Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
12.9K subscribers
22.5K photos
3.87K videos
57 files
7.52K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
Шымбай районында «Жас китапқумар» таңлаўы

Шымбай районы ҳәкимлиги, Жаслар ислери агенлиги районлық бөлими, Жаслар аўқамы жергиликли Кеңеси, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими менен биргеликте «Жас китапқумар» Республика таңлаўының Шымбай районлық басқышы шөлкемлестирилди.
Биринши басқышта тест сынағы арқалы жоқары балл топлаған 15 жеңимпаз 2-басқышқа жоллама алған еди.
49-санлы улыўма билим бериў мектебинде өткерилген таңлаўда «Әдебий китаплар билимданы», «Сораў-жуўап» шәртлери бойынша өз билимлерин сынақтан өткерген қатнсыўшылар арасынан:
10-14 жас тайыпасы бойынша Ф. Жеинбаева 22-санлы мектеп окыўшысы;
15-19 жас тайыпасы бойынша Г. Хожабаева 37-санлы мектеп окыўшысы;
20-30 жас тайыпасы бойынша Г.Есназарова 48-санлы мектеп оқытыўшысы;
жеңимпаз болды ҳәм таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.
Таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан жаслар Шымбай районы ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.


Репортёр: Азизбек Дабылов

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Мойнақта: «Жас китапқумар» кѳрик таңлаўы ѳткерилди

Бүгин, Мойнақ районы Жаслар орайында «Жас китапқумар» таңлаўының районлық басқышы болып ѳтти.
Проза, поэзия ҳǝм публицистика дѳретиўшилериниң бай руўхый мийрасын үйрениў, мәденият, илим, пән раўажына үлес қосқан уллы бабаларымыздың шығармаларын кɵз қарашығындай сақлаў, ибратлы өмирин ҳәм жǝмийетлик искерлигин үгит-нәсиятлаў мақсетинде ѳткерилген илажға 10-14, 15-19, 20-30 жас аралығындағы жаслар қатнасты.

Мойнақ районы ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, Ѳзбекстан Жаслар аўқамы районлық Кеңеси ҳǝм республика руўхыйлық-ағартыўшылық орайы районлық бѳлими менен биргеликте шѳлкемлестирген илаж қатнасыўшылары еки шǝрт бойынша билим көнликпелерин сыннан өткерди.
Таңлаў жуўмағында биринши орынды:
10-14 жас категориясы бойынша Ж.Нағашбаева 4-санлы мектеп окыўшысы;
15-19 жас категориясында Н.Узақбаева 12-санлы мектеп окыўшысы;
20-30 жас категориясы бойынша Д.Қонысбаева 1-санлы мектеп оқытыўшысы
ийеледи.

Мойнақ районы ҳǝкимлиги Мǝлимлеме хызмети
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Қарақалпақстанда биринши мәрте «Жаслар студиясы» шөлкемлестирилмекте

☝️16 жастан жоқары, журналистикаға қызығыўшылығы бар яки журналистика тәлим бағдарында оқып атырған, кеминде бир мәрте ҒХҚ (тв, радио, интернет яки газета)да мақалалар жазып тәжирийбе топлаған жасларды «Жаслар студиясы»на мирәт етемиз🤗

Еслетпе: «Жаслар студиясы»на репортёрлар «Кастинг» арқалы таңлап алынады.

«Кастинг»те қатнасыўды қәлеўши жаслар усы 👉👉👉 https://t.iss.one/jaslarstudiyasi силтемесиниң үстин басың🤗

«Кастинг» өткерилиўи ҳаққында қосымша мағлыўмат бериледи

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
⚡️«Жас китапқумар» таңлаўының районлық басқышы
Қоңыратта…

Қоңырат районы ҳәкимлиги, Жаслар ислери агенлиги районлық бөлими, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими менен биргеликте «Жас китапқумар» Республика таңлаўының Қоңырат районлық басқышы шөлкемлестирилди.
Қоңырат районы 2-санлы кәсип-өнер мектебинде өткерилген таңлаўда «Әдебий китаплар билимданы», «Сораў-жуўап» шәртлери бойынша өз билимлерин сыннан өткерген қатнасыўшылар арасынан:
10-14 жас категориясы бойынша Юсупжанов Хуршидбек 31-санлы мектеп окыўшысы;
15-19 жас категориясы бойынша Ибадуллаев Махмуд 8-санлы мектеп окыўшысы;
20-30 жас категориясы бойынша Зикриллаева Шоира 52-санлы мектеп оқытыўшысы;
жеңимпаз болды ҳәм таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жоллама алды.

Таңлаў жеңимпазлары ҳәм белсене қатнасқан жаслар Қоңырат районы ҳәкимлиги тәрепинен баҳалы саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
⚡️Шоманайлы "Жас китапқумар"лар беллести

Бүгин, 9-февраль күни райондағы 33-санлы қанигелестирилген улыўма билим бериў мектебинде «Жас китапқумар» таңлаўының районлық басқышы болып өтти.

Таңлаўда жеңимпаз болған жаслар район ҳәкимлиги ҳәм Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими тәрепинен диплом ҳәм китаплар топламы менен сыйлықланды.

Репортёр: Гулайым Нургалийева

👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Хожели

Хожелили спортшы өспиримлер футзал бойынша Вице-чемпионы болды

Бүгин, 9-февраль күни Нөкис қаласы 1-санлы Балалар ҳәм жас өспиримлер спорт мектебинде 2009-жылда туўылған жас өспиримлер арасында футзал спорт түри бойынша «Спорт мектеплер футбол лигасы» Қарақалпақстан Республикасы Чемпионатында Хожели районы Балалар-өспиримлер спорт мектебиниң сайланды командасы сыйлы 2-орынды ийелеп, гүмис медаллар менен сыйлықланды.



Репортёр:
Айдана Алламбергенова


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Хожели

«Жас китапқумар» кѳрик-таңлаўы Хожели районында да болып өтти

Хожели районы ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги районлық бөлими, Жаслар аўқамы районлық Кеңеси, Хожели районы Халық билимлендириў бөлими менен биргеликте «Жас китапқумар» Республика таңлаўының Хожели районлық басқышы өткерилди.

Таңлаў райондағы 3-санлы мектепте болып өтти ҳәм онда қатнасыўшылар «Әдебий китаплар билимданы», «Сораў-жуўап» шәртлери бойынша өз билимлерин сынақтан өткерди.

Таңлаў жеңимпазлары Хожели районы ҳәкимлиги тәрепинен таярланған баҳалы саўғалар ҳәм диплом менен сыйлықланды.



Репортёр:
Айдана Алламбергенова


👉👉 @jaslar_isleri_agentligi