Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
14.6K subscribers
21.7K photos
3.32K videos
55 files
6.81K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
⚡️Жаңа министрлик шөлкемлестирилди

Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Туризм, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында мәмлекетлик басқарыў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди.

Пәрманға муўапық, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети негизинде Туризм ҳәм спорт министрлиги шөлкемлестирилди.

Сондай-ақ, Дене тәрбия ҳәм спорт министрлиги және Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң тийисли аймақлық бөлимлери негизинде министрликтиң Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық бас басқармалары, районлық (қалалық) бөлимлери шөлкемлестирилди.

Министрлик туризм, дене тәрбия, спорт ҳәм мәдений мийрас тараўларында бирден-бир мәмлекетлик сиясатты әмелге асыратуғын мәмлекетлик басқарыў уйымы есапланады.

Ислам Матеков.

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
АҚШта ярым әсир гаражда сақланған Ferrari 2,5 млн долларға сатылмақта

Gooding & Company онлайн-аукционы арқалы 1955 жылда ислеп шығарылған Ferrari 250 Europa GT сатыўға қойылады. Ҳәзирге шекем 33,5 мың километр жазған спорткар 2,5 миллион долларға баҳаланбақта, деп хабар береди Motor.

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
⚡️Қоңыраттағы мектепке Президент саўғасы – «Spark» автомобили тапсырылды


👉👉👉 https://jaslarnews.uz/7202.html

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉
Facebook
Пекин ең көп миллиардер жасайтуғын қалаға айланды

▪️2020-жылда Пекинде миллиардерлер саны 100ге жеткен.
Форбес дизиминде кейинги орынды 99 миллиардер менен Нью-Йорк қаласы ийелеген,
- деп жазады Xpress.uz телеграм каналы.

Ең көп миллиардер жасайтуғын мәмлекет АҚШ – 724 миллиардер. Кейинги орында 698 миллиардер менен Қытай турыпты.

Аўдарма: М. Умбетов

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
⚡️Саламат турмыс ушын - ВЕЛОМАРАФОН

Қоңырат районлық 99 мың 574 әскерий бөлими ҳәм 31-санлы мектеп басланғыш шөлкеми басламасы менен оқыўшы жасларды физикалық шынықтырыў, оларда саламат турмыс тәризин енгизиў мәқсетинде Қоңырат районының ең шетки аймағы, яғный "Қырқ қыз" ППЖда "Саламат турмыс ушын" ураны менен ВЕЛОМАРАФОН шөлкемлестирилди.

Мағлыўмат ушын, марафонда оқыўшы жаслар 8 км аралықты басып өтти ҳәм финишке ең бириншилерден болып жетип келген жаслар Басланғыш шөлкем жетекшиси И.Атаджанова ҳәм "Қырқ қыз" ППЖ инспекторы Э.Джумамуратовлар тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.

Репортёр: Бекберген Адилбаев

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Суд_ҳәм_жаслар
#Ушырасыў

Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қаласы 2021-жыл даўамында жаслар менег ислесиўдың жаңаша системасын пайда етиў бойынша исленген ис-илажлар дәстүриниң "Суд ҳәм жаслар" бәнтин орынлаў мақсетинде Нөкис қаласында жайласқан Ҳәкимшилик судында орта арнаўлы оқыў орынлары (лицей, колледж, техникум, кәсип-өнер мектеплер)иниң қатнасыўында ушырасыў болып өтти.
Оқыўшылар:
ҳақыйқый суд процесинде қатнасты;
қәнийгелер менен ашық сәўбет;
сораўларға тийисли жуўаплар алды;
ҳәкимшилик суды хызметкерлери ҳәм бөлимлер менен танысты.

Репортёр: Мухтар Умбетов

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
Жасырынбаң ​...

❗️Ҳеш ойлап көргенсизбе неге көптен берли ойлап жүрген идеяңызды әмелге асырмай атырсыз?
❗️Не ушын алдыңызға уллы мақсетлер қойып ериспей атырсыз?
❗️Не ушын миллионларға жәрдемиңиз тийиўин қәлесеңиз де ҳеш нәрсе өзгермей атыр?

Себеби, Сизге жасырынып жасаў қолайлырақ. Себеби, Сиз " нәзик тәреплериңиз" (негизинде жетискенлик келтиретуғын тәреплериңиз) бар екенлигин билесиз. Себеби, басқалардың пикири сиз ушын әҳмийетли.

Яқ ! Барлық "себеп"лериңизге яқ дең! Жасырынбаң! Өзлигиңизди көрсетиўден қорықпаң!
Қолайын емес Өзиңиздиң қәлеўиңизди таңлаң !

Аўдарма: Мухтар Умбетов

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
Опадарлықты үйренейик!

Грейфрайерс Бобби атлы ит 1872 жылда дүньядан өткенге шекем 14 жыл даўамында өз ийесиниң қәбирин қорықлаған. Бул садықлығының ҳақыйқый үлгиси есапланады. Ийт өлгенинен бир жыл өткен соң, Баронесса Aнжела Бердетт-Кутц Боббиге арнап ҳәйкел орнатады.

Ҳәйкел астына "Оның опадарлығы ҳәм садықлығы ҳәммемизге үлги болсын" деп жазып қойылған.

👉Telegram
👉Instagram
👉Youtube
👉Facebook
Францияның Гренобль университети магистрантлары
Шымбай районында


Күни кеше, 7-апрель күни Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы Шымбай академиялық лицейинде Францияның Гренобль университетиниң магистрантлары мийманда болды ҳәм оқыўшы жасларды өзлериниң магистрлик жумыслары менен таныстырды.

Тийкарынан:
— Шөл жерлерде ишимлик суўын алыў яғный күнниң ысыўы ҳәм суўыўы нәтийжесинде пайда болатуғын процесстен ишимлик суўын алыў (шық түскен ўақытта);

— Ағын суўдан электр энергиясын алыў ҳәм үй шараятында пайдаланыў;

— Самал энергиясын алыў бойынша жумыслары ҳакқында лицей жаслары менен сәўбетлести.

Магистрантлар 4 ай даўамында Шымбай академиялық лицейи оқыўшылары менен тығыз байланыста болып, Мойнақ районында әмелий тәжрийбелер ислеў мақсети бар екенлигин атап өтти.


👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасының Youtubeдағы каналына ағза болың🤗🤗🤗

👉👉👉https://youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ubNulOUg