“Қуўнақлар ҳәм зийреклер” көрик таңлаўының районлық басқышы өткерилди
Қоңырат районында қәбилетли жасларды анықлаў, олардың талантын жүзеге шығарыў мақсетинде 10-санлы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде “Қуўнақлар ҳәм зийреклер” көрик таңлаўының районлық басқышы өткерилди. Таңлаўда кәрхана ҳәм шөлкем жасларынан жәмлескен командалар жеңимпазлық ушын гүрес алып барды. Жәми 3 командадан 30дан артық жаслар қатнасты. 1-орынды “Қоңырат Сода заводы”нан Елабад жәмәәти, 2-орынды «Уз-Кор Гас Чемикал» ЖШЖ “Үстирт жулдизлар” жәмәәти, 3-орынды "Қоңырат районлық темир жол узели" УКдан Арал жәмәәтлери ийеледи.
👉👉@jaslar_isleri_agentligi

Шоманайлы жаслар Хожелидеги меҳрийбанлық үйинде
«Перзентлик миннетим» жойбары шеңберинде Шоманай районы оқыў орынларының жаслар жетекшилери Хожели районындағы Меҳрийбанлық үйинде мийманда болды.
Меҳрийбанлық үйи директоры Сон Светлана Михаиловна шоманайлы жасларды жыллы жүз бенен күтип алды ҳәм бул жердеги балаларға жаратылған имкәниятлар менен жақыннан таныстырды.
Келген мийманларға Меҳрийбанлық үйиниң қәбилетли тәрбияланыўшылары тәрепинен таярланған әжайып концерт бағдарламасы қойып берилди.
Оннан соң жаслар жетекшилери
Меҳрийбанлық үйи тәрбияланыўшыларына арнап алып келген саўғаларын тапсырды.
Бундай дыққат ҳәм итибар ушын ҳәм бизге ҳәр дайым жәрдем қолын созып киятырған Шоманай районы ҳәкимлигине ҳәм саўаплы баслама менен бизде мийман болып атырған Жаслар жетекшилерине өзимниң атымнан қалаберсе тәрбияланыўшылар атынан миннетдаршылық билдиремен, дейди Сон Светлана Михаиловна.

"Жана Өзбекстан жаслары бирлесейик" фестивалының Шоманай районында өткерилгенинде район ҳәкими Б.Янгибаев, 9202 әскерий бөлим командири О.Нарзуллаев ҳәм сектор басшылары район жасларын байрам менен қутлықлады. Фестиваль шеңберинде өткерилген бәрше таңлаўлар ҳәм спорт жарыслары жеңимпазлары саўғалар менен сыйлықланды. Илаж даўамында жас исбилерменлердиң саўда ярмаркасы, китаплар көргизбеси, әскерий шиғыўлар ҳәм викторина ойынлар өткерилди. Сондай-ақ, илаж шеңберинде өзин-өзи бәнт етиў ушин 6 жасқа әсбап-үскенелер тапсырылды.
👉👉@jaslar_isleri_agentligi
👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Хожели_районы
#ҚҲЗ
Хожелиде "Қуўнақлар ҳәм зийреклер" таӊлаўы ѳткерилди
“Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халық саламатлығын беккемлеў жылы” бағдарламасы тийкарында жаслардыӊ бос ўақытларын мазмунлы ѳткериў мақсетинде Хожели районы Абу Али ибн Сино атындағы жәмийет саламатлығы техникумында "Қуўнақлар ҳәм зийреклер" таӊлаўы ѳткерилди.
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi

⚡️ Усы жылғы тест имтиханларына кириў ушын 122 мың 500 сўм төленеди
Тест сынақлары шөлкемлестирилип атырған оқыў жылынан алдыңғы жылларда оқыў орынларын питкерген абитуриентлер тестлерге қатнасыў ушын базалық есаплаў муғдарының ярым есеси (122.500 сўм) муғдарында төлемди әмелге асырады.
Жыйым өндирилмейтуғын (төлемди әмелге асырмайтуғын) абитуриентлер:
- Оқыў орынлары (мектеп, лицей ҳәм колледжлер)ди 2021-жылда питкергенлер;
- Биринши ҳәм екинши топар майыплығы болған шахслар;
- Толық мәмлекет қарамағындағы шахслар.
🔹 Бул абитуриентлер abitur.dtm.uz сайты арқалы дизимнен өткенде оларға инвойс қәлиплестирилмейди.
📍 Өткен жылы усы төленетуғын сўмма 111 500 сўмды қураған.
Аўдарма: Мухтар Умбетов

⚡️Қоңыратта 75 жасқа аўыл хожалығы әсбап-үскенелери ушын субсидия ажыратылды
Жаслар айлығы шеңберинде жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мәселеси айрықша итибарда.
Орынларда жаслардың өзин-өзи бәнт етиўлерин тәмийинлеў мақсетинде аўыл хожалығы бағдарында субсидиялар ажыратылмақта.
Атап айтқанда, күни кеше Қоңырат районы ҳәкими Қ.Халмуратов ҳәм сектор басшылары тәрепинен социаллық жәрдемге мүтәж, бәнт болмаған жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, оларды исбилерменликке бағдарлаўда дәрамат тийкарын жаратыў ушын75 жасқа аўыл хожалығы әсбап-үскенелери ҳәм усы жойбарлар барысында өз белсендилигин көрсетип атырған жасларға «Диплом» ҳәм «Ҳүрмет жарлық»лары тапсырылды.
#Жаслар_айлығы

#Online
⚡️«Жас китапқумар шаңарақ» таңлаўының районлық басқышына старт берилди
Бүгин, қала ҳәм барлық районларда «Жас китапқумар шаңарақ» таңлаўы басланды. Таңлаўда 17 аймақтағы шетки аўыллардан да 30 жасқа шекемги жас шаңарақлар қатнасып, китапқумарлық билимлерин сыннан өткермекте.