Елликқалада “Саҳра ҳаўазы” фестивали өткерилди

4-5 октябрь күнлери Елликқала районында “Саҳра ҳаўазы” II фестивали өткерилди. Фестиваль Ташкент мәмлекетлик экономикалық университетиниң басламасы менен Қарақалпақстан Республикасы Туризм басқармасы, Елликқала районы ҳәкимлиги ҳәмде бир қатар министрлик ҳәм мәкемелер менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Фестивальди өткериўден тийкарғы мақсет Елликқала районының тарийхый-мәдений, зиярат ҳәм экологиялық туризм жөнелислери, жергиликли өнерментлер ҳәмде усы аймақтың туризм мәсканларын үгит-нәсият етиўден ибәрат.

Еки күнлик илаж даўамында студентлер арасында жаңа туризм маршрутлары презентация ҳәм таңлаўлары, Топырақ қала тарихый естелигине саяхат ҳәм сүўретлеў өнери таңлаўы ҳәмде Ақшакөл көли бойында миллий тағамлар таярлаў процесси шөлкемлестирилди. Сондай-ақ, жаңадан бой тиклеген туризм дем алыў зонасында концерт бағдарламасы, сыйлықлаў мәресими, гүлхан әтирапында мәдений кеше ҳәмде Аяз қала тарийхый комплексинде спорт жарыслары болып өтти.

👉 t.iss.one/turizm_kr
#Fidoiy_yoshlar_otryadi
#paxta_2024
Bugun Yoshlar ishlari agentligi Ellikqal'a tuman bo'limi va mahallalardagi yoshlar yetakchilari tashabbusi bilan ko'ngilli yoshlardan iborat "Fidoyi yoshlar otryadi" Ellikqal'a tumani Navoiy OFYdagi Sharof Abdullayev f/x da paxta  yig'im terimiga o'z hissasini qo'shishdi.