KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Кекселиктеги 3 жаман әдет

Суўды аз муғдарда ишиў, себеби адамлардың шөллеўи жасқа қарап кемейеди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12735

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Чайды жақсы көретуғынлар ушын мәсләҳәтлер

Көк чайды турақлы түрде ишетуғын адамлар бүйрек кеселликлери, бас аўырыўы, жүрек қан-тамыр кеселликлеринен кемнен-кем шикаят етеди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12690

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Жүрек саламатлығы ушын әҳмийетли усыныслар

Дурыс аўқатланың.

– Майлы дузлы ҳәм тез таярланатуғын аўқатлар жүрек ушын зыянлы;

– Дәнли өнимлерди рационыңызға киргизиң.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12744

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Хызметкерлерге кешигип айлық төлеген жумыс бериўшилер кешиккен күнлер ушын процент төлейди

Мийнет кодексиниң 333-статьясына муўапық, жумыс бериўши ис ҳақын, демалыс төлемлерин, мийнет шәртнамасы бийкар етилгендеги төлемлерди яки хызметкерге төлениўи лазым болған басқа төлемлерди төлеў мүддетин бузған жағдайда, оларды төлеў мүддетинен кейинги күннен баслап есап-китап қылынған күнди өз ишине алған мүддетке шекем ҳәрбир кешиктирилген күн ушын Өзбекстан Республикасы Орайлық банкиниң сол ўақытта әмелде болған қайта қаржыландырыў ставкасынан келип шыққан ҳалда процентлер (пуллы компенсация) менен бирге төлеўи шәрт.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12712

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Энергетика министрлиги газ «заправкалар» хызметине шеклеў киргизилиўин мәлим етти

Бул бойынша ўәлаятлар ҳәм районлар ҳәкимликлериниң рәсмий информация дереклеринде тийисли тәртипте мағлыўмат берилиўи жолға қойылады.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
✈️Uzbekistan Airways студентлер ушын шегирме жәриялады

Орта арнаўлы, кәсип-өнер ҳәм жоқары билимлендириў шөлкемлериниң студентлери ушын 23-декабрьден 2025-жыл 7-январьға шекем әмелге асырылатуғын барлық жергиликли авиақатнаўлардың эконом-класс авиабилетлерине 50% ке шекем шегирме бериледи, деп хабар берди Uzairways.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жала жабыў жуўапкершиликке себеп болады

Жынаят кодексиниң 139-статьясына тийкарланып, жала жабыў, яғный, билип турып басқа шахсты шерменде қылатуғын өтириклерди тарқатыў, сондай ҳәрекетлер ушын ҳәкимшилик жаза қолланылғанынан кейин жүз берген болса, базалық есаплаў муғдарының еки жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма яки үш жүз саатқа шекем мәжбүрий жәмийетлик жумыслар ямаса еки жылға шекем тәртип дүзетиў жумыслары менен жазаланады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12736

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
«Time»: «Жыл адамы» сыйлығына даўагерлер жәрияланды

Дизимде Трамп, Ҳаррис, Маск, Нетаньяҳу, Навальная ҳәм басқа белгили шахсларды көриў мүмкин.

«Time» журналы 2024-жыл ушын «Жыл адамы» сыйлығына даўагерлердиң дизимин жәриялады.

Оған бола:

– АҚШ вице-президенти Камала Ҳаррис;
– Уэлс ханшайымы Кейт Миддлтон;
– Исбилермен Илон Маск;
– Алексей Навальныйдың ҳаялы Юлия Навальная;
– Израйыл Бас ўәзири Биньямин Нетаньяҳу;
– АҚШ Федерал резерв системасы басшысы Жером Пауэл;
– Подкастшы Жо Роган;
– Мексика президенти Клаудия Шейнбаум;
– АҚШтың сайланған президенти Дональд Трамп;
– Meta компаниясы бас директоры Марк Цукерберглер «Жыл адамы»на даўагерлик етпекте.

Мағлыўмат ушын, 12-декабрь күни «Time» журналы «Жыл адамы» ким екенлигин мәлим етеди.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Пуқараны сүўретке түсириў, ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ, социаллық тармақларда жәриялаў ҳуқықына ийемиз бе?

Пуқараны сүўретке түсириў ҳәм оннан пайдаланыў, сол сүўрет тийкарында көркем өнер шығармасын дөретиўде сол пуқараның разылығы, егер ол ержетпеген болса, ата-анасының ямаса жақынларының разылығы талап етиледи. Бирақ, сүўретке түсириў ҳәм оннан пайдаланыўда руқсат талап етилмейтуғын жағдайлар да бар:


1. Сүўрет мәмлекет ҳәм жәмийет мәпи ушын пайдаланылғанда руқсат талап етилмейди;
2. Пуқара ғалабалық орыларда, аўқатланыў, саўда ҳәм басқа да хызмет көрсетиў орынларында, концерт, байрам сейиллеринде ҳәм көшелерде сүўретке түсирилген ҳәм оннан мақсет сол жердеги процессти сәўлелендириў болғанда разылық талап етилмейди.
3. Және де сол сүўреттен пайдаланыўдан мақсет пуқараның ҳуқықларын қорғаў болғанда разылық талап етилмейди.

Толық оқыў ушын: https://karinform.uz/kk/article/12762

Youtube арқалы тамаша етиң 👇
https://www.youtube.com/shorts/60cFvi6gCWQ

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Көк пияз шаштың тез өсиўине жәрдем береди

Жаңа көк пияз иштейди ашыў ушын хызмет етип келген. Соның ушын да тағамды безеўде алдынғы орынларда турады. Көк пияз аўқаттың жақсы сиңиўин тәмийинлейди. Көплеген микроэлементлер, протеинлер, провитамин А ҳәм С витаминлерине жүдә бай.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12693

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Шаш ушлары қыйып турылса, тез өсиўи рас па?

Шаш өсиўи - бул шаш фолликуласының ишинде жүз беретуғын сырлы процесс. Фолликулаларда шашлардың дүзилисин қурайтуғын клеткалар бар.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12684

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Жәмийетлик транспортлардың жолынан жүриў мүмкин емес

Депутатлар жәмийетлик транспортлар ушын ажыратылған жолларда басқа транспорт қураллары ҳәрекетленгенлиги ушын жуўапкершилик көзде тутылған нызам жойбарын қабыл етиўи жобаластырылған, деп хабар береди Олий Мажлис Нызамшылық палатасы.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Арнаўлы хызметлерди алдап шақырғанлығы ушын жуўапкершилик бар ма?

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 199-статьясында арнаўлы хызметлерди алдап шақырғанлығы ушын жуўапкершилик белгиленген.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12698

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қысқы дем алыс 29-декабрьден басланады

Мектеплерде 2025-жыл 11-январь (шемби) күнине белгиленген сабақлар 2024-жыл 28-декабрь (шемби) күнине өткериледи. Оқыў жылының үшинши шереги 2025-жыл 13-январьдан басланады.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Сиз неше саат уйқылайсыз?

0-2 саат – бул аралықтағы уйқы дыққатты жәмлеўдиң қыйынласыўы ҳәм итибардың пәсейиўине алып келеди.

3-4 саат – қанда қант муғдары кескин түрде көтериледи, дене салмағы артып баслайды.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12687

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Пенсияны пластик карта арқалы алатуғынларға қандай жеңиллик бар?

2025-жылдан ис ҳақы, пенсия ҳәм напақалар сезилерли дәрежеде көбейтиледи. Яғный, январь айынан баслап ис ҳақы, пенсия ҳәм напақалар өз ўақтында төленип, инфляция дәрежесинен кем болмаған муғдарда арттырылады, деп хабар береди УзА.

Соның менен бир қатарда, нызамшылықта пенсияны пластик карта арқалы алатуғынлар ушын жеңиллик бар болып, қосымша төлем енгизилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ишимлик суўына машина жуўғанлар жуўапкершиликке тартылады

Ишимлик суўынан басқа мақсетлерде (машина жуўыў, атыз суўғарыў, үй алдына суў себиў ҳәм т.б) пайдаланыў яки ақылға уғрас пайдаланбаў (керек емес ўақытта да ашып қойыў) суўды тоқтатып қойыў ушын тийкар бола алады.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12699

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Еслетпе!

5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер ушын   14-декабрь (шемби) рәсмий жумыс күни есапланады.

Бунда хызметкерлер шемби күни ислегениниң есабына, дем алыс күни 30-декабрьге көширилген.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Таңғы ас не ушын керек?

Мағлыўматларды жақсырақ концентрациялаў ҳәм ядлаў ушын зәрүр.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12691

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Суўықта бас кийим кийиўди умытпаң

Басыңызды жыллы тутың: Бас арқалы денеден ыссылық ең көп жойтылады. Бас кийим болса бул ыссылықты сақлап қалыўға жәрдем береди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12688

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
⚡️2025-жылда кәмбағал шаңарақ перзентлериниң бақша төлеминиң бир бөлеги қаплап бериледи

Оған бола, 2025-жылдан баслап шаңарақлық бақша орынларының 15% и кәмбағал шаңарақ перзентлери ушын ажыратылады ҳәм оларға бақша төлеминиң бир бөлеги төлеп бериледи.

Сондай-ақ, мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириў министри Ҳилола Умароваға келеси жылы кәмбағаллық дәрежеси жоқары болған мың мәҳәлледе биреўден шаңарақлық бақша хызметин жолға қойыў тапсырылды.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube