KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
Еки ҳәм оннан көп 12 жасқа толмаған балалары болған ата-аналарға қосымша демалыс бериледи

Мийнет кодексиниң 401-статьясына тийкарланып, он еки жасқа толмаған еки ҳәм оннан артық баланың яки он алты жасқа толмаған нәгиранлығы болған баланың ата-анасының биреўине ҳәр жылы даўамыйлығы кеминде төрт календарь күн болған ҳақ төленетуғын қосымша демалыс бериледи.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12705

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Арал теңизиндеги Барсакелместиң жаңа сүўретлери жәрияланды

Оның узынлығы 50 километр, кеңлиги 35 километр. Бул жерде ҳақыйқатында да өмир жоқ, дуздың жоқары концентрациясы себепли суў өли жағдайда.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12754

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
UzAM сатылмай атырған Tracker ҳәм Onix'қа және шегирме жәриялады

Енди Tracker моделине максимал шегирме муғдары 29 млн сомды қурамақта. Onix ушын болса 19 млн сомлық шегирме усыныс етилген.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры тайынланды

Бүгин, 5-декабр күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында шөлкемлестириў мәселелерине арналған жыйналыс болып өтти.

Жыйналыста шөлкемлестириў мәселеси көрип шығылып, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң тийисли буйрығы тийкарында Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымына Кувондик Айитбаевич Кадиров тайынланғанлығы атап өтилди, деп хабар береди НМПИ баспасөз хызмети.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12756

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Педагоглардың жумысына араласыўға болмайды

2024-жыл 1-февраль күнги ӨзРН-901-санлы Нызамға бола, педагогдың кәсиплик искерилигине араласыў, оның хызметин тийкарсыз түрде тексериў, педагог тәрепинен тәлим алыўшылардың билимлерин дурыс ҳәм қалыс баҳалаўға тәсир көрсетиў, сондай-ақ, оған өзиниң хызмет мәжбүриятларын әмелге асырыўға тосқынлық етиў қадаған етиледи.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12714

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Азанғы ҳәлсизликтиң себеби не?

Бас айланыўы ҳәм кеўил айныўы спиртли ишимликлер, қант муғдарының пәсейиўи ҳәм суўсызланыў тәсиринде келип шығады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12707

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Time журналы 2024-жылдың ең әҳмийетли ойлап табылыўлары дизимин жәриялады

Жылдың ең әхмийетли ойлап табылыўлары қатарынан кирпикти өсиретуғын технология, еки марте бүкленетуғын Huawei смартфоны, «Онлайн-неке» қосымшасы да орын алған.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12741

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда жаңа жол белгиси енгизилмекте

Өзбекстанда жаңа жол белгиси әмелиятқа енгизилип атырғанлығы хабарланды.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12757

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди

Өзбекстан ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жыл даўамында 2 мәрте артыўы көзде тутылған.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12758

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Мийдиң искерилигин жақсылайтуғын шынығыў

Унамлы пикирлеўди раўажландыражақ болсаңыз, артқа қарай жүриўге ҳәрекет етиң. Әпиўайы жол менен артқа қарай жүриў, мәселен, жатақханадан асханаға шекем, еслеў қәбилетин жақсылайды.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12721

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Балаға ҳешқандай қосымталарсыз фамилия ҳәм әкесиниң атын бериў мүмкин бе?

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 14.11.2016-жылдағы 378-санлы қарарына муўапық, баланың фамилиясына "-ев", "-ов", "-ева", "-ова" сыяқлы ҳәм әкесиниң атына "-евич", "-ович", "-евна" "-овна", "қызы" "улы", "-ий", "-хан", "-хожа", "-хажы", "-бек", "-зада", "-мир-", "абду-" сыяқлы қосымталарды қосыў яки алып таслаў арқалы туўылғанлығы ҳаққындағы гүўалық жазылыўы мүмкин.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12700

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Россияның бир бөлеги жәҳан интернетинен үзилди

Дағыстанлық, чеченстанлық ҳәм ингушетиялық пайдаланыўшылар Telegram, WhatsApp, YouTube тармақлары ҳәм басқа да сырт ел хызметлериниң интернеттеги сайтлары ислемей атырғанлығы ҳаққында хабар берди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12760

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Онкологиялық кеселлик пенен наўқасланған ҳаял-қызлар бийпул емленеди

«Ҳаял-қызлар арасында онкологиялық кеселликлерди қадағалаў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12761

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Күн суўық деп балаларды ҳәдден тыс қалың кийиндирмең

Негизинде, балалардың аязлаўы суўық яки жыллы ҳаўадан емес, ыссылықтан келип шығады, ҳәдден тыс ыссылық элементлер алмасыўы процессин де тезлестирип жибереди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12682

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Қыста Д витаминин ишиў керек пе?

Әлбетте, организм, әсиресе, қыс айларында бул витаминге көбирек мүтәжлик сезеди. Балалар ушын бул жүдә әҳмийетли.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12680

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Билесиз бе, айдаўшы жолда сизге ылай шашыратып кетсе жәриймаға тартылады (видео)

Транспорт басқарыўшыларының автомобилди пиядалар жолларынан (тротуар) жүргизиўи, пиядаларға ылай шашыратыўы базалық есаплаў муғдарының екиден бир бөлеги муғдарында жәриймаға тартыўға себеп болады. Ҳәзирги ўақытта БЕМ 375 мың сумды қурайды.

Енди усындай жағдай жүз берсе не ислеўди жақсы билесиз.


Youtube арқалы тамаша етиң 👇
https://www.youtube.com/shorts/CWjVml3JuSw

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Ташкентте 2025-жыл 1-январьдан баслап автобусларда нақ пул қабыл етиў әмелияты тоқтатылады

Нақ пул арқалы автобусларда ҳәрекетлениў ушын Ташкент қаласындағы бәндиргилерде ҳәм олардың қасында орнатылған барлық төлем қурылмалары яғный, Paynet, MultiPay ҳәм Oson инфокиосклары арқалы бир мәртелик билет сатып алыўы мүмкин.

Telegram|Instagram|Facebook|Youtube
Баланы аўқатын таўысып қойыўға мәжбүрлемеў керек

Балаларды аўқатын таўысыўына мәжбүрлеў - аўқатланыў процессиниң бузылыўына алып келеди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12681

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Karinform.uz'да ҳәпте дайжести

Ҳәпте даўамында жүз берген әҳмийетли жаңалықларға тоқталып өтемиз:

Қарақалпақстан баспасөзиндеги ең ески фотосүўрет – архив материаллары тийкарында;
https://karinform.uz/kk/article/12709

1-декабрьден нелер өзгереди?
https://karinform.uz/kk/article/12746

Енди Өзбекстан пуқаралары Қытайға 30 күн визасыз саяхат етиўи мүмкин;
https://t.iss.one/karinformuz/10894

Тез арада Жер менен селфи түсиў мүмкин болады;
https://karinform.uz/kk/article/12748

Өзбекстандағы дәслепки фотограф ҳәм кинооператордың аянышлы тәғдири ҳаққында нелерди билесиз?
https://karinform.uz/kk/article/12708

Өзбекстанда қайсы социаллық тармақтан жийи пайдаланылады?
https://karinform.uz/kk/article/12731

Өзбекстанда жаңа жол белгиси енгизилмекте;
https://karinform.uz/kk/article/12757

Өзбекстанда ыссылық ҳәм ыссы суў тарифлери 2025-жылда қаншаға артыўы мәлим етилди;
https://karinform.uz/kk/article/12758
Тәбият қойнында айланыў көриў қәбилетин жақсылайды

Алымлар ашық ҳаўада дем алыў балаларда миопи қәўипин кемейтириўин анықлады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12686

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Токсикозды жеңиллетиўге не жәрдем береди?

Ферментленген сүт ѳнимлери – кем майлы творог, йогурт, кефир нәтийжели тәсир кѳрсетеди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12722

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube