KarInform.uz
387 subscribers
9.79K photos
522 videos
37 files
4.76K links
Исенимли ҳәм оператив жаңалықлар, аналитикалық мақалалар жәрияланатуғын Karinform.uz сайтының рәсмий каналы

Facebook: www.fb.com/karinform.uz
Instagram: www.instagram.com/karinformuz
Youtube: www.youtube.com/@KarInform_UZ

Бизге мүрәжат @Karinformuzbot
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Тийкарғы кәсиби тәрбияши болған исбилермен ҳаял ҳаққында

Нөкисли Райхан Өтемуратова бос турған орында ислеп шығарыў кәрханасын шөлкемлестирди. Ана ҳәм оның перзенти енди өнимлерди экспортқа бағдарлаў нийетинде.

Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️⚡️⚡️ДЫҚҚАТ!!! «Қарақалпақстан» телеканалында жаңалық!

Сиз өз талантыңыз ҳәм қәбилетиңиз бенен адамларды таң қалдырыўды, пүткил елимизге танылыўды қәлейсиз бе?

🎭Онда «Талант шоу» телевизиялық таңлаўымызға мәрҳамат!

🎤Таңлаўда 7 жастан 25 жасқа дейинги барлық ҳәўескер талант ийелери миллий ҳәм заманагөй эстрада қосықшылығы ҳәм аяқ-ойыны, қызықшылық ҳәм пародия бағдарларында қатнасыўы мүмкин!

➡️Таңлаўдың таллаў, шерек финал ҳәм ярым финал басқышынан өткен он қатнасыўшы финалда қатнасады.

🎉Таңлаў жеңимпазлары арнаўлы статуэтка, диплом ҳәм қымбат баҳалы саўғалар менен сыйлықланады!

❗️Асығың! Арзалар 1-апрель сәнесине дейин қабыл етиледи.

🤝Сондай-ақ, таңлаўымызға қәўендерлик етиўди қәлеўши исбилерменлерди бирге ислесиўге шақырып қаламыз.

☎️Мүрәжат ушын телефонлар: +998996820986, +998999512085

Каналымызға ағза болың 👉 @karinformuz
#Нызамшылықтағы_жаңалықлар

❗️Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары көбейтиледи

«Мийнет ҳақы, пенсиялар ҳәм напақалардың муғдарын көбейтиў ҳаққында»ғы Президент пәрманы қабыл етилди.

🔰Пәрман тийкарында:

🔸2023-жыл 1-апрельден пенсиялар ҳәм напақалардың муғдары 7 процентке көбейтиледи.

🔸2023-жыл 1-апрельден Өзбекстан аймағында:

▫️пенсияны есаплаўдың базалық муғдары – айына 347 000 сум;

▫️жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдары – айына 677 000 сум;

▫️майыплық пенсиялары, соның ишинде, мийнет стажы толық болмаған майыплық пенсиясының ең кем муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасы ҳәм балалықтан майыплығы болған адамларға берилетуғын напақа муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ 1941-1945-жыллардағы урыс ақыбетинде майып болған адамлар ҳәм оның қатнасыўшылары, сондай-ақ, фашистлер концлагерьлериниң жас өспирим бурынғы тутқынлары ҳәм Ленинград қаласы қамал етилген дәўирде ислеген адамлардың ең кем пенсия муғдары үстемелерди есапқа алған ҳалда – айына 3 296 000 сум;

▫️ белгиленген жасқа байланыслы ең кем пенсия муғдарынан (677 000 сумнан) 747 000 сумға шекем пенсия алыўшылардың жасқа байланыслы пенсияларының муғдары – айына 747 000 сум;

▫️ зәрүр мийнет стажына ийе болмаған кексе жастағы пуқараларға берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;

▫️ мийнет стажы толық болмаған ўақыттағы жасқа байланыслы пенсияның ең кем муғдары қосымша төлемди есапқа алған ҳалда – айына 535 000 сум;

▫️ басқалардың күтимине мүтәж майыплығы болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болған баланың ҳуқықый ўәкилине берилетуғын напақа муғдары – айына 535 000 сум;

▫️ бағыўшысын жойытқанлық напақасын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын напақа муғддары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын – 198 000 сум қосылады;

▫️ бағыўшысын жойытқанлық пенсиясын алыўшылардың бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын пенсияның ең кем муғдары – айына 535 000 сум етип белгиленеди ҳәм кейинги ҳәр бир мийнетке жарамсыз шаңарақ ағзасы ушын әмелдеги тәртипке муўапық пенсия төленеди.

🔸Сондай-ақ, 2023-жыл 1-майдан баслап бюджет шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақысы муғдары 7 процентке көбейтиледи.

🔸 2023-жыл 1-майдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

▫️ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 980 000 сум;

▫️ базалық есаплаў муғдары – айына 330 000 сум етип белгиленеди.

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Қарақалпақстан Республикасы Конституциясының қабыл етилгенине 30 жыл толды

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы 1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясы алғы сөз, 6 бөлим, 26 бап, 121 статьядан ибарат.

Конституция әмелге асырылып атырған демократиялық реформалардың ҳәм олардың нызамшылық тийкарларын жаратыўдың баслы ҳуқықый тийкары, инсан ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўының кепили болып есапланады.

Қарақалпақстан Республикасының Конституциясына 1994-жылы 26-февраль, 1995-жыл 31-октябрь, 1997-жыл 15-декабрь, 2003-жыл 12-ноябрь, 2014-жыл 27-июнь, 2019-жыл 29-июнь ҳәм 16-декабрь, 2021-жыл 12-февральдағы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң тийисли шақырық ҳәм сессияларында өзгерис және қосымшалар киргизилген.

Karinform.uz

Каналымызға ағза болың
👉 @karinformuz
9-апрель – Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби қабыл етилген күн

1993-жыл 9-апрель күни он екинши шақырық Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Советиниң он екинши сессиясында «Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызам қабыл етилген.

Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби Қарақалпақстан Республикасының суверенли мәмлекет екенин аңлатады.

«Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик герби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық:

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик герби элементлериниң мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳүжжетлериниң реквизитлери ямаса реклама материалларына киргизилиўине жол қойылмайды;

- Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик гербиниң тәрийплемеси түсирилген белгилерден ислеп шығарылып ямаса реализацияланып атырған товарларды (жумысларды, хызметлерди) өткериў ушын коммерциялық мақсетлерде пайдаланыў мүмкин емес;

- Мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң белгилери Қарақалпақстан Республикасының Мәмлекетлик гербине уқсас болыўы мүмкин емес.

Karinform.uz

Каналымызға ағза болың
👉 @karinformuz
⚡️Қарақалпақ тили «Түсиндирме сөзлиги»ниң мобиль қосымшасы жаратылды

«Bookie» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы шеңберинде «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги» төрт томлық китабының мобиль қосымшасы ислеп шығылды.

Жойбар Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси жанындағы Қарақалпақ тилин раўажландырыў фонды тәрепинен қаржыландырылды.

Бул платформа латын ҳәм кирилл жазыўында ислеп шығылды. Түсиндирме сөзликтиң мобиль қосымшасы «Play Market»ке жүкленди ҳәм халыққа программалық жақтан таяр формада усынылмақта. Веб платформаның URL мәнзилин https://tusindirmesozlik.uz арқалы излесеңиз болады.

Tолық мағлыўмат 👇
https://karinform.uz/kk/article/12675

Каналға ағза болыў 👉 @karinformuz
Karinform.uz сайты тәрепинен википедияның қарақалпақша сегментин жаңалаў бойынша #KarinformWiki жойбарын баслаған едик. Усы жойбар тийкарында википедияға мағлыўматлар жайластырыў тәртиби бойынша видеоқолланба ислеп шықтық.

Төмендеги силтеме арқалы көрип шықсаңыз болады 👇

https://youtu.be/hDDpcONYMIw
#KarinformWiki жойбары тийкарында таярланған видеоқолланбада қарақалпақша википедияға мағлыўмат жайластырыў тәртиби көрсетилген.

Төмендеги силтеме арқалы көриўиңизге болады 👇

https://youtu.be/jKVqqJdiYVI
Википедияның қарақалпақ тилиндеги сегментине мақала жайластырыў ҳәм оны киши темаларға бөлиў бойынша видеоқолланба.

Төмендеги силтеме арқалы көриўиңизге болады👇

https://youtu.be/ymFxZZ3NfN8
#KarinformWiki

Википедияға жайластырылған мақалаларға инфобоксларды ислеп шығыў тәртибин төмендеги видеоқолланба арқалы көриўиңизге болады 👇

https://youtu.be/1hljC0wro_c
Қарақалпақстан баспасөзиндеги ең ески фотосүўрет – архив материаллары тийкарында

Қарақалпақстан баспасөзи 1924-жыллардан баслап қәлиплесе баслаған болса, бул жылларда дәслепки «Қызыл Қарақалпақстан», «Советская Каракалпакия» сыяқлы газеталар шыға баслады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12709

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Тил байрамы қай жерде қалай белгиленеди?

Бүгин дүньяда 7 мыңға жақын тил бар. Мағлыўматларға қарағанда, олардың 43%и жоғалып кетиў қәўпи астында турыпты. Ҳәр еки ҳәптеде бир тил қолланылыўдан шығып атырғанына исениў қыйын.

Толық оқыў 👉https://karinform.uz/kk/article/12742

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Дәри аллергиясы қалай билинеди?

Аллергия организмниң бийтаныс, жат элементлерге қарата тәсиршеңлик қәбилетин аңлатады.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12706

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Қарақалпақстан Республикасында биринши алтын кәни өзлестирилди

Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтың Қарақалпақстан Республикасына сапары даўамында мәмлекетимиз басшысы аймақта әмелге асырылып атырған инвестиция жойбарлары менен танысқан еди.

Tолық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12733

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Алымлар көз операцияларының нәтийжелилигин арттырыў ушын жасалма интеллектти жаратты

Волгоград мәмлекетлик университети россиялы алымлар жасалма интеллект тийкарында медициналық мәлимлеме системасы модулин ислеп шықты.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12732

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Пияда жүриўдиң күнделикли нормасы қанша?

Саламат болыў ушын күнине 21 минут жүриў жеткиликли, бирақ турақлы түрде тәкирарланыўы керек.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12689

Тelegram
|Instagram|Facebook|Youtube
Егер шахс нызамсыз түрде ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылған болса оған жеткерилген зыян мәмлекет тәрепинен қапланады

Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 302-статьясына тийкарланып, хәкимшилик жуўапкершиликке нызамсыз түрде тартылыўы нәтийжесинде пуқараға жеткерилген зыян ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы исти көрип шыққан органның (шахстың) айыбына қарамастан мәмлекет тәрепинен толық төленеди.

Толық оқыў ушын 👉 https://karinform.uz/kk/article/12734

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Конституция күни мүнәсибети менен избе-из үш күн демалыс болады

2024-жылдың 8-декабри екшемби күнине туўра келгенлиги себепли демалыс 9-декабрь дүйшемби күнине көшириледи. Солай етип:

– 7-декабрь, шемби – ҳәптеде бес күнлик ислейтуғынлар ушын демалыс күни;

– 8-декабрь, екшемби – Конституция күни;

– 9-декабрь, дүйшемби – ҳәмме ушын дем алыс күни болады.

Тelegram|Instagram|Facebook|Youtube
Қандай жағдайларда балалар напақасы ҳәм социаллық жәрдем бериў тоқтатылады?

Ҳүкиметтиң 654-санлы қарары менен тастыйықланған нызамға тийкарланып, төмендеги жағдайларда балалар напақасы ҳәм социаллық жәрдем берилиўи тоқтатылады

Толық оқыў ушын 👉
https://karinform.uz/kk/article/12728


Тelegram|
Instagram|Facebook|Youtube