Qaraqalpaqstan Respublikası Shańaraq hám hayal-qızlar komiteti
1.14K subscribers
10.1K photos
741 videos
4 files
3.38K links
Qaraqalpaqstan Respublikası Shańaraq hám hayal-qızlar komiteti rásmiy telegram kanalı
Instagramm: @qr_shanaraqhayalqizlar
Facebook:https://www.facebook.com/groups/2470990479628180/
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Ғәрезсизлигимиздиң 31 жыллығы байрамы мүнәсибети менен, өзиниң пидайы мийнети арқалы халқымыздың ийгилиги жолында аянбай хызмет етип киятырған бир топар ўатанласларымызға мәмлекетлик сыйлықларды тапсырды.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
#Хош_хабар

СЫЙЛЫҚЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары тийкарында «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен – Баймурзаева Зинайда Сапарбаевна, Нөкис қаласы “Шымбай шайхана” мәкан пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси сыйлықланды.

Пидайы мийнетлери мүнәсип баҳаланған ҳаял-қызлар белсендиси Баймурзаева Зинайда Сапарбаевнаны Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети атынан қутлықлаймыз.


Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызмети

https://t.iss.one/hayalqizlar_komiteti
#Хош_хабар

СЫЙЛЫҚЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары тийкарында «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен: Айтымбекова Камила Хайтбаевна Нөкис қаласы “Боз аўыл” мәкан пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси сыйлықланды.

Пидайы мийнетлери мүнәсип баҳаланған ҳаял-қызлар белсендиси Айтымбекова Камила Хайтбаевнаны Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети атынан қутлықлаймыз.


Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызмети


https://t.iss.one/hayalqizlar_komiteti
#Байрам_табриги💐

Янги Ўзбекистонда, эл азиз, инсон азиз!


Қорақалпоғистон Республикаси оила ва хотин-қизлар қўмитаси матбуот хизмати
#Хош_хабар

СЫЙЛЫҚЛАЎ

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы қарары тийкарында «Ўатан пидайысы» көкирек белгиси менен: Бабаева Анаргул Абдуллаевна Елликқала районы “Таза бағ” аўыл пуқаралар жыйыны ҳаял-қызлар белсендиси сыйлықланды.

Пидайы мийнетлери мүнәсип баҳаланған ҳаял-қызлар белсендиси Бабаева Анаргул Абдуллаевнаны Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети атынан қутлықлаймыз.


Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети мәлимлеме хызмети


https://t.iss.one/hayalqizlar_komiteti
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы А.Орынбаев Өзбекстан Республикасы Президентиниң Кеңесгөйи, Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министри, генерал-лейтенант Т.А.Худайбергенов тәрепинен "Маҳалла ифтихори" көкирек белгиси менен сыйлықланды.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
https://kknews.uz/kk/113851.html
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасы ушын:

📌 пайда салығы ставкасы 15 проценттен 7,5 процентке кемейтиледи.

📌айланба салық ставкасы Нөкис қаласында 4 проценттен 2 процентке, районларда 2 проценттен 1 процентке, алыс аймақларда болса 1 проценттен 0,5 процентке кемейтиледи.

📌мал-мүлк ҳәм жер салығы ставкалары 2 есеге кемейтиледи.

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында:

📌  жас исбилерменлерге өндирис ҳәм хызмет көрсетиў ушын зәрүр әсбап-үскенелер сатып алыў мақсетинде Жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў қоры арқалы 7 жыл мүддетке қарыз қаржылары усынылады.

📌 шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңбериндеги жойбарларды қаржыландырыў ушын 2022-жылдың ақырына шекем қосымша түрде 200 миллиард сўм кредит ажыратылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:

2022-жыл 15-сентябрьден баслап Қарақалпақстан Республикасы ҳәм Хорезм ўәлаятында жасайтуғын жасына байланыслы пенсия ҳәм напақа алатуғынлар, майыплығы болған пуқаралар ушын темир жол ҳәм авиа билетлерди сатыў 50 процентлик жеңилликли тарифлер бойынша әмелге асырылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Ҳүрметли ўатанласлар!

Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз бир жыллығы мүнәсибети менен халықтың дем алысын мазмунлы шѳлкемлестириў ҳәм кеўил-кейпиятын кѳтериў мақсетинде 1-4-сентябрь күнлери аралығында мәмлекетлик театрларымызда бийпул қойылатыуғын спектакльлерге мирәт етемиз.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында:

1-3-сентябрь күнлери  саат 17:00де "Ынжықтың мухаббаты" спектакли;

2-4-сентябрь күнлери саат 17:00де "Перзент тәшўиши" спектакли.

Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында:

2-сентябрь күни саат 11:00де
"Қорқыт ата" спектакли;

3-сентябрь күни саат 11:00де
"Қопал қошқар" спектакли;

4-сентябрь күни саат 11:00де
"Тоғайдағы байрам" спектакли;

Қарақалпақ мәмлекетлик Қуўыршақ театрында:

2-сентябрь күни саат 11:00де
"Ертеклер - жақсылыққа жетеклер" спектакли;

3-сентябрь күни саат 11:00де "Жақсылық қайтсын" спектакли;

4-сентябрь күни саат 11:00де
"Алтын шөже" спектакли халқымыздың нәзерине бийпул усынылады.

Мәрҳамат, келип мазмунлы мәдений дем алың!

Бәршени театрларымызға мирәт етемиз.

https://t.iss.one/hayalqizlar_komiteti
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
«Жаңа Өзбекстанда ел – әзиз, инсан – әзиз!»

🔰Нөкис қаласындағы «Узынкөл», «Алланияз Қаҳәрман» мәкән пуқаралар жыйыны аймақларында «Жаңа Өзбекстанда ел – әзиз, инсан – әзиз!» сүрени астында байрам кешеси болып өтти.
🔰Онда Қарақалпақстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы орынбасары Г.Халмуратова, Қарақалпақстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги министр орынбасары А.Аллияров, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты Б.Қайыпбергеновлар қатнасты.
🔰Концерт бағдарламасы менен биргеликте бул жерде мийнет ярмаркасы, азық-аўқат ярмаркалары болып өтти. Байрам алыднан бул мәкән пуқаралар жыйыны аймақларында көплеген әмелий жумыслар исленди.
🔰Тийкарынан мәҳәллелерде кем тәмийнленген 15 шаңараққа азық-аўқатлар тарқатылды.Имканияты шекленген пуқаралар ҳалынан хабар алынды, жаслар арасында спорттың футбол түри бойынша жарыс шөлкемлестирилди.
🔰Концерт бағдарламада болса мәҳәлле нураныйларына байрам саўғалары тапсырылды.

https://t.iss.one/hayalqizlar_komiteti
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққындағы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы менен:


2023-жылдың ақырына шекем Қарақалпақстан Республикасындағы фермер хожалықлары тәрепинен кеминде  200 жаңа жоқары өнимли комбинациялық техникаларды сатып алыў ушын субсидиялар ажыратылады.

Каналға ағза болыў: @joqargikenes