Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
15.8K subscribers
21.6K photos
3.25K videos
55 files
6.7K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Таза_қала_2021
#онлайн

Бүгин "Таза қала" Жаслар басламасы жойбарына үлес қосыў мақсетинде Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм Мәмлекетик кадастрлар палатасы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы хызметкерлери де белсендилик көрсетпекте. Тараў хызметкерлери тәрепинен "Дослық" каналы бойында 0,5 га жер майданға 100 дана шырша егилип абаданластырыў жумыслары алып барылмақта.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Таза_қала
#Жаслар_басламасы
#Фото_репортаж
 
"Дослық" гүзары


Бул жерде студент-жаслар өзиниң белсендилигин көрсетип "Дослық" гүзарында жайласқан жайларының әтирапына нәллер екпекте.

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Taza_qala_2021
#onlayn

"Dárbent" MPJ aymaǵındaǵı shıǵındılar tazalanıp, terekler astı jumsartılıp,egislik jer maydanları awdarılmaqta.

👉👉@Jaslar_isleri_agentligi
#Таза_қала_2021
#онлайн

СамВМИ студент жаслары тәрепинен жумыслар өз жуўмағына жетти. Аймақтан жәми 4 машинада шығынды алып кетилди.

Мағлыўмат ушын, бул "Сарбиназ" МПЖ аймағы.

👉👉@Jaslar_isleri_agentligi
Бүгин "Таза қала" Жаслар басламасына старт берилди. Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы кеўилли жаслар тәрепинен дүзилген топар «Туран» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы «Дослық» каналы бойын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумысларына қызғын кирисип кетти.

ӨзМКӨМИ Нөкис филиалы каналына ағза болың: 👇👇👇 https://t.iss.one/uzdsminf_24
#Таза_қала_2021
#Жаслар_басламасы
#Онлайн

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси баслығы Мурат Камалов Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы "Сәрдарлар кеңеси" тәрепинен исленген қуслар уясы менен жақыннан танысты.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi