KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы қабыл етилгенине 32 жыл толды

Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы 1992-жыл 14-декабрьде «Қарақалпақстан Республикасының мәмлекетлик байрағы ҳаққында»ғы Нызамы қабыл етилгенинде тастыйықланған.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик байрағы аспан көк, тоқ сары ҳәм жасыл реңдеги үш горизонтал сызықтан ибарат туўры мүйешли формаға ийе. Тоқ сары сызық ақ ҳәм қызыл реңлердиң шегаралары менен ажыратылған.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12764

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси

Бүгинги күнде китап оқыйтуғын адамлар көпшиликти қураса да, технологиялар, соның ишинде интернет раўажланып, өмиримиздиң бир бөлегине айланып баратырған бир дәўирде китап оқыў бирқанша қыйыншылық туўдырады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12763

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
«Әжинияз» көркем-публицистикалық филминиң сценарийи баспадан шығарылды

«Қарақалпақфильм» киностудиясы тәрепинен сүўретке алынған «Әжинияз» көркем-публицистикалық фильминиң сценарийи «Жети ықлым» баспасы тәрепинен китап болып баспадан шықты.

Жақында премьерасы өткерилип, халқымыз нәзерине усынылған «Әжинияз» фильми ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан 3 млрд.сум қаржы ажыратылып, бул қарақалпақ кино тарийхында биринши мәрте қысқа мүддетте сүўретке алынған фильм болды.

Айтып өтиў орынлы, ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығы ЮНЕСКО шеңберинде белгиленетуғын халықаралық юбилейлер қатарына киргизилип, елимизде ҳәм халықаралық көлемде юбилей илажлары өткерилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Баланың атын ҳәм фамилиясын өзгертиў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ кодексиниң 70-статьясына муўапық, Пуқаралық жағдайы гүўалықларын дизимге алыў органы ата-ананың биргеликтеги арзасына бола 16 жасқа толаман дегенше баланың мәплерин итибарға алып, оның атын өзгертиўге, сондай-ақ, оған берилген фамилияны да әкеси яки анасының фамилиясына қарап өзгертиўге болады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12702

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Кимлерге грипп тез жуғады?

Грипп жуқтырыў ҳәм оның аўыр белгилерин бастан өткериў қәўпи жоқары болған ҳәм мәўсимнен алдын емленетуғын шахслар топары тастыйықланған.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12738
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли ўақыяларға тоқталып өтемиз:

– «Ҳаяллар дәптери»не  киргизилгенлерге қандай жәрдем көрсетиледи?;

– Uzbekistan Airways студентлер ушын шегирме жәриялады;

–Пуқараны сүўретке түсириў, ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ, социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе? (видео);

– Қысқы дем алыс 29-декабрьден басланады;

– Пенсияны пластик карта арқалы алатуғынларға қандай жеңиллик бар?;

– 2025-жылда кәмбағал шаңарақ перзентлериниң бақша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи;

– Өзбекстанда социаллық хызмет ҳәм жәрдем алыў ушын арнаўлы карта енгизиледи;

– Кәмбағал шаңарақ перзентлериниң дөгерек қәрежети 80% ке шекем бюджеттен қанланады;

– Китап оқығанлар оны оқымағанларға салыстырғанда көбирек өмир сүреди – изертлеў нәтийжеси;

– «Әжинияз» көркем-публицистикалық филминиң сценарийи баспадан шықты.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бала пулын алып атырған шаңарақта балалардың саны көбейсе не болады?

Министрлер Кабинетиниң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып,

– Балалар напақасы тайынланған шаңарақта балалар саны өзгерген жағдайда (бала туўылғанда, 18 жасқа шекем болған балалардың бири қайтыс болғанда, балалар 3 жасқа ҳәм 18 жасқа толғанда ҳам т.б), балалар напақасы муғдары балалардың тийисли санынан келип шығып, кейинги айдан баслап "Бирден-бир реестр" мәлимлеме системасы тәрепинен автоматластырылған түрде мәпдар министрлик ҳәм шөлкемлердиң мәлимлеме системаларынан электрон формада усынылған мағлыўматларға тийкарланып қайта есапланады, деп көрсетилген.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12703

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Денениң суўсызланғанлығын анықлайтуғын тест

Организмде суў дәрежеси жетерли екенлигин анықлаў ушын әпиўайы тест бар. Қол терисин әсте шымшып, соң қойып жибериң. Суў дәрежеси нормал болған адамның териси дәрҳал тегисленеди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12729


Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Педагогларға 70%лик үстеме бериў жолға қойылмақта

Аттестацияда 86 ҳәм оннан жоқары балл топлаған оқытыўшыларға 70% үстеме берилиўи мүмкин.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министрлиги Педагог кадрларға маманлық дәрежелерин бериў процессин шөлкемлестириў басқармасы баслығы Сардор Рахимбоевтың айтыўынша, халықаралық стандартлар тийкарында маманлық сертификатына ийе болған педагогларға 70% үстеме берилиўи мүмкин.

Ҳәзир халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў басланған. Система халықаралық аккредитациядан өткеннен кейин усы талаплар тийкарында 86 баллық нәтийже менен маманлық сертификатын алған педагоглар 70% үстеме алыўы мүмкин болады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў тәртиби қандай?

Анасы тәрепинен таслап кетилген баланы дизимге алыў бала жайласқан медициналық бирлеспе қәўендерлик ҳәм қайырқомлық органы арзасына муўапық, баланың анасы тәрепинен таслап кетилгенинен 7 күн өтпестен әмелге асырылады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12704


Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Бойдың өсиўине жәрдем беретуғын 10 өним

Бойдың өсиўине жәрдем беретуғын 10 өним

1. Банан
2. Сулы жармасы
3. Дәнли өнимлер

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12694

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️Мәҳәлле банкирлери хызмети жолға қойылады

Президент Шавкат Мирзиёев басшылығында банк хызметлери арқалы мәҳәллелерде кәмбағаллықты қысқарттырыў бойынша усы жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жыл ушын тийкарғы режелер бойынша жыйналыс ѳткерилди.

Жыйналыста мәҳәллелер дәрежесинде ҳәкимлер банклер менен биргеликте ислеўи зәрүр екенлиги айтып ѳтилди. Бул адамлардың дәраматын арттырыў бойынша биргеликте ислейтуғын система болады, деп хабар береди Kun.uz.

Бунда район банклери клиентлер менен ислеп, исбилерменлердиң жобаларына кѳмеклеседи, олардың машқалаларын орнында шешеди, район ҳәкимлери болса проектти орын ҳәм инфрасистема менен тәмийинлеў миннетлемесин алады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Хабарландырыў❗️

Усы жылдың 18-декабрь күни саат 09:00 ден 21:00 ге шекем Нөкис қаласы турғынлары, исбилерменлик субъектлери хәм ислеп шығарыўшы кәрханаларға ишимлик суў жеткерип бериў ўақтынша тоқтатылады, деп хабарлайды  «Қарақалпақстан суў тәмийнаты» АЖ мәлимлеме хызмети.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Электросет ток өшиўи ҳаққында алдыннан хабар бериўи керек

Министрлер Кеңесиниң 2024-жыл 31-майдағы 319-санлы қарарына тийкарланып, аймақлық электр кәрханалары электр тармағы хожалығы объектлериниң режели оңланыўы себепли электр энергиясы менен тәмийинлеўдеги мүмкин болған үзилислер ҳаққында кеминде 3 күн алдын ескертиўи керек.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12695


Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жүрек ушын пайдалы ишимликлер

Суў
Егер суў жеткиликли болмаса, қан қойыўласып баслайды ҳәм жүрек тез ислейди, бул оның шаршаўына себеп болады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12692
Нөкис районында 1 млрд сомлық көмир талан-тараж етилди

Нөкис районында социаллық тараў объектлерин ысытыў ушын жеткерип берилген көмирди талан-тараж етиў жағдайы анықланды. Бул ҳаққында Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти хабар берди.

Мәлим етилиўинше, МЖШ келисимине тийкарланып көмир жеткерип беретуғын «Н.А.» ЖШЖға социаллық тараў объектлерин ысытыў ушын жеткерип берилген көмир өлшеўден өткерилгенинде, ЖШЖ жуўапкер шахслары улыўмалық баҳасы 1 млдр сомлық жәми 2 514 тонна көмирди талан-тараж еткенлиги анықланды.

Бул жағдай бойыша Жынаят кодексиниң 167-статьясы (өзлестириў ямаса растрата жолы менен талан-тараж етиў) менен жынаят иси қозғатылып, тергеў ҳәрекетлери өткерилмекте.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Студент қандай жағдайларда оқыўдан шетлетиледи?

Ҳүкиметтиң 2017-жыл 20-июнь сәнесиндеги 393-санлы қарарына бола, студентлер төмендеги жағдайларда оқыўдан шетлетиледи:

– Өз қәлеўи менен;

– Оқыўдың басқа билимлендириў шөлкемине көширилиўи мүнәсибети менен;

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12711

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
🚊Қысқы дем алыс мүнәсибети менен қосымша вагонлар жолға қойылады

Қысқы дем алыс дәўиринде жолаўшылардың темир жол транспорты қатнаўларына болған талабын қандырыў мақсетинде 2024-жыл 15-декабрьден 12-январьға шекем бир неше жѳнелислерде қосымша поезд қатнаўлары шѳлкемлестириледи ҳәм вагонлар саны кѳбейтиледи.

Соның ишинде «Ташкент–Қоңырат–Ташкент» жѳнелисинде 2024-жыл 20-декабрьден ҳәр күни 4 қосымша пласкарт вагонлары қосылады.

Өзбекстан Республикасы Транспорт министрлиги

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube