#Шоманай_районы
Оқыўшының бир күни
Бүгин Шоманай районы ХББне қараслы 32-санлы мектепте 5 әҳмийетли басламаның 3-жөнелисине тийкарланып "Оқыўшының бир күни" атамасында слайд ислеў таңлаўы өткерилди. Таңлаўда 10-класс оқыўшысы Тилеўмуратова Мехрибан 1-орынды, Майра Илескенова 3-орынды ийелеўге мияссар болды. Жеңимпазлар Басланғыш шөлкем тәрепинен сыйлықланды
Репортёр: Г. Нургалийева
@jaslar_isleri_agentligi

#Хожели
Хожели районы улыўма билим берыў мектеплери оқыўшылары арасында "Жас қутқарыўшылар" кеўиллилер жарысы болып өтти. Жарыста райондағы 7-санлы мектеп 1-орын, 19-санлы мектеп 2-орын, 27-санлы мектеп командасы 3- орынды ийеледи.
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi

Көзәйнек тағыўшы адамлар коронавирусқа аз шатылады- тәжирийбе
Индиялы алымлар коронавирус пандемиясы ўақтында көзәйнек тағатуғын адамлар тақпайтуғын адамларға қарағанда көбирек қорғанған болады деген жуўмаққа келмекте, деп жазады The Sunday Telegraph'қа тийкар aniq.uz.
Изертлеўшилер Covid-19 бенен кеселленген 304 наўқас ортасында сораў өткерди ҳәм олардың 19 проценти тийкарынан көз әйнек тағып жүриўин анықлады. Илимпазлардың атап өтиўинше, бундай аксессуарларды күнине сегиз саат даўамында алып жүретуғынлар коронавирус инфекциясын кем жуқтырады, сондай-ақ, олар жүз ҳәм көзге кемнен-кем қол менен тийеди.
Соның менен бирге, олар көзәйнеклер силекей қабат арқалы Covid-19 инфекциясының алдын алыўшы қорғаў факторы болыўы мүмкинлигин тастыйықлаған.
Сапура Темирханова
👉👉@jaslar_isleri_agentligi

#Қоңырат_районы
Исбилерменлигин баслаў нийетиндеги 50 жасқа оқыў семинарлары шөлкемлестирилди
Жаслардың бизнес басламалары, стартап, идеяларын жүзеге шығарыўға көмеклесиў, бәнт болмаған жасларды мийнет базарында талап жоқары болған қәнигеликлер ҳәм бизнес жүритиў көнликпелерине оқытыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги ҳәм Саўда-санаат палатасы менен биргеликте 18-30 жас аралығындағы окыў қәлеўин билдирген жасларға бийпул 48 саатлық оқыў-семинары басланды.
Район ҳәкимлиги, Жаслар ислери агентлиги ҳǝм район прокуратурасы қатнасында кеше, 23-февраль күни жәми 50 жасқа оқыў семинарларын баслап берди.
Онда тараў хызметкерлери тǝрепинен, исбилерменлик ушын жаратылған имканиятлар ҳǝм жеӊилликлер ҳаққында айтып өтилди.
Репортёр: Сапура Темирханова

#Елликқала_районы
Жаслардан бәнтлик, жеңилликли кредитлер алыў бойынша көбирек мүрәжат болды
Бүгин күнниң екинши ярымында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Халық қабыллаўханасы, Республикамыздағы 4 сектор, Мәмлекет қәўипсизлик хызмети, Жаслар ислери агентлиги, министрлик ҳәм шөлкем басшылары тәрепинен «Темир дәптер» ҳәм «Жаслар дәптери»не дизимге алынған жаслар менен ушырасыў болды.
Онда жаслардың мәселелери, пикир, усыныслары тыңланып, үйренилди. Жәми жаслардан 43 мүрәжат болды. Бәнтлик, исбилерменлик искерлигин баслаў ушын жеңилликли кредитлер алыў мәселелери көтерилди. Соннан 6 мүрәжат сол ўақыттың өзинде шешим тапты, 11 машқала бойынша түсиниклер берилди, 26 мүрәжат бойынша тийисли қәнигелерге қатаң тапсырма берилди.
Жеңилликли кредит алыўды қәлеўши жасларға жәрдем берилди ҳәм жумыссыз жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жуўапкер басшыларға тапсырмалар берилди.

Еки ҳәм оннан артық перзенти төлемли шәртнама тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңилликли кредитлер ажыратылады
Толық
👉👉@jaslar_isleri_agentligi
Толық
👉👉@jaslar_isleri_agentligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
🇻🇳 Ветнам
Голден Бирдж көпири Дананг қаласы қасындағы Ва Ва таў дизбегинде жайласқан. Көпир алтын реңде болып оны "үлкен қоллар" услап турады. Көпирге кириў пүткиллей бийпул. Көпирден кейин канат болып, канатқа кириў 30$.
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Голден Бирдж көпири Дананг қаласы қасындағы Ва Ва таў дизбегинде жайласқан. Көпир алтын реңде болып оны "үлкен қоллар" услап турады. Көпирге кириў пүткиллей бийпул. Көпирден кейин канат болып, канатқа кириў 30$.
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Қонырат районындағы "Қоңырат" ҳәм "Қанлы" аўыл пуқаралар жыйынында жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде фермер хожалықларынан жер ажыратылып берилди.
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
"Australian Post" газетасы карантин шараятында австралиялықларға хызмет көрсетиўде ҳәм оларды даўам еттирген адамларды хошаметлеў ушын жаңа маркалар топламын шығарды. Бул ҳаққында islam.ru дереги хабар берген.
«Усы қорықпас адамлар соңғы 12 ай ишинде аҳўалы қыйын адамларға ғамхорлық етиўди ҳәм бизде коронавирус тәсирин жеңиўде жәрдем берди», деди Австралия Пост орынлаўшы директоры Никол Шеффилд.
Frontline қаҳарманларының естелик маркалары оқытыўшыларға, медицина қәнигелери, Австралия қорғаў күшлери ағзаларына, полиция, супермаркет хызметкерлери ҳәм азық-аўқат жеткерип беретуғын жумысшыларға арналған
Аўдарма: Мухтар Умбетов

Forwarded from Xushnudbek.uz
IELTS, TOEFL ва бошқа халқаро имтиҳонларда юқори балл олган ёшларнинг имтиҳон топшириш харажатлари Ёшлар ишлари агентлиги ҳисобидан қоплаб берилиши режалаштирилмоқда
Муҳокама учун эълон қилинган Ҳукумат қарори лойиҳасига кўра, халқаро имтиҳон тизимлари бўйича юқори балл (даража) олган ёшларга имтиҳон топшириш харажатлари тўлиқ қоплаб берилишига оид тартиб жорий этилмоқда.
Ёшлар ишлари агентлиги имтиҳон харажатини қоплаб берувчи ташкилот этиб белгиланади.
2021 йил 1 майдан бошлаб имтиҳон топширувчи:
✅ IELTS – 7 ва ундан юқори;
✅ TOEFL – 95 ва ундан юқори;
✅ GMAT – Имтиҳон натижалари (Verbal/Quantative)
бўйича 75 percentile ва ундан юқори;
✅ GRЕ – Имтиҳон натижалари (Verbal/Quantative)
бўйича 75 percentile ва ундан юқори;
✅ SAT – 1200 ва ундан юқори натижани қайд этганда имтиҳон учун сарфланган Ёшлар ишлари агентлиги маблағлари ҳисобидан қоплаб берилади.
Шунингдек, 2022 йил 1 январдан бошлаб Cambridge Assessment English (CAE, CPE, BEC), Test DAF ва бошқа шу каби Халқаро имтиҳон тизимларида юқори натижа қайд этган ёшларнинг имтиҳон харажатлари қопланади.
Компенсация тўлаб бериш бўйича аризалар давлат хизматини кўрсатиш Давлат хизматлари марказлари ёки Ягона интерактив давлат хизматлари портали орқали рўйхатга олинади.
Ёшларни илмга бўлган қизиқишларини янада рағбатлантиришни кўзда тутувчи бу каби ташаббуслар кўпаяверсин. Ҳужжат лойиҳаси қабул қилингач, ундан фойдаланиш тартибига оид батафсил тушунтиришлар берамиз.
👉 @xushnudbek 👈

ЖДСШ ўәкили коронавирус пандемиясы қашан тамамланыўын мәлим етти
Коронавирус пандемиясы 2022-жылдың басында тамамланыўы мүмкин. Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеми (ЖДСШ) Европа аймақлық бюросының басшысы Ханс Клюге сондай болжаў етти, деп жазады «Qalampir».
Клюге ең жаман сценарий өтип болғанын айтты.
«Биз ҳәзир вирус ҳаққында, 2020-жыл ол енди тарқалыўын баслаған ўақтына қарағанда көбирек нәрсе билемиз», деген ЖДСШ ўәкили.
Сондай-ақ, оның айтыўынша, COVID-19 пүткиллей жоқ болып кетпейди, бирақ сол ўақытқа шекем орнатылған шеклеўлерге мүтәжлик қалмайды.
Соңғы мағлыўматларға бола, дүньяда коронавирусқа шатылғанлар саны 112 млн 691 мың 908 адамды қурамақта. Олардан 2 млн 497 мың 554 болса вирус қурбаны болған.
Аўдарма: makan.uz

«Өткен жылдағыдан жүдә үлкен парық болмайды». МТО — 2021-жылғы пәнлер имараты ҳаққында
МҒКАда болып өткен баспасөз конференциясында МТО директоры Сардор Ражабоевтың мәлим етиўинше, усы жылғы пәнлер имаратын өткен жылғы имарат менен салыстырғанда жүдә үлкен парық болмайды, деп жазады «Газета.uz».
«Ҳәзирде Мәмлекетлик тест орайы ҳәм тийисли министрликлер менен биргеликте пәнлер имараты ислеп шығылған. Өткен жыл менен салыстыратуғын болсақ, бунда жүдә үлкен парық болмайды», деди Ражабоев.
Мағлыўмат ушын, 2020-жылғы имтиханлар ушын пәнлер имараты 2019-жылдың 21-декабрь күни, яғный тест сынақларынан 9 ай алдын рәсмий тастыйықланған еди. Ҳәзирги ўақытта болса имтиханларға 6 айдан азырақ ўақыт қалды.
Дәрек: @KRuzuz

"WhatsApp"тың жаңа шәртлерин қабыл етпеген пайдаланыўшыларда мессенжер хызмети өшириледи
15-майға шекем WhatsApp'тың жаңаланған шәртлерин қабыл етпеген пайдаланыўшылар мессенжерден пайдалана алмайды. Бул ҳаққында BBCға тийкар aniq.uz мәлим етти.
Олардың есап бети «актив емес»лер дизимине киритиледи. Актив болмаған есаплар 120 күннен кейин өширилиўи мүмкин.
WhatsApp жаңаланыўын январь айында жәриялаған еди. Көплеген пайдаланыўшылар арасында бул компанияның тийкарғы шериги Facebook пенен бөлискен мағлыўматлардың көлемин өзгертиўди жобаластырып атырғанын аңлатады деген пикир пайда болды.
Кейиншелли бул жаңаланыў тийкарынан төлемлерди әмелге асырыўға қаратылғанлығы анықланған.

Қарақалпақстанға вакцина тасыўшы автомашиналар келди
Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийетлик саламатлық басқармасына GAVI (Global Alliance on Vaccination and Immunization) халықаралық шөлкеминиң «Денсаўлықты сақлаў системасын беккемлеў» бағдарламасы бойынша коронавирусқа қарсы шаншыў илажларында қолланылатуғын вакциналарды тасыў ушын 18 дана Miniven-Labo автомашинасы жетип келди.
Басқарма мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, автомашиналар СЭТЖС басқармасына қараслы аймақлық, қалалық ҳәм районлық бөлимлерге бөлистирилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.