем алыс күни бүгин тамамланып, ертеңнен жумыс күни басланады.

ЖОО студентлери ҳәм колледж, лицей, техникум оқыўшыларына 7-январьда дем алыс тамамланып, 8-январьдан оқыў күни басланады.

Мектеп оқыўшыларына болса 12-январь күнине шекем дем алыс, 13-январьдан оқыў басланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады

2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12768

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳәпте соңында ҳаўа райы қандай болады?

Қарақалпақстан Республикасында 4-6-январь күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди, деп хабар береди Өзгидромет. Айырым орынларда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12769

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Европада газдиң баҳасы рекорд дәрежеде қымбатлады

Европадағы саўдаларда газ баҳасы 2-январь күни мегаватт/саат ушын 50,3 евроға шекем (шама менен 1 мың куб метр ушын 526 евро) көтерилди. Bloomberg хабарына бола, бул көрсеткиш 2023-жыл октябрьден берли газ баҳасының ең жоқары дәрежеси болған.

Толық оқыў ушын 👉https://karinform.uz/kk/article/12770

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстанда электромобильлерди қуўатландырыў ушын күндиз қымбат, кеште арзан тарифлер енгизилиўи мүмкин

Тутыныў муғдары көп болатуғын азанғы саат 06:00 ден 10:00 ге шекем ҳәм кешки саат 17:00 ден 22:00 ге шекемги болған ўақыт даўамында электромобильлерди қуўатландырыў ушын арттырылған тариф, түнги ўақытта болса 50%ке шекем арзанластырылған тарифти қоллаў жобаластырылған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды

Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде өсимлик майы, сары май, мәйек, банан, цитрус мийўелер, ун, йогурт, айырым түрдеги кондитер өнимлери, сондай-ақ, айырым гигиеналық товарлар импорты ушын бажыхана бажының ноль ставкасы 2026-жыл 1-январьға шекем узайтылды.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12771

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қазақстанда қолайсыз ҳаўа-райы себепли 40 тан аслам машина бир-бирине урылған

Жолдың музлаўы ҳәм күшли боран транспорт басқарыўшылары ушын қолайсызлық туўдырған ҳәм ири ЖТҲ жүз берген. Ақыбетинде трассада бир тәреплеме ҳәрекет толық тоқтап қалған, деп жазады Burgutuzb.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады

Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер бес адамды пышақлады. Бул ҳаққында Qalampir.uz сораўына тийкарланып Бас прокуратура баспасөз хаткери Ҳаёт Шамсутдинов мәлим еткен.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12772

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дүньядағы ең кексе ҳаял қайтыс болды

Дүньядағы ең кексе адам сыпатында танылған япониялы Томико Итоока 116 жасында қайтыс болды, деп хабар береди Qalampir.uz.

Ҳаял император Мэйдзи дәўиринде 1908-жылы 23-майда Осакада туўылған. Жаслығында орта мектептиң волейбол командасының ағзасы болған. Ол 1979-жылда бийикликке көтерилиў ҳәм пияда жүриў менен шуғылланған.

Ҳёго префектурасы ҳәкимиятына бола, Итоока медицина орайында дүньядан өткен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Оқытыўшылардың методикалық күнлери «Кәсиплик раўажланыў күнлери» сыпатында енгизиледи

2025-жыл 1-январьдан баслап барлық улыўма орта билим бериў шөлкемлеринде «Кәсиплик раўажланыў сааты», таяныш мектеплерде болса «Кәсиплик раўажланыў күни» енгизиледи.

Буның ушын тәжирийбели оқытыўшылар арасынан пәнлер кесиминде ментор-оқытыўшылар тайынланып, оларға 20% муғдарында қосымша ҳәр айлық үстеме ҳақы төленеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

– 1-январьдан нызамшылықта нелер өзгереди?

– Цирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыўға руқсат етилмейди;

– Дем алыс кимлерге қашан тамамланады?

– 2025-жылда туўылатуғын балалар Бета әулад деп аталады;

– Өзбекстанда электромобильлерди қуўатландырыў ушын күндиз қымбат, кеште арзан тарифлер енгизилиўи мүмкин;

– 60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды;

– Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлериниң ашық-айдынлығын аралықтан мониторинг етиў тәртиби тастыйықланды

Ҳүкимет қарары менен «Мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлериниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў тараўындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етилиўин аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳаққында»ғы нызам тастыйықланды.

Нызам төмендегилерди нәзерде тутады:

Аралықтан мониторинг етиў тийкарлары;
Аралықтан мониторинг етиў тәртиби ҳәм мүддетлери;
Аралықтан мониторинг етиў нәтийжелерин рәсмийлестириў ҳәм көрип шығыў;
Аралықтан мониторинг етиў жуўмағы тийкарында анықланған жағдайлар бойынша илажларды әмелге асырыў.

Мәмлекет органлары ҳәм шөлкемлердиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў саласындағы норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерде белгиленген миннетлемелерге әмел етилиўи Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги тәрепинен аралықтан мониторинг етиледи.

Бул ҳаққында Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги алдыннан хабар бермейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда Covid-19'ға уқсаған вирус тарқалды

Қытайлы шыпакерлер мәмлекетте инсан метапневмовирусы (hMPV) тарқалғанлығын айтты.

Изертлеўге бола, кеселлениўдиң өсиўи 14 жас ҳәм оннан киши жастағы балалар арасында, көбирек арқа аймақларда ушырап атыр. Британияның «Daily Star» газетасы хабарына бола, вирус COVID-19'ға уқсас белгилерди келтирип шығарған. Социаллық тармақлардағы хабарларға таянып газета Қытай емлеўханалары жоқары температура, жөтел ҳәм тамақ аўырыўы менен аўырған балаларға  толы екенлигин мәлим етти. Соңғы бир неше күн ишинде бундай наўқаслардың саны кескин көбейген.

Ҳәзирги ўақытта hMPVны емлеў ушын вакцина яки вирусқа қарсы дәри жоқ.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ДСМ: Метапневмовирус жаңа кеселлик емес

Денсаўлықты сақлаў министрлиги бул вирус бойынша мағлыўмат берди. Оған бола, метапневмовирус алдыннан мәлим инфекция болып, биринши мәрте 2001-жылы анықланған.

Метанпевмовирусының гүз-қыс мәўсиминде белсендилесиўи бақланады. Бул инфекция әдетте мурын ағыўы, жөтел ҳәм температура белгилери менен, өткир респиратор вируслы инфекциялар сыяқлы пайда болады. Айырым жағдайларда бронхиолит ҳәм пневмонияны келтирип шығарады.

Кеселликти емлеў ушын үй шәраятында наўқастың жағдайын жақсылаўға қаратылған емлеў усыллары қолланылады. Аўыр жайдарларда кислородлы терапия ямаса емлеўханаға жатқарыў талап етилиўи мүмкин.

Өзбекстанда да ҳәзирги ўақытта өткир респиратор инфекцияларының мәўсимлик көтерилиўи бақланбақта. Олардың лаборатория тексериўлери турақлы әмелге асырылып атыр. Бундай тексериўлердиң 39,9%инде грипп, 32,2%инде риновирус, 30,6%инде  респиратор-синцитиал вирус ҳәм 1,2%инде метапневмовирус анықланған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
1-февральдан баслап поезд билетлери баҳалары қымбатлайды

2025-жылдың 1-февраль сәнесинен баслап Өзбекстан поезд билетлери баҳалары қымбатлайды. Бул ҳаққында «Өзбекстан темиржоллары» акционерлик жәмийети хабар берди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12773