Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması
14.7K subscribers
21.7K photos
3.31K videos
55 files
6.79K links
Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarmasınıń rásmiy telegram kanalı

👉 https://t.iss.one/jaslar_isleri_agentligi
👉 https://www.instagram.com/jaslarnews?r=nametag
👉https://www.youtube.com/channel/UCyvaUe5xpviN-I4ub
👉https://www.facebook
Download Telegram
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | Қорақалпоғистонда ёшларга ер ажратилмоқда

@jaslar_isleri_agentligi
#Жаслар

Жасларды исбилерменликке қызықтырыўда Мәмлекетлик хызметлер орайының белсендилиги
Толық оқыў: https://kegeyli.uz/3398.html

Дерек: Кегейли районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

Репортёр: Мухтар Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Хожели


Хожелили 23 жас исбилерменлигин жолға қойыў ушын сертификат пенен сыйлықланды

Алдын хабар бергенимиздей «Ҳәр бир исбилермен – жасларға сүйениш» принципи тийкарында «Жаслар: 1+1» бағдарламасы шеӊберинде Хожели районындағы жумыссыз жасларды исбилерменликке оқытыў курсы шѳлкемлестирилген еди.

Оқыў курсы 48 саат даўам етип, тест сораўнамасы өткерилди. Онда 23 жас сораўнамадан өтип исбилерменлигин жолға қойыў ушын сертификат пепен сыйлықланды.


Репортёр:
Айдана Алламбергенова


👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
🇺🇿 Ózbekstan Jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikası Sárdarlar keńesi Taxiyatas rayonındaģı 8-sanlı mektepke bardı.


Mektep sárdarlarınıń usınıs hám ideyaları tıńlandı. Mektep sárdarlarına Respublika Sárdarları tárepinen seminar ótkerildi hám qızıqlı viktoriyna oyınları menen dawam etti.


Reportyor: Azizbek Dabılov


Kanalǵa aǵza bolıw: @jaslar_isleri_agentligi
#Әмиўдәрья_районы
#Ҳәр_бир_жасқа_бир_гектар

Райондағы жумыссыз үш жасқа бир гектардан жер ажыратып берилди

Бүгин райондағы “Эркин Расулов” палшылық фермер хожалығында "Ҳәр бир жасқа - бир гектар" жойбары шеңберинде жер ажыратып бериў жумысларының басланыўы мүнәсибети менен илаж өткерилди. Илажда район ҳәкими С. Йўлдашев, сектор басшылары, ҳәким орынбасарлары, Жаслар ислери агентлиги бөлими, аўыл хожалығы кәрхана басшылары ҳәм жуўапкерлери, сондай-ақ, 40қа жақын жас қатнасты.

Илажда сөзге шыққанлар мәмлекетимиз басшысының “Ҳәр бир жасқа - бир гектар” басламасы шеңберинде аўыл хожалығы бағдарында ислеўди қәлеўши жасларға қолайлы егин майданларын ажыратып бериў, оларға агротехникалық илажларды әмелге асырыўда көмеклесиў көплеген жаслардың бәнтлигин тәмийинлеўде зәрүрли фактор болыўын атап өтти ҳәм бул илажда үш жасқа жер майданлары ажыратып берилди.

Репортёр: Сапура Темирханова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
«Жатақханаларда ер ҳәм қыз балалардың бир қабатта жасаўы жүдә уятлы жағдай» — министр

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри Абдулқодир Тошқулов жабық түрде өткерилген жыйналыста ЖООларға қараслы студентлер үйлеринде қызлар ҳәм ер балалардың бир қабатта жайластырылатуғынлығын қатаң сынға алды, деп жазады «Gazeta.uz».

Сондай-ақ, министр бүгинги күнде керексиз штатлар көп екенлигин еслетип, олардан бул иске жумысшы қойыў мүмкин екенлигин, бул ис тиккелей басшыларға байланыслылығын да айтып өтти.

Министр бир имарат болғанда да, еки кириў ҳәм шығыў орны етиў мүмкин екенлигин де айтып өтти.

 Айдана Алламбергенова

👉👉@jaslar_isleri_agentligi
Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы бирден үш университетке оқыўға қабылланды

Нөкис қаласындағы Президент мектеби 11-класс оқыўшысы Дүйсенбаев Нурсултан бир ўақыттың өзинде АҚШтың 3 алдынғы қатардағы оқыў орынларына: The University of Arizona, Wayne State University, Arizona State University жоқары оқыў орынларына ГРАНТ тийкарында қабылланды. Нурсултанның оқыўдағы айрықша баҳалары ҳәм академиялық табыслары ушын Ueyn Штаты Университети 36000$ лық грант, Аризона Университети 40000$ лық грант ажыратты.


Репортёр: Азизбек Дабылов

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
#Көшпели_қабыллаў

✔️Төрткүл районы "Өзбекстан" аўыл пуқаралар жыйынында жаслар менен ушырасыў ҳәм көшпели қабыллаў өткерилди.
🔹Қабыллаўда АПЖда район ҳәкими Р. Шамуратов, сектор басшылары ҳәмде тийисли шөлкем ўәкиллери қатнасты. Онда "Жаслар дәптери"не киритилген 27 жастың машқала ҳәм усыныслары тыңланды. Усыннан:
📌7 жас өз исбилерменлигин баслаў ушын кредит алыў бойынша;
📌Бир жыл даўамында өз дийқаншылығын жолға қойыў мақсетинде жаслар ушын жер ажыратыў:
📌 Жумыс таба алмай атырған жаслардың машқалалары тыңланды.
📎Бар болған машқалалардың айырымлары сол жердиң өзинде тийисли шөлкем қәнийгелери тәрепинен шешилди, - деп хабар бермекте Төрткүл районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети.

📽Репортёр: Мухтар Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi
#Ёшлар_сиёсати_амалда.

2- сектор ҳудудидаги ёшларга ер ажратилди.

Ёшлар билан бўлиб ўтган учрашувдан кейин сектор раҳбарлари, туман ҳокими ўринбосарлари ҳамда ҳудуддаги фермерлар ва ёшлар иштирокида ушбу ҳудуддаги саккиз нафар ёшларга «Элбек М» фермер хўжалигидан 3 гектар ер қишлоқ хўжалиги маҳсулотларини етиштириш мақсадида ажратиб берилди.
Туман ҳокимининг қишлоқ хўжалиги масалалари бўйича ўринбосари В.Ниязимбетов ёшларга ердан фойдаланиш тартиби ва қоидалари тўғрисида тушунтирар экан, уларга йил давомида соҳа вакиллари, агрономлар ўз маслаҳатлари билан яқиндан ёрдам беришларини таъкидлади.
Шуни ҳам айтиб ўтишимиз жоизки, 2- сектор ҳудудида жами 495 гектар ер майдони 1860 нафар ёшларга ўз –ўзини иш билан банд қилишлари, қишлоқ хўжалиги маҳсулотларини етиштириб даромад олишлари учун бериб турилади.

Манба: Тўрткўл тумани ҳокимлиги Ахборот хизмати.

Репортёр: Мухтар Умбетов

👉👉👉@jaslar_isleri_agentligi