Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
16K subscribers
21.6K photos
3.25K videos
55 files
6.69K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
Forwarded from Xushnudbek.uz
IELTS, TOEFL ва бошқа халқаро имтиҳонларда юқори балл олган ёшларнинг имтиҳон топшириш харажатлари Ёшлар ишлари агентлиги ҳисобидан қоплаб берилиши режалаштирилмоқда

Муҳокама учун эълон қилинган Ҳукумат қарори лойиҳасига кўра, халқаро имтиҳон тизимлари бўйича юқори балл (даража) олган ёшларга имтиҳон топшириш харажатлари тўлиқ қоплаб берилишига оид тартиб жорий этилмоқда.

Ёшлар ишлари агентлиги имтиҳон харажатини қоплаб берувчи ташкилот этиб белгиланади.

2021 йил 1 майдан бошлаб имтиҳон топширувчи:
IELTS – 7 ва ундан юқори;
TOEFL – 95 ва ундан юқори;
GMAT – Имтиҳон натижалари (Verbal/Quantative)
бўйича 75 percentile ва ундан юқори;
GRЕ – Имтиҳон натижалари (Verbal/Quantative)
бўйича 75 percentile ва ундан юқори;
SAT – 1200 ва ундан юқори натижани қайд этганда имтиҳон учун сарфланган Ёшлар ишлари агентлиги маблағлари ҳисобидан қоплаб берилади.

Шунингдек, 2022 йил 1 январдан бошлаб Cambridge Assessment English (CAE, CPE, BEC), Test DAF ва бошқа шу каби Халқаро имтиҳон тизимларида юқори натижа қайд этган ёшларнинг имтиҳон харажатлари қопланади.

Компенсация тўлаб бериш бўйича аризалар давлат хизматини кўрсатиш Давлат хизматлари марказлари ёки Ягона интерактив давлат хизматлари портали орқали рўйхатга олинади.

Ёшларни илмга бўлган қизиқишларини янада рағбатлантиришни кўзда тутувчи бу каби ташаббуслар кўпаяверсин. Ҳужжат лойиҳаси қабул қилингач, ундан фойдаланиш тартибига оид батафсил тушунтиришлар берамиз.


👉 @xushnudbek 👈
ЖДСШ ўәкили коронавирус пандемиясы қашан тамамланыўын мәлим етти

Коронавирус пандемиясы 2022-жылдың басында тамамланыўы мүмкин. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) Европа аймақлық бюросының басшысы Ханс Клюге сондай болжаў етти, деп жазады «Qalampir».
Клюге ең жаман сценарий өтип болғанын айтты.
«Биз ҳәзир вирус ҳаққында, 2020-жыл ол енди тарқалыўын баслаған ўақтына қарағанда көбирек нәрсе билемиз», деген ЖДСШ ўәкили.
Сондай-ақ, оның айтыўынша, COVID-19 пүткиллей жоқ болып кетпейди, бирақ сол ўақытқа шекем орнатылған шеклеўлерге мүтәжлик қалмайды.
Соңғы мағлыўматларға бола, дүньяда коронавирусқа шатылғанлар саны 112 млн 691 мың 908 адамды қурамақта. Олардан 2 млн 497 мың 554 болса вирус қурбаны болған.

Аўдарма: makan.uz

👉👉👉
@jaslar_isleri_agentligi
«Өткен жылдағыдан жүдә үлкен парық болмайды». МТО — 2021-жылғы пәнлер имараты ҳаққында

МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында МТО директоры Сардор Ражабоевтың мәлим етиўинше, усы жылғы пәнлер имаратын өткен жылғы имарат менен салыстырғанда  жүдә үлкен парық болмайды, деп жазады «Газета.uz».

«Ҳәзирде Мәмлекетлик тест орайы ҳәм тийисли министрликлер менен биргеликте пәнлер имараты ислеп шығылған. Өткен жыл менен салыстыратуғын  болсақ, бунда жүдә үлкен парық болмайды», деди Ражабоев.

Мағлыўмат ушын, 2020-жылғы имтиханлар ушын пәнлер имараты 2019-жылдың 21-декабрь күни, яғный тест сынақларынан 9 ай алдын рәсмий тастыйықланған еди. Ҳәзирги ўақытта болса имтиханларға 6 айдан азырақ ўақыт қалды.

Дәрек: @KRuzuz

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
"WhatsApp"тың жаңа шәртлерин қабыл етпеген пайдаланыўшыларда мессенжер хызмети өшириледи

15-майға шекем WhatsApp'тың жаңаланған шәртлерин қабыл етпеген пайдаланыўшылар мессенжерден пайдалана алмайды. Бул ҳаққында BBCға тийкар aniq.uz мәлим етти.

Олардың есап бети «актив емес»лер дизимине киритиледи. Актив болмаған есаплар 120 күннен кейин өширилиўи мүмкин.

WhatsApp жаңаланыўын январь айында жәриялаған еди. Көплеген пайдаланыўшылар арасында бул компанияның тийкарғы шериги Facebook пенен бөлискен мағлыўматлардың көлемин өзгертиўди жобаластырып атырғанын аңлатады деген пикир пайда болды.

Кейиншелли бул жаңаланыў тийкарынан төлемлерди әмелге асырыўға қаратылғанлығы анықланған.

Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
Қарақалпақстанға вакцина тасыўшы автомашиналар келди

Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасына GAVI (Global Alliance on Vaccination and Immunization) халықаралық шөлкеминиң «Денсаўлықты сақлаў системасын беккемлеў» бағдарламасы бойынша коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында қолланылатуғын вакциналарды тасыў ушын 18 дана  Miniven-Labo автомашинасы жетип келди.

Басқарма мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, автомашиналар СЭТЖС басқармасына қараслы аймақлық, қалалық ҳәм районлық бөлимлерге бөлистирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
25-февраль күни Ташкенттен Қарақалпақстанға ҳәрекетленетуғын автобус рейслери бийкар етилди

Ҳаўа райының кескин өзгериўи себепли Ташкент автовокзалынан 25-февраль күни ҳәрекетленетуғын барлық автобус рейслери бийкар етилди. Бул ҳаққында автовокзал жәмәәти хабар берди.

Мағлыўмат ушын, 25-февраль күни жолаўшылар ушын Ташкент автовокзалынан Қарақалпақстанның Маңғыт қаласына 13:00 де, Нөкис қаласына 17:00 де автобус рейси шөлкемлестирилген еди.

Қосымша мағлыўматларды +99871 207 8700 телефон номери арқалы алыў мүмкинлиги қосымша етилген.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.


👉👉@jaslar_isleri_agentligi
Қарақалпақстанлы Мәдияр Дәнияров Беларусь чемпионы үстинен жеңиске еристи

23-26-февраль күнлери аралығында Беларусьтың Гомель қаласында 2002-2003-жылларда туўылған жаслар арасында А.Юковтың естелигине арналған халықаралық турнир болып өтпекте.

Турнирде Өзбекстан сайланды командасы қурамында 52 кг салмақ категориясы бойынша қатнасып атырған жерлесимиз Мәдияр Дәнияров өзиниң биринши жекпе-жегин Беларусь Республикасы чемпионы Денис Беницевичке қарсы өткерди.

Жекпе-жекте қарақалпақстанлы спортшы қарсыласын упайлар есабында жеңди.

Қуўанышлысы, Беларусьқа барған Өзбекстан сайланды командасы тренерлери қатарында жерлесимиз Ш.Айтбаев та болып, боксшы М.Дәнияровты жарысқа өзи таярлады.

Төменде сиз жерлесимиз Мәдияр Дәнияровтың Беларусь Республикасы чемпионы Денис Беницевичке қарсы өткерген жекпе-жегин тамашалаўыңыз мүмкин.

Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.


👉👉@jaslar_isleri_agentligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Жас_репортёрлардан_жаңа_жойбар
#Cап_қарақалпақ_тилинен_сораўнама
#Алтын_сандық

Ағаўыз
Алабүйрек
Гүрре
Қыршын
Ләрземлениў
Мықлым

👆👆👆Бул сөзлер сизге таныспа?

Егер де, сиз бул сөзлерди еситпеген болсаңыз, видеоны көриң
🤗

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
АҚШ Өзбекстанға мыңға жақын инглиз тили оқытыўшыларын жибереди

▪️Бул ҳаққында Өзбекстанның АҚШтағы елшиханасына тийкар ҒХҚлар хабар берди.

Мағлыўмат ушын, усы ай басында 27 инглиз тили оқытыўшысы Өзбекстанға келип улыўма билим бериў мектеплеринде сабақ бериўди баслаған еди.

Аўдарма: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Шоманай_районы

Жумыссыз 60 жас исбилерменлик сабақларын алды

Жаслар ислери агентлиги Шоманай районлық бөлими, районлық Исбилерменликке көмеклесиў орайы менен биргеликте 22-24-февраль күнлери Шоманай педагогика колледжинде «Жаслар 1+1» дәстүри тийкарында бизнес-семинары шөлкемлестирилди.
Семинарға аймақлардағы «Жаслар дәптери»не киритилген 60 жумыссыз жаслар 2 топарға бөлинген ҳалда оқытылды.
Онда районлық Мәмлекетлик хызметлер орайы, коммерциялық банклер, Мәмлекетлик салық инспекциясы, Бәнтликке көмеклесиў орайының қәнигелери, жас исбилерменлер қатнасып өз исбилерменлигин баслаў алдында турған жасларға пайдалы мағлыўматлар берди.

Семинардың соңғы күни алынған билимлерди сынақтан өткериў мақсетинде арнаўлы тестлер тапсырылды.

Репортёр: Г. Нургалийева

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Нөкис_районы

Жаслар «NUKUS TARAQQIYOT SARI» кәрханасы жумысы менен танысты

Бүгин Жаслар ислери агентлиги Нөкис районлық бөлими ҳәм Исбилерменлерге көмеклесиў орайы тәрепинен жаслар ушын шөлкемлестирилген оқыў-семинарына белсене қатнасып атырған жаслар райондағы «NUKUS TARAQQIYOT SARI» кәрханасындағы кондитер өнимлерин ислеп шығарыў ҳәм мебель цехыныӊ искерлиги менен танысты.

Репортёр: Улмекен Курбанбаева

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
“Tadbirkorlik asoslari” mavzusidagi darslarga start berildi

“Yoshlar-kelajagimiz” jamg’armasi Qoraqolpoǵiston Respublikasi filiali tomonidan “Yoshlar 1+1” loyihasi doirasida yoshlarni tadbirkorlikga qiziqtirish maqsadida “Tadbirkorlik asoslari” mavzusidagi seminar-treningga start berildi.

O'zbekiston Respublikasi Prezidentining "Aholini tadbirkorlikka jalb qilish tizimini takomillashtirish va tadbirkorlikni rivojlantirishga doir qo'shimcha chora-tadbirlar to'g'risida"gi qarori ijrosi hamda yoshlar va xotin-qizlarni kasb-hunar va tadbirkorlikka o'qitish va biznes loyihalarini amalga oshirishga ko'maklashish, shu orqali ularning bandligini ta'minlash maqsadida "Yoshlar - kelajagimiz" jamg'armasi Qoraqolpoǵiston Respublikasi filiali, Loyihalar fabrikasi vakillari tomonidan o'quv kurslari tashkil etildi.

Seminar davomida yoshlar tomonidan fikr-mulohazalar tinglandi va biznesga kirish yo’llari “Tadbirkorlik faoliyati mazmuni va mohiyati” mavzusidagi darslar boshlandi.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Хожели

Хожели районында жаслар менен ислесиўди қоллап-қуўатлаў, 5 аҳмийетли баслама шеӊберинде жасларды мәденият ҳәм кѳркем ѳнерге кеӊ қамтып алыў, олардыӊ бос ўақытларын мазмунлы шѳлкемлестириў бойынша райондағы 4-санлы балалар музыка ҳәм кѳркем ѳнери мектеби оқыўшылары менен биргеликте концерт бағдарламасы шөлкемлестирилди.


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi