KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Хабарландырыў❗️

Усы жылдың 18-декабрь күни саат 09:00 ден 21:00 ге шекем Нөкис қаласы турғынлары, исбилерменлик субъектлери хәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылады, деп хабарлайды  «Қарақалпақстан суў тәмийнаты» АЖ мәлимлеме хызмети.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Электросет ток өшиўи ҳаққында алдыннан хабар бериўи керек

Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 31-майдағы 319-санлы қарарына тийкарланып, аймақлық электр кәрханалары электр тармағы хожалығы объектлериниң режели оңланыўы себепли электр энергиясы менен тәмийинлеўдеги мүмкин болған үзилислер ҳаққында кеминде 3 күн алдын ескертиўи керек.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12695


Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Суў
Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына себеп болады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12692
Нөкис районында 1 млрд сомлық көмир талан-тараж етилди

Нөкис районында социаллық тараў объектлерин ысытыў ушын жеткерип берилген көмирди талан-тараж етиў жағдайы анықланды. Бул ҳаққында Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти хабар берди.

Мәлим етилиўинше, МЖШ келисимине тийкарланып көмир жеткерип беретуғын «Н.А.» ЖШЖға социаллық тараў объектлерин ысытыў ушын жеткерип берилген көмир өлшеўден өткерилгенинде, ЖШЖ жуўапкер шахслары улыўмалық баҳасы 1 млдр сомлық жәми 2 514 тонна көмирди талан-тараж еткенлиги анықланды.

Бул жағдай бойыша Жынаят кодексиниң 167-статьясы (өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи:

– Өз қәлеўи менен;

– Оқыўдың басқа билимлендириў шөлкемине көширилиўи мүнәсибети менен;

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12711

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
🚊Қысқы дем алыс мүнәсибети менен қосымша вагонлар жолға қойылады

Қысқы дем алыс дәўиринде жолаўшылардың темир жол транспорты қатнаўларына болған талабын қандырыў мақсетинде 2024-жыл 15-декабрьден 12-январьға шекем бир неше жѳнелислерде қосымша поезд қатнаўлары шѳлкемлестириледи ҳәм вагонлар саны кѳбейтиледи.

Соның ишинде «Ташкент–Қоңырат–Ташкент» жѳнелисинде 2024-жыл 20-декабрьден ҳәр күни 4 қосымша пласкарт вагонлары қосылады.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
16 жасқа толмаған өспиримлер социаллық тармақлардан пайдалана алмайды

Австралия дүньяда биринши болып 16 жасқа шекемги болған өспиримлер ушын социаллық тармақлардан пайдаланыўды қадаған етиўши нызамды қабыллады.

Оған бола, балалар ҳәтте ата-аналарының разылығы менен де аккаунт жарата алмайды. Буны социаллық тармақлардың өзи бақлап барады.

Қағыйданы бузыў жағдайы ушын болса 32 млн долларға шекем жәрийма қолланылады.

Бул шеклеўлер кейинги жылдан күшке киреди, бирақ оған дейин социаллық тармақларда дизимнен өткенлерге бул нызам тәсир етпейди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қытайда роботларды ғалаба түрде ислеп шығарыў жолға қойылды

Қытайдың Агибот стартабы «фабрикаларда, сатып алыў, тазалаў ҳәм кир жуўыўда жәрдем бере алатуғын» SI роботларын ғалаба ислеп шығарыўды жолға қойды, деп хабар береди Ict.xabar.uz

Оған адамға уқсас андроидлар, сондай-ақ, дөңгелекте жүретуғын роботлар киреди.

Олардың айтыўынша, роботлар дерлик 1000 дана топланған ҳәм тез арада сатыўды баслайды. Бирақ ҳәзирше тек бизнес ушын ислеп шығарылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мойнаққа авиақатнаўлар әмелге асырылады

✈️«Нөкис – Мойнақ – Нөкис» жөнелиси бойынша  авиақатнаўлар 22-23-27-декабрь күнлери қайтадан жолға қойылады.

Дүйшемби, жума, екшемби:
Нөкис – Мойнақ: 🛫10:00 – 🛬10:35
Мойнақ – Нөкис: 🛫16:00 – 🛬16:35

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Балаға қос ат қойыў бойынша шеклеў бар ма?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2016-жыл 14-ноябрьдеги 387-санлы қарарына муўапық, балаға исм ата-ананың разылығына бола қойылады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12701

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Муғаллим телефонды алып қойыўға ҳақысы жоқ дейсиз бе, алжасасыз! (+ видео)

Өзбекстан Республикасы Конституциясында Билимлендириў шөлкемлери аймағында ҳәм аудиторияларында телефонлардан пайдаланыў тәртиби белгиленген.

Билимлендириў шөлкемине келгенде ҳәрбир тәлим алыўшы, қәниге ҳәм басқа шахслар телефонын өширип қойыўы, яғный даўыссыз режимге қойыўы соның менен бирге, оны сумкасына салыўы керек.


Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12765

Youtube арқалы тамашалаў ушын 👉 https://www.youtube.com/shorts/lGLCRe3vzCE
20-декабрь күни Қарақалпақстанда қандай ҳаўа райы бақланады?

Усы жылдың 20-22-декабрь күнлери Өзбекстан аймағына суўық ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. 20-21-декабрь күнлери Өзбекстанның айырым ўәлаятларында жаўын ҳәм қар жаўыўы бақланыўы болжанған.

Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа бираз бултлы болады, жаўын-шашын күтилмейди. Самал батыстан 7-12 м/с тезликте еседи. Ҳаўаның температурасы түнде 7-12° суўық, күндизи 3° суўық – 2° жыллы болады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12766

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️YouTube'да даўыслы коммент пайда болады

Бул блогер ThioJoe видеосының астында көринген.
Веб-версияда тек транскрипт көрсетиледи, бирақ мобиль қосымшада даўысларды еситиўиңиз мүмкин, деп хабар береди Ict.xabar.uz.

Google бундай өзгешеликлерди рәсмий түрде жәрияламаған. Ол ҳәзирше айырым блогерлер арасында сынаўдан өткерилип атырған болыўы да мумкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Педагогларды абаданластырыў жумысларына тартыў мүмкин емес

«Педагоглардың мәртебеси ҳаққында»ғы ӨРН-901-санлы Нызамның 5-статьясына муўапық, педагогды кәсиплик искерилиги менен байланыслы болмаған жумысларға, соның ишинде аймақларды абадандастырыўға ҳәм аўыл хожалығы жумысларына тартыў қадаған етиледи.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстанға “Президент саўғалары” жетип келди

Шаңарақлық балалар үйи тəрбияланыўшылары, ата-анасының қараўысыз қалған, ата-аналары Ўатанымыз шегараларын қорғаўда қурбан болған балалар жəнеде социаллық қорғаўға мүтəж болған шаңарақлардың перзентлери ушын “Президент саўғасы” Қарақалпақстанға жетип келди, деп хабар береди joqargikenes.uz.

3 жастан 15 жасқа шекем болған балаларға мөлшерленген “Президент саӯғалары” қурамында Өзбекстан Республикасы Президентиниң балаларға жоллаған Жаңа жыл байрам қутлықлаўы, мазалы затлар, китаплар топламы, канцелярия буйымлары, ақыллы саат, самокат, жумсақ ойыншықлар, дидактикалық ойынлар, велосипед ҳәм басқа саўғалар киргизилген болып, байрам қарсаңында саўғалар өз ийелерине жеткерилиўи белгиленген.

Сондай-ақ, 12 жастан үлкен тәрбияланыўшылар саўғалары қурамында электр жүргизгишли самокатлар да киргизилген.

Президент саўғалары республикамыздың барлық қала ҳәм районларында 29-30-декабрь күнлери салтанатлы түрде тапсырылады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мойнақ районында қанша балық аўланған?

2024-жыл январь-сентябрь жағдайына бола, тоғай ҳәм балықшылық хожалығы өнимлериниң көлеми 125,3 млрд сомды, өткен жылдың сай дәўирине салыстырғанда 100,3 % ти қураған.

Соннан:

Гөш аўырлықта – 1 203,8 тонна;
Саўып алынған сүт көлеми – 3 279,3 тонна;
Алынған мәйек саны – 3 644,5 мың дана;
Аўланған балық – 118,9 тонна;
Ири шақлы қарамаллар – 28 967 бас;
Сыйырлар – 10 643 бас;
Қой ҳәм ешкилер – 32 800 бас;
Атлар – 1 820 бас;
Қуслар – 73 904 басты қурайды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube