KarInform.uz
388 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
🚊Қысқы дем алыс мүнәсибети менен қосымша вагонлар жолға қойылады

Қысқы дем алыс дәўиринде жолаўшылардың темир жол транспорты қатнаўларына болған талабын қандырыў мақсетинде 2024-жыл 15-декабрьден 12-январьға шекем бир неше жѳнелислерде қосымша поезд қатнаўлары шѳлкемлестириледи ҳәм вагонлар саны кѳбейтиледи.

Соның ишинде «Ташкент–Қоңырат–Ташкент» жѳнелисинде 2024-жыл 20-декабрьден ҳәр күни 4 қосымша пласкарт вагонлары қосылады.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
16 жасқа толмаған өспиримлер социаллық тармақлардан пайдалана алмайды

Австралия дүньяда биринши болып 16 жасқа шекемги болған өспиримлер ушын социаллық тармақлардан пайдаланыўды қадаған етиўши нызамды қабыллады.

Оған бола, балалар ҳәтте ата-аналарының разылығы менен де аккаунт жарата алмайды. Буны социаллық тармақлардың өзи бақлап барады.

Қағыйданы бузыў жағдайы ушын болса 32 млн долларға шекем жәрийма қолланылады.

Бул шеклеўлер кейинги жылдан күшке киреди, бирақ оған дейин социаллық тармақларда дизимнен өткенлерге бул нызам тәсир етпейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда роботларды ғалаба түрде ислеп шығарыў жолға қойылды

Қытайдың Агибот стартабы «фабрикаларда, сатып алыў, тазалаў ҳәм кир жуўыўда жәрдем бере алатуғын» SI роботларын ғалаба ислеп шығарыўды жолға қойды, деп хабар береди Ict.xabar.uz

Оған адамға уқсас андроидлар, сондай-ақ, дөңгелекте жүретуғын роботлар киреди.

Олардың айтыўынша, роботлар дерлик 1000 дана топланған ҳәм тез арада сатыўды баслайды. Бирақ ҳәзирше тек бизнес ушын ислеп шығарылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мойнаққа авиақатнаўлар әмелге асырылады

✈️«Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша  авиақатнаўлар 22-23-27-декабрь күнлери қайтадан жолға қойылады.

Дүйшемби, жума, екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Балаға қос ат қойыў бойынша шеклеў бар ма?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 14-ноябрьдеги 387-санлы қарарына муўапық, балаға исм ата-ананың разылығына бола қойылады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12701

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген.

Билимлендириў шөлкемине келгенде ҳәрбир тәлим алыўшы, қәниге ҳәм басқа шахслар телефонын өширип қойыўы, яғный даўыссыз режимге қойыўы соның менен бирге, оны сумкасына салыўы керек.


Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12765

Youtube арқалы тамашалаў ушын 👉 https://www.youtube.com/shorts/lGLCRe3vzCE
20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Усы жылдың 20-22-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. 20-21-декабрь күнлери Өзбекстанның айырым ўәлаятларында жаўын ҳәм қар жаўыўы бақланыўы болжанған.

Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 7-12° суўық, күндизи 3° суўық – 2° жыллы болады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12766

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️YouTube'да даўыслы коммент пайда болады

Бул блогер ThioJoe видеосының астында көринген.
Веб-версияда тек транскрипт көрсетиледи, бирақ мобиль қосымшада даўысларды еситиўиңиз мүмкин, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Google бундай өзгешеликлерди рәсмий түрде жәрияламаған. Ол ҳәзирше айырым блогерлер арасында сынаўдан өткерилип атырған болыўы да мумкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Педагогларды абаданластырыў жумысларына тартыў мүмкин емес

«Педагоглардың мәртебеси ҳаққында»ғы ӨРН-901-санлы Нызамның 5-статьясына муўапық, педагогды кәсиплик искерилиги менен байланыслы болмаған жумысларға, соның ишинде аймақларды абадандастырыўға ҳәм аўыл хожалығы жумысларына тартыў қадаған етиледи.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанға “Президент саўғалары” жетип келди

Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар жəнеде социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди, деп хабар береди joqargikenes.uz.

3 жастан 15 жасқа шекем болған балаларға мөлшерленген “Президент саӯғалары” қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаўы, мазалы затлар, китаплар топламы, канцелярия буйымлары, ақыллы саат, самокат, жумсақ ойыншықлар, дидактикалық ойынлар, велосипед ҳәм басқа саўғалар киргизилген болып, байрам қарсаңында саўғалар өз ийелерине жеткерилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, 12 жастан үлкен тәрбияланыўшылар саўғалары қурамында электр жүргизгишли самокатлар да киргизилген.

Президент саўғалары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 29-30-декабрь күнлери салтанатлы түрде тапсырылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мойнақ районында қанша балық аўланған?

2024-жыл январь-сентябрь жағдайына бола, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлериниң көлеми 125,3 млрд сомды, өткен жылдың сай дәўирине салыстырғанда 100,3 % ти қураған.

Соннан:

Гөш аўырлықта – 1 203,8 тонна;
Саўып алынған сүт көлеми – 3 279,3 тонна;
Алынған мәйек саны – 3 644,5 мың дана;
Аўланған балық – 118,9 тонна;
Ири шақлы қарамаллар – 28 967 бас;
Сыйырлар – 10 643 бас;
Қой ҳәм ешкилер – 32 800 бас;
Атлар – 1 820 бас;
Қуслар – 73 904 басты қурайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️1-январьдан баслап жер яки мәмлекет мулки ҚҚСсыз сатылады

Бул ҳаққында Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша жыл жуўмағы ҳәм 2025-жылға тийкарғы режелер бойынша өткерилген видеоселектор жыйналысында айтып өтилди.

1-январдан баслап жер яки мәмлекет мүлки ҚҚСсыз (қосымша қун салығы) сатылады, мобиль байланыс ушын акциз салығы (10%) бийкар етиледи.

Қала шегарасындағы аўыл жерлерине 2 есе жер салығын есаплаў тоқтатылады. Баспасѳз кәрханалары пайда салығын тѳлеўден 5 жылға азат етиледи.

Буннан тысқары, IT-park президентлерине барлық түрдеги салықларды тѳлеўден азат етиў бойынша жеңилликлер 2040-жылға шекем узайттырылады.

Жеке меншик мектеп ҳәм бақшалар, сырт ел оқытыўшы ҳәм қәнигелери ушын берилген барлық салық жеңилликлери 2030-жылға шекем әмел етеди, деп хабар береди Президент баспасөз хаткери.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️ChatGPT'да папкалар пайда болды

Енди сиз өз алдына проектлер жаратыўыңыз ҳәм оларға файллар және көрсетпелериңизди қосыўыңыз мүмкин.

Бул қәсийет пуллы жазылыўшыларға усынылған. Басқалар ушын тез арада пайда болады, дейди Ict.xabar.uz.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ѳзбекстан гендер теңлиги ҳәм басқарыў индексинде 51 текшеге, 103-орыннан 52-орынға кѳтерилди

Бул жетискенлик ҳаяллардың билим алыўы, экономикалық имканиятлар ҳәм инновациялық IT басламаларының ѳсиўи бойынша ҳақыйқый раўажланыўды кѳрсетеди.

Ҳаялларды технология тараўында қоллап-қуўатлаў – бул келешекке инвестиция, ол ҳәмме ушын пайдалы, дейди Шерзот Шерматов.

2030-жылға барып «Санлы Ѳзбекстан» стратегиясы шеңберинде 300 000 IT-қәнигелери, олардың кеминде ярымын ҳаяллар қураўы мақсет етилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Еркеклер де, ҳаяллар да мүддетинен еки жыл алдын жасқа байланыслы пенсияға шығыўы мүмкин, егер...

«Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамның 14-статьясына бола, технологиядағы, ислеп шығарыў ҳәм мийнетти шөлкемлестириўдеги өзгерислер, хызметкерлер саны (саны) яки жумыс өзгешеликлериниң өзгериўине алып келген жумыслар көлеминиң қысқарғанлығы ямаса кәрхананың жаўылыўы мүнәсибети менен жумыстан азат етилген ҳәм жумыссыз деп табылған шахслар:

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12719

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Наўқасқа тез медициналық жәрдем көрсетпеген шыпакерлерге жуўапкершилик бар

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 591-статьясына бола, өмири яки денсаўлығы ушын қәўипли жағдайда болған шахсқа медицина бирлеспелеринде нызамға яки арнаўлы қағыйдаларға муўапық асығыс ҳәм кешиктирип болмайтуғын медициналық жәрдем көрсетиўи керек болған шахстың жәрдем көрсетпеўи – пуқараларға базалық есаплаў муғдарының үш есесинен бес есесине шекем, лаўазымлы шахсларға болса – бес есесинен он есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болады.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
❗️Нөкистеги айырым көшелер жабылады

Нөкис қаласы орайындағы Дослық майданында «Жаңа жыл шыршасы» әтирапында байрам концерт бағдарламалары ҳәм халық сейиллери өткерилиўине байланыслы қатнасыўшылардың қәўипсиз ҳәрекетлениўин тәмийинлеў, сондай-ақ, жол транспорт ҳәдийселериниң алдын алыў мақсетинде қаладағы айырым көшелер усы жылдың 21-декабрь сәнесинен баслап 2025-жылдың 15-январь сәнесине шекем жабылатуғынлығын хабарлаймыз.

Олар:

И.Каримов көшесиниң Т.Қайыпбергенов ҳәм Қарақалпақстан көшелери аралығы;
Пушкин көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығы;
Ғәрезсизлик көшесиниң И.Каримов ҳәм С.Камалов көшелери аралығы;
Ерназар Алакөз көшесиниң Шымбай гүзары ҳәм Мажнунтал көшелери аралығы;
М.Жуманазаров көшесиниң Г.Шеразиева ҳәм Шымбай гүзары көшелери аралығы.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
ChatGPT'да енди видео қоңыраўлар бар

Advanced Voice Mode арқалы сиз камерадан жанлы эфирди қосыўыңыз мүмкин – нейрон көрген ҳәмме нәрсесин еслеп қалады, дейди Ict.xabar.uz.

Буннан тысқары, демонстация функциялары бар. Экранда жүз берип атырған барлық нәрсеге ЖИ (Жасалма интеллект) пикир билдириўи мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube