Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
15.8K subscribers
21.6K photos
3.25K videos
55 files
6.7K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
#Нөкис_районы

Жасларды исбилерменликке оқытыў бойынша семинар-тренинглер даўам етпекте

“Ҳәр бир исбилермен – жасларға суйениш" принципи тийкарында “Жаслар: 1+1” бағдарламасы шеӊберинде Нөкис районында жумыссыз жасларды исбилерменликке бағдарлаў 48 саат оқыў симинары Жаслар ислери агентлиги, Нөкис районы бѳлими, Саўда санат палатасы районлық бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилди.

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Қызық

Ҳәзилди еситип күлиўден көре, ҳәзилди айтып берип күлген жақсы. 95 пайыз адамлар өзлериниң ҳәзиллерин биреўге айтыўдан алдын күлиўди баслайды.😂😂😂

Каналға ағза болыў👉@jaslar_isleri_agentligi
Баланың оқыўға кириўи мектептиң мойнында емес — Расул Кушербаев

Депутат Расул Кушербаев ЖООға кире алмаған оқыўшылар себепли мектеп директорлары жумыстан алыныўы «демагогия екекнлиги» ҳәм муғәллимлердиң бунда айыбы жоқ екенлигин айтты.
«Бала оқыўға кире ме, кирмей ме, — бул мектептиң мойнындағы зат емес. Ҳәмме нәрсени мектепке қояберсек, бул неден дерек? Басқарыўда стратегияны таңлаўда бир затты қәте ислегенбиз да, енди бүгин балалар оқыўға кире алмаса, биз мектеплерди айыплап атырмыз. Билимлендириў стандартларын, бундай жол, нызам-қағыйдаларды ислеп атырған мектеп емес. Ол бар-жоғы бир орынлаўшы», — деди Расул Кушербаев.
«Баланың исбилерменликке қызығыўшылығы болса, оқыўға кириўди қәлемесе де биз муғәллимди айыплаймыз?», — деп айтты депутат.
Оның айтыўынша, бундай талап нызамшылық ямаса Мийнет кодексинде белгиленбеген, деп жазады @gazetauz_uzb.

Аўдарма: makan.uz

Каналға ағза болыў👉@jaslar_isleri_agentligi
⚡️Шет елдеги Өзбекстан пуқаралары президентлик сайлаўында қалай даўыс береди?

Өзбекстанның шет ел мәмлекетлериндеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилхана жанында сайлаў участкалары дүзилди.
Бул ҳаққында Әдиллик министри мәлимлеме хызмети баслығы Севара Ўринбаева МҒКАда болып өткен брифингде мәлим етти, деп жазады «Qalampir.uz».
Онда мәлим етилиўинше, сайлаў участкаларындағы сайлаўшылардың дизими дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилхана баслықлары тәрепинен усынылған мағлыўматлар тийкарында шөлкемлестириледи. Дүзилген участка сайлаў комиссиялары шет ел мәмлекетлеринде турған пуқаралар сайлаўшылар дизими менен танысыў усылы, орны ҳәм ўақты ҳаққында хабардар етип барады.
«Шет мәмлекетлерде турған пуқаралар өзлерин сайлаўшылар дизимине киритиў ҳаққында сайлаўдан 15 күн алдын жазба түрде Өзбекстанның дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында дүзилген участка сайлаў комиссияларына яки Сыртқы ислер министрлиги сайты арқалы электрон түрде мүрәжат етиўи мүмкин», деди Севара Ўринбаева.
Сондай-ақ, Өзбекстанның шет мәмлекетлердеги дипломатиялық ҳәм басқа ўәкилханалары жанында дүзилген сайлаў участкаларында даўыс бериў сайлаў күни сол сайлаў участкалары жайласқан жердеги жергиликли ўақыт пенен саат 8:00 ден 20:00 ге шекем өткериледи.

Айдана Алламбергенова

Каналға ағза болыў👉@jaslar_isleri_agentligi
#Жас_китапқумар
#Жеңимпаз_анықланды

Күни кеше, "Жас китапқумар" таңлаўында 10-14 жас категориясы аралығындағы китапқумарлар арасында Нөкис қаласындағы И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген дөретиўшилик мектеби оқыўшысы Айнура Алимжанова таңлаўда жеңимпаз болып, Өзбекстан Республикасы бaсқышына жоллама алды.

Айнура Алимжановаға Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы таңлаўдың Республикалық басқышында әўмет, табыслар тилеймиз!


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Онлайн
#Жас_китапқумар

Бүгин, "Жас китапқумар" таңлаўы 15-19 жас категориясы аралығындағы китапқумарлар арасында даўам етпекте.
Әйне мәўритлерде, 1-шәрт бойынша беллесиўлер жуўмақланды.


Қызғын беллесиўден көринислер.


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Онлайн
#Жас_китапқумар

"Жас китапқумар" таңлаўында 15-19 жас категориясы аралығындағы китапқумарлар 2-шәрт бойынша беллесиўлери жуўмақланып, 3-шәрт бойынша сораўларға жуўап бермекте.

Қығын беллесиўден көринислер.


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi