#Тайынлаў
Елликқала районы медицина бирлеспеси баслығы тайынланды
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкарланып,
Дурдиев Хамдам Базарович
Елликқала районы медицина бирлеспеси баслығы лаўазымына тайынланды, деп хабар береди ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети.
Усы кунге шекем ол усы лаўазымда ўақытша атқарыўшы болып жумыс ислеген.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қубла Кореяда жолаўшы самолёты апатқа ушырады
Қубла Кореяда Банкоктан ушып келген Boeing 737 самолётының шассасы ашылмай қалған ҳәм қоныў жолынан шығып, тосыққа урылып жанып кеткен.
Самолёт бортында 175 жолаўшы ҳәм 6 экипаж ағзасы болған.
Мағлыўматларға бола, 179 адам дүньядан өткен.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қубла Кореяда Банкоктан ушып келген Boeing 737 самолётының шассасы ашылмай қалған ҳәм қоныў жолынан шығып, тосыққа урылып жанып кеткен.
Самолёт бортында 175 жолаўшы ҳәм 6 экипаж ағзасы болған.
Мағлыўматларға бола, 179 адам дүньядан өткен.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести
Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:
– ChatGPT'да енди видео қоңыраўлар бар;
– Айырым исбилерменлерге коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи;
– Район ҳәм қалалардың ҳәкимликлерине қосымша ҳәкимшилик ўәкилликлер бериледи;
– Ҳиндстан ғәрезсизлигиниң 100 жыллығы мүнәсибети менен Айға космонавт жибереди;
– 1-январьдан балалар бақшасы ушын төлем арттырылады;
– Енди робот пенен адамды парықлай алмайсыз;
– Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы шөлкемлестириледи;
– Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

АҚШтың 39-президенти Жимми Картер 100 жасында қайтыс болды
Ол усындай жасқа шекем өмир сүрген АҚШтың жалғыз ески президенти еди, деп хабар береди Kun.uz.
Сиясатшы Ветнам урысынан «қашқанлар» ушын амнистия жәриялағаны, Израйыл ҳәм Мыср ортасындағы Кэмп-Дэвид келисимлерин дүзиў процессинде қатнасқаны, сондай-ақ, СССР менен стратегиялық қуралларды шеклеў ҳаққындағы шәртнама имзалағаны менен белгили.
Картер 2002-жылы «Дүньядағы тартысларды тыныш жол менен шешиўге қаратылған ис-ҳәрекетлери ушын» тынышлық Нобель сыйлығын алған еди.

Жаңа жыл байрамы!
Бүгин 30-декабрь күни Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы жанында ҳар қашанғыдан да өзгеше "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтеди.
Концерт бағдарламасы 19:00 де басланады.
Онда Мақсет Өтемуратов, Алишер Алламбергенов, Жаноб Расул, Ҳамдам Собиров, Байрам Пердебаев, Гүлнара Мүнтеева, Сарбиназ Аннақулова, Гүлназ Утепова, Бахадыр Разымбетов, Саламат Қәллибеков, Арысланбек Асқаров, Қуўат Аметов, Алишер Байныязов, Илхам Жолдасбаев, Раджиб Атажанов сыяқлы елимиз сүйген қосықшылар ҳәм жас талант ийелери хызметиңизде болады, деп хабарлайды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети.

🎄Дүньядағы ең бийик Жаңа жыл шыршасы қай жерде орнатылған?
2024-жылда дүньядағы ең үлкен Жаңа жыл шыршасы Бразилияның Рио-де-Жанейро қаласында орнатылған, дейди Paradigma.uz.
Жүзетуғын платформада жайласқан бул жасалма шыршаның бийиклиги 85 метрди қурайды. 3 миллионнан аслам шырақ пенен безетилген бул шырша Гиннестиң рекордлар китабына дүньядағы ең үлкен жүзетуғын Жаңа жыл шыршасы сыпатында киргизилди.
Өзбекстанда болса бас шырша Ташкент қаласында Алишер Наўайы атындағы Өзбекстан Миллий китапханасы алдындағы майданда жайласқан.
Оның бийиклиги 33 метр, жулдыз бенен бирге 35 метрге жетеди. Шырша 33 мың ойыншық ҳәм улыўма узынлығы 14 мың метр болған 3500 шырақ пенен безетилген.

Оливье салатының тарийхы туўралы билесиз бе?
Жаңа жыл дастурханын оливье салатысыз көз алдымызға келтириў қыйын. Өзи бул салат ең биринши ким тәрепинен таярланған?
Оливье салаты 1860-жылларда Москваның «Ермитаз» ресторанында француз аспазы Люсйен Оливйе тәрепинен жаратылған. Оның қурамында үйрек гөши, қысқышбақалар, майонез, картошка ҳәм түрли палыз өнимлери болған.
Кейин ала салат қурамы әпиўайыластырылып, ески Аўқам дәўиринде таўық гөши, мәйек ҳәм ноқат пенен таярланған. Бүгинги күнде оливье Жаңа жыл дастурханының белигисине айланды.

Karinform.uz жәмәәти жаңа жыл менен қутлықлайды!
Кирип киятырған 2025-жыл ҳәммеге бахыт, әўмет ҳәм денсаўлық алып келсин. Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, ырысқы-несийбемиз мол болсын! Биз бенен болғаныңыз ушын рахмет! Келеси жылы да әҳмийетли ҳәм қызықлы жаңалықларды оператив түрде берип барыўға ҳәрекет етемиз.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кирип киятырған 2025-жыл ҳәммеге бахыт, әўмет ҳәм денсаўлық алып келсин. Елимиз тыныш, аспанымыз ашық, ырысқы-несийбемиз мол болсын! Биз бенен болғаныңыз ушын рахмет! Келеси жылы да әҳмийетли ҳәм қызықлы жаңалықларды оператив түрде берип барыўға ҳәрекет етемиз.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
❓1-январьдан нызамшылықта нелер өзгереди?
➖ Айырым билимлендириў шөлкемлери коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи;
➖ Букмекерлик хызметин әмелге асырыўға руқсат етиледи;
➖ Басым ҳәм зорлықты әмелге асырыўға бейим болған шахслардың реестри жүргизиледи;
➖ Халықтың жалғыз электрон реестри енгизиледи;
➖ subsidiya.mf.uz платформасында исбилерменлерге берилетуғын қоллап-қуўатлаўлардың реестри жүргизиледи;
➖ Жынаят ислери бойынша район, қала судларында тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи;
➖ Халық ҳәм мәмлекет хызметкерлериниң коррупцияға қарсы гүресиў тараўындағы билимлери арттырылады;
➖ Нәгиранлығы болған шахсларға қолайлы ҳәм тосықларсыз орталық жаратылады;
➖ Пуқаралар қабыллаўы ҳәм қабыллаўларды өткериўде мәжбүрий түрде сурдо аўдармашының қатнасыўы тәмийинленеди;
➖Ғалаба аўқатланыў кәрханаларына пайда салығының ставкасы 50%ке кемейтиледи;
➖ Айырым жер участкалары бойынша салық ставкасы 50%ке кемейтиледи;
➖ Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниң фонды есабынан бақшалардың басшы ҳәм педагоглары хошаметленеди;
➖ Бақшаларда инклюзив билимлендириў топарлары ашылады;
➖ «Ишга марҳамат» моноорайларында жумыс бериўшилердиң талабына тийкарланып курслар шөлкемлестириледи;
➖ Жетим ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған жасларға үй-жай шәраятларын жақсылаў ушын социаллық жәрдем көрсетиледи.

Цирк тамашаларында жабайы ҳайўанлардан пайдаланыўға руқсат етилмейди
Министрлер Кеңесиниң «Жабайы ҳайўанларды сақлаў тәртибин жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарары менен физикалық шахслар тәрепинен ярым еркин шәраятларда, жасалма жаратылған жасаў орталығында яки тутқынлықта сақланыўы қадаған етилген жабайы ҳайўанлардың дизими де тастыйықланған.
Дизимге жолбарыс, арыслан, гепард, ягуар ҳәм олардың барлық генже түрлери, горилла, шимпанзе, ири буўма жыланлар топарына киретуғын барлық түрлер, атлардың барлық түрлери (қолға үйретилгенлеринен басқа) киргизилди.

Россияда полиция мигрантлар жасап атырған үйлерге ҳешқандай руқсатсыз кириўи мүмкин
Россияда полиция хызметкерлери мигрантлар жасайтуғын үй-жай ҳәм басқа имаратларға тосықсыз кириў ҳуқықына ийе болады.
Тийисли нормалар усы жылдың 5-мартынан күшке киретуғын нызамда беккемленген.
Сондай-ақ, полиция Россия Федерациясының мәмлекетлик органлары ҳәм сырт еллердиң ҳәкимият органларынан мәмлекет бақлаўын әмелге асырыў ушын зәрүр болған, яғный, коммерция, банк, салық ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа сырларды қурайтуғын мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлерди сораўы мүмкин.
Буннан мақсет шет ел пуқараларының есап бетлериндеги пулларының ҳәрекети ҳаққындағы мағлыўматларды қолға киргизиў, дейди Daryo.uz.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси баслығы дем алысқа шығады
Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығы, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардың басшылары мийнет дем алысына шығады. Бул ҳаққында «Daryo.uz» дереги хабар берди.
Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығы ҳәм ҳәкимлер 2025-жылдың 3-январь күнинен баслап рәсмий түрде дем алыста болады.
Өзбекстанлы ҳәмелдарлардың мийнет дем алысы әдетте 10 күн даўам ететуғын еди. 2021-жылдың 17-январь күни Қарақалпақстан Министрлер Кеңеси баслығы, Ташкент қаласы ҳәм 6 ўәлаят ҳәкими 10 күнлик мүддетке мийнет дем алысына шыққан.
Усы жылдың 28-январь күни болса және жети ўәлаят басшысы басшылығындағы 959 ҳәмелдар –аймақлардағы екинши, үшинши, төртинши сектор басшылары мийнет дем алысына шығады ҳәм денсаулығын тиклеп қайтады.

❓Дем алыс кимлерге қашан тамамланады?
Еслетип өтемиз, дем алыс күни бүгин тамамланып, ертеңнен жумыс күни басланады.
ЖОО студентлери ҳәм колледж, лицей, техникум оқыўшыларына 7-январьда дем алыс тамамланып, 8-январьдан оқыў күни басланады.
Мектеп оқыўшыларына болса 12-январь күнине шекем дем алыс, 13-январьдан оқыў басланады.

2025-жылда туўылатуғын балалар Бета аўлад деп аталады
2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12768
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
2025-2039-жыллар аралығында туўылған балалар Бета әўлад ўәкиллери сыпатында тән алынады.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12768
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳәпте соңында ҳаўа райы қандай болады?
Қарақалпақстан Республикасында 4-6-январь күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди, деп хабар береди Өзгидромет. Айырым орынларда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12769
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстан Республикасында 4-6-январь күнлери ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын болыўы күтилмейди, деп хабар береди Өзгидромет. Айырым орынларда думан түсиўи мүмкин. Самал шығыстан 7-12 м/с тезликте еседи.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12769
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Европада газдиң баҳасы рекорд дәрежеде қымбатлады
Европадағы саўдаларда газ баҳасы 2-январь күни мегаватт/саат ушын 50,3 евроға шекем (шама менен 1 мың куб метр ушын 526 евро) көтерилди. Bloomberg хабарына бола, бул көрсеткиш 2023-жыл октябрьден берли газ баҳасының ең жоқары дәрежеси болған.
Толық оқыў ушын 👉https://karinform.uz/kk/article/12770
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Европадағы саўдаларда газ баҳасы 2-январь күни мегаватт/саат ушын 50,3 евроға шекем (шама менен 1 мың куб метр ушын 526 евро) көтерилди. Bloomberg хабарына бола, бул көрсеткиш 2023-жыл октябрьден берли газ баҳасының ең жоқары дәрежеси болған.
Толық оқыў ушын 👉https://karinform.uz/kk/article/12770
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстанда электромобильлерди қуўатландырыў ушын күндиз қымбат, кеште арзан тарифлер енгизилиўи мүмкин
Тутыныў муғдары көп болатуғын азанғы саат 06:00 ден 10:00 ге шекем ҳәм кешки саат 17:00 ден 22:00 ге шекемги болған ўақыт даўамында электромобильлерди қуўатландырыў ушын арттырылған тариф, түнги ўақытта болса 50%ке шекем арзанластырылған тарифти қоллаў жобаластырылған.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тутыныў муғдары көп болатуғын азанғы саат 06:00 ден 10:00 ге шекем ҳәм кешки саат 17:00 ден 22:00 ге шекемги болған ўақыт даўамында электромобильлерди қуўатландырыў ушын арттырылған тариф, түнги ўақытта болса 50%ке шекем арзанластырылған тарифти қоллаў жобаластырылған.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
60 түрдеги өнимлер ушын бажысыз импорт режими және бир жылға узайтылды
Тутыныў базарларында баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў мақсетинде өсимлик майы, сары май, мәйек, банан, цитрус мийўелер, ун, йогурт, айырым түрдеги кондитер өнимлери, сондай-ақ, айырым гигиеналық товарлар импорты ушын бажыхана бажының ноль ставкасы 2026-жыл 1-январьға шекем узайтылды.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12771

Қазақстанда қолайсыз ҳаўа-райы себепли 40 тан аслам машина бир-бирине урылған
Жолдың музлаўы ҳәм күшли боран транспорт басқарыўшылары ушын қолайсызлық туўдырған ҳәм ири ЖТҲ жүз берген. Ақыбетинде трассада бир тәреплеме ҳәрекет толық тоқтап қалған, деп жазады Burgutuzb.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жолдың музлаўы ҳәм күшли боран транспорт басқарыўшылары ушын қолайсызлық туўдырған ҳәм ири ЖТҲ жүз берген. Ақыбетинде трассада бир тәреплеме ҳәрекет толық тоқтап қалған, деп жазады Burgutuzb.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанда АЖМ әскери 5 адамды пышақлады
Кеше, 3-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласында Айрықша жағдайлар министрлигинде хызмет өтеп атырған әпиўайы әскер бес адамды пышақлады. Бул ҳаққында Qalampir.uz сораўына тийкарланып Бас прокуратура баспасөз хаткери Ҳаёт Шамсутдинов мәлим еткен.
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12772