Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...
«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер саны (саны) яки жумыс өзгешеликлериниң өзгериўине алып келген жумыслар көлеминиң қысқарғанлығы ямаса кәрхананың жаўылыўы мүнәсибети менен жумыстан азат етилген ҳәм жумыссыз деп табылған шахслар:
Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12719
Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube

Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина бирлеспелеринде нызамға яки арнаўлы қағыйдаларға муўапық асығыс ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиўи керек болған шахстың жәрдем көрсетпеўи – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

❗️Нөкистеги айырым көшелер жабылады
Нөкис қаласы орайындағы Дослық майданында «Жаңа жыл шыршасы» әтирапында байрам концерт бағдарламалары ҳәм халық сейиллери өткерилиўине байланыслы қатнасыўшылардың қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў, сондай-ақ, жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде қаладағы айырым көшелер усы жылдың 21-декабрь сәнесинен баслап 2025-жылдың 15-январь сәнесине шекем жабылатуғынлығын хабарлаймыз.
Олар:
➖И.Каримов көшесиниң Т.Қайыпбергенов ҳәм Қарақалпақстан көшелери аралығы;
➖Пушкин көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығы;
➖Ғәрезсизлик көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығы;
➖Ерназар Алакөз көшесиниң Шымбай гүзары ҳәм Мажнунтал көшелери аралығы;
➖М.Жуманазаров көшесиниң Г.Шеразиева ҳәм Шымбай гүзары көшелери аралығы.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube

ChatGPT'да енди видео қоңыраўлар бар
Advanced Voice Mode арқалы сиз камерадан жанлы эфирди қосыўыңыз мүмкин – нейрон көрген ҳәмме нәрсесин еслеп қалады, дейди Ict.xabar.uz.
Буннан тысқары, демонстация функциялары бар. Экранда жүз берип атырған барлық нәрсеге ЖИ (Жасалма интеллект) пикир билдириўи мүмкин.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Advanced Voice Mode арқалы сиз камерадан жанлы эфирди қосыўыңыз мүмкин – нейрон көрген ҳәмме нәрсесин еслеп қалады, дейди Ict.xabar.uz.
Буннан тысқары, демонстация функциялары бар. Экранда жүз берип атырған барлық нәрсеге ЖИ (Жасалма интеллект) пикир билдириўи мүмкин.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз
Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи болған орынларда, соның ишинде, автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшаларында ҳәм басқа жәмийетлик орынларда темеки өнимлерин шегиў (шегиў ушын арнаўлы ажыратылған жерлер яки ханалар оннан тыс) – базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги муғдарында жәриймаға тартыўға себеп болады.

Айырым исбилерменлерге коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи
2025-жыл 1-январьдан мәмлекетлик емес улыўма орта билим бериў шөлкемлери ушын имаратларды жаңадан қурған яки өзиниң имаратларында улыўма орта билим бериў хызметин жолға қойған исбилерменлик субъектлерине 5 жыл мүддетке усы билимлендириў шөлкемлери хызмети менен байланыслы болған коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи, деп хабар береди Kun.uz.

Район ҳәм қалалардың ҳәкимликлерине қосымша ҳәкимшилик ўәкилликлер бериледи
Район (қала)лар ҳәкимликлерине 1-январьдан белгиленген министрлик ҳәм мәкемелер район (қала) бөлимлери басшыларын жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелер аймақлық басқармалары менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў, тийисли жуўапкерлерге хожаметлеў яки интизамый жуўапкершиликке тартыў шараларын көриў ўәкиллиги бериледи, деп хабарлайды Kun.uz.
Ҳәкимлер ҳәкимлик балансындағы көшпес мүлклерди белгили бир шәртлер тийкарында исбилерменлерге туўрыдан-туўры 10 жылға ижараға бериў ўәкиллигин де алып атыр.

Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы болған шаңарақ көп балалы есапланады.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12697
Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы болған шаңарақ көп балалы есапланады.
Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12697
Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
❗️2-январь да дем алыс күни деп жәрияланды
Бул бойынша Президент қарары қабыл етилди. Оған бола, бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни 4-январь – шемби күнинен 2-январь – пийшемби күнине көширилди ҳәм алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын 2-январь – қосымша дем алыс күни деп белгиленди.
Яғный, Жаңа жылда алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар 5 күн, бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислетуғынлар 6 күн дем алады:
✅ 28-декабрь (шемби) – 6 күнликлер ушын жумыс күни, 5 күнликлер ушын дем алыс;
✅ 29-декабрь (екшемби) – ҳәмме ушын дем алыс күни;
✅ 30-декабрь (дүйшемби) –6 күнликлер ушын қосымша дем алыс күни, 5 күнликлер ушын 14-декабрь күнинен көширилген дем алыс күни;
✅ 31-декабрь (сийшемби) – ҳәмме ушын қосымша дем алыс күни;
✅ 1-январь (сәршемби) – Жаңа жыл байрамы;
✅ 2-январь (пийшемби) – 6 күнликлер ушын дем алыс күни, 5 күнликлер ушын 4-январь (шемби) күнинен көширилген дем алыс күни.

Ҳиндстан ғәрезсизлигиниң 100 жыллығы мүнәсибети менен Айға космонавт жибереди
Ҳиндстан 2040-жылға шекем Айға ҳинд астронавтын қондырыўға қаратылған үлкен космик бағдарламаны иске түсирди.
Бул ҳаққында Ҳиндстан космик изертлеўлер шѳлкеми баслығы Шридхара Соманат мәлим етти.
«Ғәрезсизлигимиздиң 100 жыллығын байрамлағанымызда Айда Ҳиндстан байрағы желбирейди. Бизиң адамымыз ол жерге барып, байрақты орнатып қайтады. Бул 2040-жылда болады» – деди ол.
«Космос бағдарламасы тарийхында биринши мәрте биз келеси 25 жылға мѳлшерленген анық режеге ийе боламыз» – деп қосымша етти Шридхара Соманат.
Оның сѳзлерине бола, бул жол картасы шеңберинде Ҳиндстан 10 жыл ишинде ѳзиниң космик станциясын жаратыўды режелестирмекте. Буның ушын 2028-жылда космик станция модули иске қосылады.

Қазақстанда жолаўшы самолёты қулап түсти
Қазақстанның Ақтаў қаласында Бокудан Грознийға ушып баратырған жолаўшы самолёты қулап түсти. Бул ҳаққында Tengrinews хабар берди.
Ўақыя орнына Қазақстан Айырықша жағдайлар министрлигиниң 52 жеке қурамы ҳәм 11 техника жетип келген. Самолёт қулап түскеннен кейин ѳрт басланған.
Қутқарыў бѳлимлери ѳртти ѳшириўге кирискен. Жәбирленгенлер ҳаққындағы мағлыўматларға анықлық киргизилмекте, тири қалғанлар бар.
Апатқа ушыраған самолёт Azerbaijan Airlines авиакомпаниясына тийисли болған. Бортта 67 жолаўшы ҳәм бес экипаж ағзасы болғанлығы айтылмақта.

⚡️1-январьдан балалар бақшасы ушын төлем арттырылады
Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын төлемниң жаңа муғдарлары тастыйықланды.
Өзбекстан бойынша 2025-жыл 1-январьдан баслап балалар бақшасы ушын төлем орташа 8,5 - 10,8%ке көбейеди.
Еслетип өтемиз, ақырғы мәрте баҳалар усы жылдың июнь айында орташа 18,7 - 21%ке көтерилген еди.

ТАЙЫНЛАЎ
Исмаилов Қадирбай Сапарниязович - Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Руўхий-ағартыўшылық ислери бойынша министр орынбасары лаўазымына тайынланды.
Қ.Исмаилов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы «Бәркамал әўлад» балалар мектеби директоры лаўазымында ислеген.

Шлымбетова Мухаббат Емжаровна - Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлигиниң Мектепке шекемги билимлендириў мәселелери бойынша министр орынбасары лаўазымына тайынланды.
М.Шлымбетова усы күнге шекем бир қатар жуўапкершиликли лаўазымларда ислеп келген.

KarInform.uz
Қазақстанда жолаўшы самолёты қулап түсти Қазақстанның Ақтаў қаласында Бокудан Грознийға ушып баратырған жолаўшы самолёты қулап түсти. Бул ҳаққында Tengrinews хабар берди. Ўақыя орнына Қазақстан Айырықша жағдайлар министрлигиниң 52 жеке қурамы ҳәм 11 техника…
❗️Әзербайжан 26-декабрьди Қазақстандағы самолёт апатшылығы қурбанларының естелигине бағышлап аза тутыў күни деп жәриялады, деп хабар берди Daryo.uz.
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Telegram
KarInform.uz
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы
Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ
Бизге мүрәжат @Karinformuzbot

⚡️Қарақалпақстанлы жас мүддетинен алдын 189 баллға ийе болды
Ол 5 пәннен миллий сертификат алып, жоқары оқыў орнына кириў ушын максимал 189 баллды қолға киргизген.
Қарақалпақ мәмлекетлик университети академиялық лицейи 2-курс оқыўшысы Гүлзира Муратбаева химия, биология, Өзбекстан тарийхы, математика ҳәм қарақалпақ тили пәнлери бойынша миллий сертификатқа ийе болып, мүддетинен алдын жоқары оқыў орнына кириў ушын 189 балл топлады.
Мағлыўмат ушын, бундай нәтийже Қарақалпақстанда биринши мәрте болып атыр.
Гүлзира жоқары билимлендириўди Қарақалпақстан медицина институтында даўам еттириў нийети бар екенлигин билдирген.

«Европа мәмлекетлери жоқ болып кетиў қәўпи астында» – Илон Маск
Европа мәмлекетлери, тийкарынан, Германия ҳәзир туўылыўдың төменлиги себепли жоқ болып кетиў алдында турыпты. Бундай пикирди SpaceX ҳәм Tesla тийкаршысы, америкалық миллиардер Илон Маск X социаллық тармағындағы бетинде жазып қалдырған.
«Олар (Германия ҳәм басқа Европа мәмлекетлери) жоқ болып кетиў қәўпи астында» – деди ол.
Маск алдынырақ адамзат үлкен демографиялық кризис қәўпине дус келип атырғаны, буның нәтийжесинде пүткил халықлар жоқ болып кетиўи мүмкин екенлиги ҳаққында ескерткен еди.
Маск Италия, Франция ҳәм Япония мәдениятлары да қәўип астында екенлигин айтты.