Joqarǵi keńes.uz
40.1K subscribers
19.3K photos
1.46K videos
10 files
8.09K links
Веб-сайт: www.joqargikenes.uz
Instagram: www.instagram.com/joqargikenes.uz/
Facebook: www.fb.com/joqargikenes
Youtube: www.youtube.com/@joqargikenes

© Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Download Telegram
Президент Шавкат Мирзиёев Хоразм вилоятига келгач, дастлаб Қорақалпоғистоннинг Амударё туманига бориб, Амударёдаги янги кўприкнинг очилиш маросимида иштирок этди.

Президент Шавкат Мирзиёев Хорезм ўәлаятына келгеннен соң, дәслеп Қарақалпақстанның Әмиўдәрья районына барып, Әмиўдәрьядағы жаңа көпирдиң ашылыў мәресиминде қатнасты.

#Mirziyoyev #safar #Xorazm #kuprik

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Президент: Бул көпир өзбек ҳәм қарақалпақ халықлары арасындағы аўызбиршилик ҳәм биргеликтеги көпир.

Президент: Бу кўприк ўзбек ва қорақалпоқ халқлари ўртасидаги оғзибирлик ва ҳамкорлик кўпригидир


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Янги кўприк мустаҳкам ишонч ва дўстлик, оғзибирлик ва ҳамкорлик кўпригидир

Жаңа көпир беккем исеним ҳәм дослық, аўызбиршилик ҳәм биргеликтеги көпир

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Президент Шавкат Мирзиёев Амударёда янги кўприк очилишидан сўнг Қорақалпоғистон ва Хоразм фаоллари билан самимий мулоқот қилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Әмиўдәрьяда жаңа көпир ашылыўынан соң Қарақалпақстан ҳәм Хорезм белсендилери менен шын кеўилден пикирлести.

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Халық ийгилиги жолында

Қарақалпақстан ҳәм Хорезм халқы ушын жыллар даўамында арзыў болып келген заманагөй көпир қурылысы Президентимиздиӊ 2020-жыл 13-декабрь күни Хорезм ўәлаяты белсендилери менен ушырасыўында билдирген усынысы менен басланған еди.

Пүткил мәмлекетимиз ушын әҳмийетли есапланған Қараөзек районынан Әмиўдәрья ҳәм Гурлан районлары арқалы Шовот районы менен байланыстырыўшы темир жол узынлығы 85 км.ди қурайды.

Ең жақын автомобиль ҳәм темир жолға ийе, узынлығы 423, бийиклиги 11,5 кеӊлиги 8 метр болған усы көпир күнине 12 мың автомобиль ҳәм 24 жуп поезд өткериў имканиятына ийе.

Жаңа көпир ҳүрметли Президентимиз тәрепинен пайдаланыўға тапсырылғаннан соң жүк ҳәм жолаўшы тасыў аралығы сезилерли дәрежеде қысқарды.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Берилген имканият жаңа жойбарларды әмелге асырыўға тийкар болмақта

Қарақалпақстанды социаллық экономикалық жақтан раўажландырыў бағдарында Президентимиз тәрепинен бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилип атыр.

Өткен жылдың 8-август күни исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм Қарақалпақстанда исбилерменликти раўажландырыў бойынша 129-санлы тарийхый пәрман қабыл етилгени бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтерди. Усы қатарда инвестиция киргизиў миннетлемеси менен жойбар басламашыларына жер участкаларын туўрыдан-туўры узақ мүддетли ижара ҳуқықы менен бериў имканияты жаратылды.

Ҳәзирги ўақытта республикамыз аймағынан исбилерменлердиң өз бизнесин баслаўы ҳәм кеңейтиўи ушын жер майданлары ажыратып берилмекте.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Балық жети ғәзийнениң бири

Қыйтақ жер дәрамат дереги. Ҳақыйқатында да, бүгинги күнде қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, шаңарағы дәраматына дәрамат қосып атырған, аз жерден мол зүрәәт алып атырғанлар саны күннен-күнге артып бармақта.

Елликқала районы «Бостан» мәҳәллесинде жасаўшы Раматулла Абдуллаев та қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, бүгинги күнде жети ғәзийнениң бири болған балық жетистириўди жолға қойған.

Ең баслысы, 2 соток жерде жасалма ҳәўиз қурып, бүгинги күнде шаңарағына қосымша дәрамат киргизип атыр.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Халық ийгилиги жолында


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Журналистика тараўына қызығыўшылар дыққатына!

Қарақалпақстан телеканалы саз сәўбетли, дем алыс ҳәм кино бағдарламалары редакциясының көрсетиўлеринде, сиясий бағдарларда, хабар ҳәм жаңалықларда баслаўшылық ушын кастинг жәриялайды.

Егер, сиз қарақалпақ, өзбек, рус тиллеринде өз пикириңизди дәл ҳәм анық баянлай алатуғын болсаңыз ҳәр күни саат 9:00 ден 18:00 ге шекем Қарақалпақстан телеканалында кастингде қатнасыўыңыз мүмкин.

Талабанлар 20-35 жас аралығында болыўы керек.

Байланыс ушын (61) 226-52-92


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Жоқарғы Кеңес Баслығы Шымбай районы белсендилери менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Шымбай районындағы мәҳәлле белсендилери, көше бийлери ҳәм район жуўапкерлери менен ушырасты.

Онда дәслеп, соңғы жыллары елимизде ҳүрметли Президентимиздиң тиккелей итибары ҳәм ғамхорлығы менен әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, тек ғана Қарақалпақстан ушын берилген имканият ҳәм жеңилликлер, усы тийкарда халқымыз турмысына терең кирип барып атырған реформалар ҳаққында атап өтилди.

Айтып өтиў керек, Шымбай районын раўажландырыў бойынша ҳүрметли Президентимиз тәрепинен ажыратып берилген қаржылар тийкарында бир қатар жумыслар әмелге асырылды. Халық ийгилиги жолындағы бундай ийгиликли илажлар быйылғы жылда да даўам еттириледи.

Өткерилген ушырасыўда Шымбай районын раўажландырыў бойынша район ҳәкиминиң 2024-жылда әмелге асырылыўы режелестирилген жумыслары ҳәм белгиленген ўазыйпалары бойынша презентациясы тыңланды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы ушырасыўда зиярат орынларын абаданластырыў, оларға алып барыўшы жолларды оңлаў бойынша жумыслар басланғанлығын атап өтти. Усы қатарда классик әдебиятымыздың көрнекли ўәкиллери болған Күнхожа ҳәм Бердақ бабаларымыз жерленген «Қарақум ийшан» қойымшылығына алып барыўшы жол қайта оңланатуғынлығы, қойымшылық зиярат туризминде айрықша әҳмийетли мәнзиллердиң бирине айландырыў бойынша әмелий илажлар көрилетуғынлығы айрықша тилге алынды.

Ўзб

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM