KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
ТАЙЫНЛАЎ

Шлымбетова Мухаббат Емжаровна - Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Мектепке шекемги билимлендириў мәселелери бойынша министр орынбасары лаўазымына тайынланды.

М.Шлымбетова усы күнге шекем бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда ислеп келген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️Қарақалпақстанлы жас мүддетинен алдын 189 баллға ийе болды

Ол 5 пәннен миллий сертификат алып, жоқары оқыў орнына кириў ушын максимал 189 баллды қолға киргизген.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейи 2-курс оқыўшысы Гүлзира Муратбаева химия, биология, Өзбекстан тарийхы, математика ҳәм қарақалпақ тили пәнлери бойынша миллий сертификатқа ийе болып, мүддетинен алдын жоқары оқыў орнына кириў ушын 189 балл топлады.

Мағлыўмат ушын, бундай нәтийже Қарақалпақстанда биринши мәрте болып атыр.

Гүлзира жоқары билимлендириўди Қарақалпақстан медицина институтында даўам еттириў нийети бар екенлигин билдирген.  

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Европа мәмлекетлери жоқ болып кетиў қәўпи астында» – Илон Маск

Европа мәмлекетлери, тийкарынан, Германия ҳәзир туўылыўдың төменлиги себепли жоқ болып кетиў алдында турыпты. Бундай пикирди SpaceX ҳәм Tesla тийкаршысы, америкалық миллиардер Илон Маск X социаллық тармағындағы бетинде жазып қалдырған.

«Олар (Германия ҳәм басқа Европа мәмлекетлери) жоқ болып кетиў қәўпи астында» – деди ол.

Маск алдынырақ адамзат үлкен демографиялық кризис қәўпине дус келип атырғаны, буның нәтийжесинде пүткил халықлар жоқ болып кетиўи мүмкин екенлиги ҳаққында ескерткен еди.

Маск Италия, Франция ҳәм Япония мәдениятлары да қәўип астында екенлигин айтты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Енди робот пенен адамды парықлай алмайсыз

Полшаның Clone стартабы денеси адамдикине уқсаған робот-хызметкерди жаратып атыр. Бул ҳаққында Ict.xabar.uz хабар берди.

Роботлар әллеқашан жасалма булшық етлер, ҳәрекетлениўши күш ҳәм синтетикалық тери менен қапланған денеге ийе. Стартапшылар жақын келешекте аяқлары болыўын ўәде етпекте.

Олар 2025-жылда-ақ Андроидларды үй жәрдемшисине айландырып, сатыўды баслайжақ, бирақ еле баҳасы жәрияланбаған.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Театрлардың 26-декабрь, пийшемби күнги репертуарлары менен танысың:

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры

Аты: «Саўға»
Ўақты: 17:00;

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры

Аты: «Сыйқырлы дән»
Ўақты: 10:00;

Қарақалпақ мәмлекетлик қуўыршақ театры

Аты: «Жаңа жыл тамашалары»
Ўақты: 15:00.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы шөлкемлестириледи

«Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясын шөлкемлестириўге байланыслы ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары (ПҚ-453-санлы, 24.12.2024) қабыл етилди.

Қарарға муўапық, төменлегилер шөлкемлестириледи:

Юридикалық шахс атына ийе болған Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы;

Академиялық қурамында илимий-изертлеў лабораториясы, оқыў-симуляция орайы ҳәм мийманхана.

Нөкис қаласында жайласқан мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес емлеў-профилактика мәкемелери Академияның клиникалық базасы есапланады.

Төмендегилер Академия хызметиниң тийкарғы бағдарлары етип белгиленди:

Медицина кадрларын қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў;

Диагноз қойыў ҳәм емлеўдиң жоқары технологиялы инновациялық усылларын әмелиятқа енгизиў;

Телемедицина технологияларынан кең пайдаланыў ушын шәраят жаратыў.

2025/2026-оқыў жылынан Академияда клиникалық ординатурада жоқары дәрежели кадрларды таярлаў жолға қойылады.

2025-жыл 1-октябрьден Академия хызмети толық иске түседи.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанлы жыл ҳаялы автомобиль менен сыйлықланды

Олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша Нөкис жоқары спорт шеберлиги мектеби тренер-оқытыўшысы Палванова Нигора Бекбергеновна «Жыл ҳаялы-2024» миллий таңлаўының жоқары сыйлығы ийеси болды ҳәм Президент саўғасы автомобиль менен сыйлықланды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанға 2024-жылда қанша телефон импорт етилген?

2024-жылдың январь-ноябрь айларында Өзбекстанға улыўма қуны 346,5 млн доллар болған 3,8 млн дана телефон импорт етилди, деп хабар береди статистика агентлиги.

Тәмийнат көлеми бойынша Қытай биринши орынды ийеледи.

Қытай – 3,1 млн дана;
Ветнам – 535,5 мың дана;
Ҳиндстан – 110,7 мың дана;
Гонконг – 43,2 мың дана;
Басқа мәмлекетлер – 5,1 мың дана.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Қәнигелердиң пикиринше, борттағы ең қәўипсиз жер самолёттың артқы тәрепиниң үштен бир бөлеги. АҚШ Пуқаралық Авиация басқармасының 35 жыллық мағлыўматларына бола, бул бөлектеги өлим қәўпи 32%ти қурайды. Салыстырыў ушын, ортанғы бөлегинде 38%ке, алдында болса 39%ке артады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12767


Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Арал теңизиниң жасалма жолдастан түсирилген көринислери

Жоқарыдағы сүўретлерде көлдиң әтирапы (қубла аймақларынан басқа) қар менен қапланған. Сондай-ақ, арқа Арал теңизиниң сырты музлап баслағанлығын көриў мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
#Тайынлаў

Елликқала районы медицина бирлеспеси баслығы тайынланды

Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң арнаўлы буйрығына тийкарланып,
Дурдиев Хамдам Базарович
Елликқала районы медицина бирлеспеси баслығы лаўазымына тайынланды, деп хабар береди ҚР Денсаўлықты сақлаў министрлиги мәлимлеме хызмети.

Усы кунге шекем ол усы лаўазымда ўақытша атқарыўшы болып жумыс ислеген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Қубла Кореяда жолаўшы самолёты апатқа ушырады

Қубла Кореяда Банкоктан ушып келген Boeing 737 самолётының шассасы ашылмай қалған ҳәм қоныў жолынан шығып, тосыққа урылып жанып кеткен.

Самолёт бортында 175 жолаўшы ҳәм 6 экипаж ағзасы болған.

Мағлыўматларға бола, 179 адам дүньядан өткен.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

– ChatGPT'да енди видео қоңыраўлар бар;

– Айырым исбилерменлерге коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи;

– Район ҳәм қалалардың ҳәкимликлерине қосымша ҳәкимшилик ўәкилликлер бериледи;

– Ҳиндстан ғәрезсизлигиниң 100 жыллығы мүнәсибети менен Айға космонавт жибереди;

– 1-январьдан балалар бақшасы ушын төлем арттырылады;

– Енди робот пенен адамды парықлай алмайсыз;

– Қарақалпақстан илимий-әмелий медицина академиясы шөлкемлестириледи;

– Самолёттың қайсы бөлеги қәўипсизрек?

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
АҚШтың 39-президенти Жимми Картер 100 жасында қайтыс болды

Ол усындай жасқа шекем өмир сүрген АҚШтың жалғыз ески президенти еди, деп хабар береди Kun.uz.

Сиясатшы Ветнам урысынан «қашқанлар» ушын амнистия жәриялағаны, Израйыл ҳәм Мыср ортасындағы Кэмп-Дэвид  келисимлерин дүзиў процессинде қатнасқаны, сондай-ақ, СССР менен стратегиялық қуралларды шеклеў ҳаққындағы шәртнама имзалағаны менен белгили.

Картер 2002-жылы «Дүньядағы тартысларды тыныш жол менен шешиўге қаратылған ис-ҳәрекетлери ушын» тынышлық Нобель сыйлығын алған еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жаңа жыл байрамы!

Бүгин 30-декабрь күни Нөкис қаласы орайындағы Жаңа жыл шыршасы жанында ҳар қашанғыдан да өзгеше "Жаңа жыл" концерт бағдарламасы болып өтеди.

Концерт бағдарламасы 19:00 де басланады.

Онда Мақсет Өтемуратов, Алишер Алламбергенов, Жаноб Расул, Ҳамдам Собиров, Байрам Пердебаев, Гүлнара Мүнтеева, Сарбиназ Аннақулова, Гүлназ Утепова, Бахадыр Разымбетов, Саламат Қәллибеков, Арысланбек Асқаров, Қуўат Аметов, Алишер Байныязов, Илхам Жолдасбаев, Раджиб Атажанов сыяқлы елимиз сүйген қосықшылар ҳәм жас талант ийелери хызметиңизде болады, деп хабарлайды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube