KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Педагогларды абаданластырыў жумысларына тартыў мүмкин емес

«Педагоглардың мәртебеси ҳаққында»ғы ӨРН-901-санлы Нызамның 5-статьясына муўапық, педагогды кәсиплик искерилиги менен байланыслы болмаған жумысларға, соның ишинде аймақларды абадандастырыўға ҳәм аўыл хожалығы жумысларына тартыў қадаған етиледи.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанға “Президент саўғалары” жетип келди

Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар жəнеде социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди, деп хабар береди joqargikenes.uz.

3 жастан 15 жасқа шекем болған балаларға мөлшерленген “Президент саӯғалары” қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаўы, мазалы затлар, китаплар топламы, канцелярия буйымлары, ақыллы саат, самокат, жумсақ ойыншықлар, дидактикалық ойынлар, велосипед ҳәм басқа саўғалар киргизилген болып, байрам қарсаңында саўғалар өз ийелерине жеткерилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, 12 жастан үлкен тәрбияланыўшылар саўғалары қурамында электр жүргизгишли самокатлар да киргизилген.

Президент саўғалары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 29-30-декабрь күнлери салтанатлы түрде тапсырылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мойнақ районында қанша балық аўланған?

2024-жыл январь-сентябрь жағдайына бола, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлериниң көлеми 125,3 млрд сомды, өткен жылдың сай дәўирине салыстырғанда 100,3 % ти қураған.

Соннан:

Гөш аўырлықта – 1 203,8 тонна;
Саўып алынған сүт көлеми – 3 279,3 тонна;
Алынған мәйек саны – 3 644,5 мың дана;
Аўланған балық – 118,9 тонна;
Ири шақлы қарамаллар – 28 967 бас;
Сыйырлар – 10 643 бас;
Қой ҳәм ешкилер – 32 800 бас;
Атлар – 1 820 бас;
Қуслар – 73 904 басты қурайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️1-январьдан баслап жер яки мәмлекет мулки ҚҚСсыз сатылады

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жыл жуўмағы ҳәм 2025-жылға тийкарғы режелер бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында айтып өтилди.

1-январдан баслап жер яки мәмлекет мүлки ҚҚСсыз (қосымша қун салығы) сатылады, мобиль байланыс ушын акциз салығы (10%) бийкар етиледи.

Қала шегарасындағы аўыл жерлерине 2 есе жер салығын есаплаў тоқтатылады. Баспасѳз кәрханалары пайда салығын тѳлеўден 5 жылға азат етиледи.

Буннан тысқары, IT-park президентлерине барлық түрдеги салықларды тѳлеўден азат етиў бойынша жеңилликлер 2040-жылға шекем узайттырылады.

Жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар, сырт ел оқытыўшы ҳәм қәнигелери ушын берилген барлық салық жеңилликлери 2030-жылға шекем әмел етеди, деп хабар береди Президент баспасөз хаткери.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️ChatGPT'да папкалар пайда болды

Енди сиз өз алдына проектлер жаратыўыңыз ҳәм оларға файллар және көрсетпелериңизди қосыўыңыз мүмкин.

Бул қәсийет пуллы жазылыўшыларға усынылған. Басқалар ушын тез арада пайда болады, дейди Ict.xabar.uz.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ѳзбекстан гендер теңлиги ҳәм басқарыў индексинде 51 текшеге, 103-орыннан 52-орынға кѳтерилди

Бул жетискенлик ҳаяллардың билим алыўы, экономикалық имканиятлар ҳәм инновациялық IT басламаларының ѳсиўи бойынша ҳақыйқый раўажланыўды кѳрсетеди.

Ҳаялларды технология тараўында қоллап-қуўатлаў – бул келешекке инвестиция, ол ҳәмме ушын пайдалы, дейди Шерзот Шерматов.

2030-жылға барып «Санлы Ѳзбекстан» стратегиясы шеңберинде 300 000 IT-қәнигелери, олардың кеминде ярымын ҳаяллар қураўы мақсет етилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер саны (саны) яки жумыс өзгешеликлериниң өзгериўине алып келген жумыслар көлеминиң қысқарғанлығы ямаса кәрхананың жаўылыўы мүнәсибети менен жумыстан азат етилген ҳәм жумыссыз деп табылған шахслар:

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12719

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина бирлеспелеринде нызамға яки арнаўлы қағыйдаларға муўапық асығыс ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиўи керек болған шахстың жәрдем көрсетпеўи – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
❗️Нөкистеги айырым көшелер жабылады

Нөкис қаласы орайындағы Дослық майданында «Жаңа жыл шыршасы» әтирапында байрам концерт бағдарламалары ҳәм халық сейиллери өткерилиўине байланыслы қатнасыўшылардың қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў, сондай-ақ, жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде қаладағы айырым көшелер усы жылдың 21-декабрь сәнесинен баслап 2025-жылдың 15-январь сәнесине шекем жабылатуғынлығын хабарлаймыз.

Олар:

И.Каримов көшесиниң Т.Қайыпбергенов ҳәм Қарақалпақстан көшелери аралығы;
Пушкин көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығы;
Ғәрезсизлик көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығы;
Ерназар Алакөз көшесиниң Шымбай гүзары ҳәм Мажнунтал көшелери аралығы;
М.Жуманазаров көшесиниң Г.Шеразиева ҳәм Шымбай гүзары көшелери аралығы.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT'да енди видео қоңыраўлар бар

Advanced Voice Mode арқалы сиз камерадан жанлы эфирди қосыўыңыз мүмкин – нейрон көрген ҳәмме нәрсесин еслеп қалады, дейди Ict.xabar.uz.

Буннан тысқары, демонстация функциялары бар. Экранда жүз берип атырған барлық нәрсеге ЖИ (Жасалма интеллект) пикир билдириўи мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жәмийетлик орынларда темеки шексеңиз, жәрийма төлейсиз

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 561-статьясына бола, жумыс орынларында, денсаўлықты сақлаў, билимлендириў, спорт-саламатластырыў мәкемелеринде, өрт шығыў қәўпи болған орынларда, соның ишинде, автомобиллерге жанылғы қуйыў шақапшаларында ҳәм басқа жәмийетлик орынларда темеки өнимлерин шегиў (шегиў ушын арнаўлы ажыратылған жерлер яки ханалар оннан тыс) – базалық есаплаў муғдарының үштен бир бөлеги муғдарында жәриймаға тартыўға себеп болады.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Айырым исбилерменлерге коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи

2025-жыл 1-январьдан мәмлекетлик емес улыўма орта билим бериў шөлкемлери ушын имаратларды жаңадан қурған яки өзиниң имаратларында улыўма орта билим бериў хызметин жолға қойған исбилерменлик субъектлерине 5 жыл мүддетке усы билимлендириў шөлкемлери хызмети менен байланыслы болған коммунал қәрежетлериниң 50%и қаплап бериледи, деп хабар береди Kun.uz.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Район ҳәм қалалардың ҳәкимликлерине қосымша ҳәкимшилик ўәкилликлер бериледи

Район (қала)лар ҳәкимликлерине 1-январьдан белгиленген министрлик ҳәм мәкемелер район (қала) бөлимлери басшыларын жуўапкер министрлик ҳәм мәкемелер аймақлық басқармалары менен келисилген ҳалда лаўазымға тайынлаў ҳәм лаўазымынан азат етиў, тийисли жуўапкерлерге хожаметлеў яки интизамый жуўапкершиликке тартыў шараларын көриў ўәкиллиги бериледи, деп хабарлайды Kun.uz.

Ҳәкимлер ҳәкимлик балансындағы көшпес мүлклерди белгили бир шәртлер тийкарында исбилерменлерге туўрыдан-туўры 10 жылға ижараға бериў ўәкиллигин де алып атыр.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Көп балалы шаңарақ деп қандай шаңараққа айтылады?

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 41-статьясына муўапық, төрт ҳәм оннан көп он сегиз жасқа толмаған баласы болған шаңарақ көп балалы есапланады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12697


Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
❗️2-январь да дем алыс күни деп жәрияланды

Бул бойынша Президент қарары қабыл етилди. Оған бола, бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын дем алыс күни 4-январь – шемби күнинен 2-январь – пийшемби күнине көширилди ҳәм алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар ушын 2-январь – қосымша дем алыс күни деп белгиленди.

Яғный, Жаңа жылда алты күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғынлар 5 күн, бес күнлик жумыс ҳәптесинде ислетуғынлар 6 күн дем алады:

28-декабрь (шемби) – 6 күнликлер ушын жумыс күни, 5 күнликлер ушын дем алыс;

29-декабрь (екшемби) – ҳәмме ушын дем алыс күни;

30-декабрь (дүйшемби) –6 күнликлер ушын қосымша дем алыс күни, 5 күнликлер ушын 14-декабрь күнинен көширилген дем алыс күни;

31-декабрь (сийшемби) – ҳәмме ушын қосымша дем алыс күни;

1-январь (сәршемби) – Жаңа жыл байрамы;

2-январь (пийшемби) – 6 күнликлер ушын дем алыс күни, 5 күнликлер ушын 4-январь (шемби) күнинен көширилген дем алыс күни.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ҳиндстан ғәрезсизлигиниң 100 жыллығы мүнәсибети менен Айға космонавт жибереди

Ҳиндстан 2040-жылға шекем Айға ҳинд астронавтын қондырыўға қаратылған үлкен космик бағдарламаны иске түсирди.

Бул ҳаққында Ҳиндстан космик изертлеўлер шѳлкеми баслығы Шридхара Соманат мәлим етти.

«Ғәрезсизлигимиздиң 100 жыллығын байрамлағанымызда Айда Ҳиндстан байрағы желбирейди. Бизиң адамымыз ол жерге барып, байрақты орнатып қайтады. Бул 2040-жылда болады» – деди ол.

«Космос бағдарламасы тарийхында биринши мәрте биз келеси 25 жылға мѳлшерленген анық режеге ийе боламыз» – деп қосымша етти Шридхара Соманат.

Оның сѳзлерине бола, бул жол картасы шеңберинде Ҳиндстан 10 жыл ишинде ѳзиниң космик станциясын жаратыўды режелестирмекте. Буның ушын 2028-жылда космик станция модули иске қосылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қазақстанда жолаўшы самолёты қулап түсти

Қазақстанның Ақтаў қаласында Бокудан Грознийға ушып баратырған жолаўшы самолёты қулап түсти. Бул ҳаққында Tengrinews хабар берди.

Ўақыя орнына Қазақстан Айырықша жағдайлар министрлигиниң 52 жеке қурамы ҳәм 11 техника жетип келген. Самолёт қулап түскеннен кейин ѳрт басланған.

Қутқарыў бѳлимлери ѳртти ѳшириўге кирискен. Жәбирленгенлер ҳаққындағы мағлыўматларға анықлық киргизилмекте, тири қалғанлар бар.

Апатқа ушыраған самолёт Azerbaijan Airlines авиакомпаниясына тийисли болған. Бортта 67 жолаўшы ҳәм бес экипаж ағзасы болғанлығы айтылмақта.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️1-январьдан балалар бақшасы ушын төлем арттырылады

Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлеринде балалар тәмийнаты ушын төлемниң жаңа муғдарлары тастыйықланды.

Өзбекстан бойынша 2025-жыл 1-январьдан баслап балалар бақшасы ушын төлем орташа 8,5 - 10,8%ке көбейеди.

Еслетип өтемиз, ақырғы мәрте баҳалар усы жылдың июнь айында орташа 18,7 - 21%ке көтерилген еди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ТАЙЫНЛАЎ

Исмаилов Қадирбай Сапарниязович - Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлигиниң Руўхий-ағартыўшылық ислери бойынша министр орынбасары лаўазымына тайынланды.

Қ.Исмаилов усы күнге шекем Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги жанындағы «Бәркамал әўлад» балалар мектеби директоры лаўазымында ислеген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube