Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Республикамыздың қубла районларының көше сәрдарлары ҳәм белсенди жаслары менен ушырасыў өткерилди
Кеңпейиллик, мийнетсүйгишлик, аўызбиршилик ҳәм татыўлық, бул пазыйлетлер республикамыздың қубла районлары есапланған Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районы халқының минезине тән жақсы қәсийетлерден есапланады. Жаслары да бир-биринен талантлы, қәбилетли, умтылыўшаң ҳәм мийнеткеш есапланады.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев бүгин республикамыздың қубла районларындағы белсенди жаслар ҳәм көше сәрдарлары менен ушырасты.
Ушырасыўда оларға мәмлекетимизде алып барылып атырған жаслар сиясаты, қаратылып атырған итибар ҳәм көрсетилип атырған ғамхорлықлар, бир қатар бағдарларда берилип атырған жеңилликлер ҳаққында айтып өтилди.
Усындай жаратылған шараятлардан нәтийжели пайдаланып, Елликқала, Беруний ҳәм Төрткүл районы жаслары арасынан бир қатар жөнелислерде жетискенликлерге ерискен жас талант ийелери, илим-билимге қуштар зийреклер, дүньяға белгили спортшылар ҳәм басқа да қатарының алдынғылары жетилисип шықпақта. Ең баслысы, олар мәмлекетимизде жаратып берилген имканиятлардан кең түрде пайдаланып атыр.
Өткерилген ушырасыўда жаслар менен ашық-айдын, жақыннан пикирлесилип, аўызбиршилик ҳәм татыўлықты беккемлеў, тынышлығымыздың қәдирине жетиў кереклиги айрықша тилге алынды.
Өз нәўбетинде, жаслар тәрепинен де бир қатар пикир-усыныслар билдирилди ҳәм сол орынның өзинде қадағалаўға алынды.
Соның менен бирге өзиниң белсендилиги менен теңлеслери арасында үлги болып атырған бир қатар жаслар "Үмит ушқыны" көкирек белгиси ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Көшпели қабыллаўларда ҳәм көше бийлери менен өткерилген ушырасыўларда көтерилген машқалаларды сапластырыў ушын Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылды.
Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев орынларда көшпели қабыллаўлар, мәҳәлле белсендилери ҳәм көше бийлери менен ашық-айдын пикирлесиў түринде ушырасыўлар өткерген еди. Онда пуқаралар, көше бийлери тәрепинен жәмийетке байланыслы бир қатар әҳмийетли мәселелер көтерилип, пуқараларды қыйнап киятырған машқалалар атап өтилди.
Өз гезегинде Жоқарғы Кеңес Баслығы бул мәселелерди шешиў илажларын көриў бойынша ўазыйпаларды белгилеп алған еди.
Орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген мүрәжатлар, көше бийлериниң көтерген мәселелери яғный, социаллық тараў ҳәм инфраструктура объектлериндеги машқалаларды сапласытырыў бойынша қурылыс-оңлаў ҳәм басқада жумысларды алып барыў ушын Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылды.
Бул қаржылар Қарақалпақстан Республикасы мәҳәллелериндеги электр энергиясы тәмийнатын жақсылаў, автомобиль жоллары ҳәм көпирлерди оңлаў, ишимлик ҳәм ақаба суў тәмийнатын турақластырыў, мектеп ҳәм бақшалар, соның менен бирге денсаўлықты сақлаў имаратларын қурыў ҳәм реконструкциялаў жумысларына бағдарланады.
Соннан, Нөкис қаласында 19 объектте 70,4 млрд. сумлық, Әмиўдәрья районында 12 объектте 19,9 млрд. сумлық, Беруний районында 7 объектте 10,4 млрд. сумлық, Бозатаў районында 6 объектте 5,5 млрд. сумлық, Елликқала районында 7 объектте 17,3 млрд. сумлық, Қанлыкөл районында 7 объектте 7,6 млрд. сумлық, Қараөзек районында 6 объектте 17,8 млрд. сумлық, Кегейли районында 9 объектте 29,9 млрд. сумлық, Қоңырат районында 10 объектте 18,9 млрд. сумлық, Нөкис районында 9 объектте 16,8 млрд. сумлық, Мойнақ районында 6 объектте 17,1 млрд. сумлық, Тақыятас районында 8 объектте 21,0 млрд. сумлық, Тахтакөпир районында 7 объектте 21,2 млрд. сумлық, Төрткүл районында 5 объектте 13,2 млрд. сумлық, Шоманай районында 6 объектте 4,2 млрд. сумлық, Шымбай районында 7 объектте 25,8 млрд. сумлық, Хожели районында 7 объектте 12,6 млрд. сумлық қурылыс жумыслары алып барылады.
Әлбетте халқымыздың ийгилиги ушын жәмленген мақсетлерди орынлаў жолында халқымыздың барлық ўәкиллери менен ушырасыўлар өткериў, оларды тыңлаў өзиниң унамлы нәтийжесин берери сөзсиз.

Telegraph
___
Forwarded from QR BAJÍXANA
ДЫҚҚАТ ХАБАРЛАНДЫРЫЎ!!!
👮🏻Бажыханашы болыўды қәлеўши хаял-қызлар дыққатына!
⚡️Бажыхана комитети аймақлық бажыхана басқармалары бажыхана постларындағы бос лаўазымларға ХАЯЛ-КЫЗЛАРды хызметке қабыл етиў бойынша таңлаў жәриялайды.
❗️Бул лаўазымларға таңлаў тийкарында Өзбекстан Республикасы пуқаралары, жасы он жетиден кем болмаған ҳәм отыздан аспаған, жоқары мағлыўматқа ийе, өзиниң жеке искерлиги ҳәм әдеп-икрамлылығы, ден саўлығы ҳәм физикалық таярлығы дәрежесине бола бажыхана органы хызметкериниң хызмет ўазыйпаларын орынлаўға ылайық – бойы 165 см.ден кем болмаған ХАЯЛ-КЫЗЛАР қабыл етиледи.
🎓Талабан экономика, финанс, бухгалтерия есабы ҳәм аудит, салық, бажыхана иси, юриспруденция, шет тили филологиясы, товартаныўшылық ямаса азық-аўқат технологиясы қәнийгеликлеринен бирине ийе болыўы ҳәмде рус ҳәм шет тиллеринен биреўин жетерли дәрежеде билиўи лазым.
❌Өзбекстан Республикасының “Мәмлекетлик бажыхана хызмети ҳаққында”ғы Нызамның 13-статьясына муўапық, уқыпсыз яки уқыплылығы шекленген деб табылған, хызмет атқарыўға тосқынлық қылатуғын кеселлиги яки физикалық нуқсанлары болған, басқа мәмлекетлик органлардан унамсыз себеплер менен босатылған, садыр еткен жынаяты ушын алдын ҳүкм қылынғанлар, қолланылған жаза түринен, судланғанлық жағдайы тамаланған яки алып тасланғаны ҳәм оған амнистия акти яки АПИЎ етиў қолланылғанына қарамастан ямаса жарасыў мүнасибети менен жынайый жуўапкершиликтен азат етилген пуқаралар қабыл етилмейди.
❌Жоқарыдағы талапларға туўры келмеген, таңлаў басқышларынан өте алмаған яки жақын туўысқанлары ҳаққында биле турып надурыс мағлыўматлар берген, сондай-ақ белгиленген ҳүжжетлерди өз мүддетинде тапсырмаған талабанлар хызметке қабыл етилмейди.
✅Таңлаўда қатнасыў ушын арзалар усы жылдың 9 июлине (усы куни ҳәм) шекем https://new.customs.uz/uz/services/vacancy силтемеси арқалы онлайн қабыл етиледи.

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Saylov2023
📢 O‘zbekiston Respublikasi Prezidenti saylovi munosabati bilan 25-iyun kuni soat 18:00 da Prezidentlikka nomzodlarning vakillari o‘rtasida TELEDEBAT bo‘lib o‘tadi.
▫️“O‘zbekiston 24”, “O‘zbekiston”, “Mahalla”, UzReport", "Renessans" va "Zo'rTV" telekanallarida — o‘zbek tilida (surdo tarjima bilan);
▫️“Yoshlar” telekanalida — ingliz tilidagi tarjimasi bilan;
▫️“Dunyo bo‘ylab” va “Toshkent” telekanallarida — rus tilidagi tarjimasi bilan;
▫️“Qoraqalpog‘iston” telekanalida — qoraqalpoq tilida.
YUKSALISH HARAKATI

Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлерине
Қәдирли дослар!
Бәринен бурын сизлерди 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни менен қызғын қутлықлаймыз.
Жәмийетимизде демократиялық қәдириятларды қарар таптырыў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив ҳәм дурыс мағлыўматларды жеткериўде сиз, ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң пидәйи мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.
Сизлердиң мийнетлериңиз себеп, мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына жақын болып, елимиздиң жаңа демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте.
Биз жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, өмир ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретип, заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халқымыздың мәпин муқаддес деп билген саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўда сизлердиң мийнетиңизге сүйенемиз.
Сизлерди Ғалаба хабар қураллары күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Қәдирли дослар!
Бәринен бурын сизлерди 27-июнь - Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары күни менен қызғын қутлықлаймыз.
Жәмийетимизде демократиялық қәдириятларды қарар таптырыў, пуқараларымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, дүньяда ҳәм мәмлекетимизде жүз берип атырған социаллық-сиясий процесслер, ўақыя-ҳәдийселер ҳаққында оператив ҳәм дурыс мағлыўматларды жеткериўде сиз, ғалаба хабар кураллары хызметкерлериниң пидәйи мийнетиңизди халқымыз жақсы биледи ҳәм қәдирлейди.
Сизлердиң мийнетлериңиз себеп, мәмлекетимиз ғалаба хабар қураллары халқымыз турмысына жақын болып, елимиздиң жаңа демократиялық көринисин қәлиплестириўде оғада әҳмийетли орын ийелемекте.
Биз жәмийетимизде ашық-айдынлықты тәмийинлеўде, өмир ҳәм кәсиплик тәжирийбеңизди жасларға үйретип, заманагөй пикирлейтуғын, Ўатан ҳәм халқымыздың мәпин муқаддес деп билген саламат ҳәм кәмил әўладты тәрбиялаўда сизлердиң мийнетиңизге сүйенемиз.
Сизлерди Ғалаба хабар қураллары күни менен және бир мәрте қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, машақатлы мийнетиңизде бәрҳәма табыслар тилеймиз.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Ўзбекистон Республикаси Президентининг "Матбуот ва оммавий ахборот воситалари ходимлари куни муносабати билан соҳа ходимларидан бир гуруҳини мукофотлаш тўғрисида"ги Фармони
—
Указ Президента Республики Узбекистан "О награждении в связи с Днем работников печати и средств массовой информации группы работников сферы"
Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter

Forwarded from Shavkat Mirziyoyev_press-service
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни мүнәсибети менен тараў хызметкерлеринен бир топарын сыйлықлаў ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, ашық-айдынлықты беккемлеў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, елимиздеги жаңаланыў процесслерин, ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, заманагөй журналистика бағдарлары ушын жоқары маман кадрларды таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жемисли мийнети ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Дўстлик» ордени менен
Ережепов Бахытбай Кеңесбаевич - Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «Nukus teleradiomarkazi» филиалының бас сес режисёры
«Шуҳрат» медалы менен
Ажимуратов Азамат Лепесбаевич - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме бөлими баслығы.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
Мәмлекетимизде сөз ҳәм баспасөз еркинлигин, ашық-айдынлықты беккемлеў, халқымыздың мәлимлеме тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеўге қосып атырған мүнәсип үлеси, глобал мәлимлеме майданында миллий мәплеримизди қорғаў, елимиздеги жаңаланыў процесслерин, ерисилип атырған жетискенликлерди кеңнен үгит-нәсиятлаўдағы үлкен хызметлери, заманагөй журналистика бағдарлары ушын жоқары маман кадрларды таярлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў бағдарындағы жемисли мийнети ҳәм жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер сыйлықлансын:
Қарақалпақстан Республикасы бойынша:
«Дўстлик» ордени менен
Ережепов Бахытбай Кеңесбаевич - Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының «Nukus teleradiomarkazi» филиалының бас сес режисёры
«Шуҳрат» медалы менен
Ажимуратов Азамат Лепесбаевич - Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң мәлимлеме бөлими баслығы.
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни кең түрде белгиленди
Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «27-июнь – Баспасөз ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери күни» мүнәсибети менен байрам салтанаты болып өтти.
Онда Жоқарғы Кеңес Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, бүгинги байрам мүнәсибети менен қутлықлады.
Соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында сөз еркинлигин тәмийинлеў, ғалаба хабар қуралларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў, тараў пидайыларын мүнәсип хошаметлеў, әмелге асырылып атырған реформаларды халық арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бағдарында кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Атап өтиў керек, быйылғы жылдың өзинде 661 млн. сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан радиосына радио толқынларын узатыў антенналары сатып алынбақта. Бүгинниң өзинде 2 млрд. 339 млн. сумлық қаржы есабынан Қарақалпақстан телевидениесиниң материаллық-техникалық базасын жəне де беккемлеў ушын қосымша имканият жаратылмақта. 757 млн. сумнан аслам қаржы ажыратылып, “Баспасөз үйи” имаратында “Медиа-орай” шөлкемлестирилмекте.
Республикалық газета-журналларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2 млрд. 119 млн.сум қаржы ажыратылды. 12-июньнен баслап санлы телеузатқыш арқалы Тахтакөпир, Қараөзек ҳəм Шымбай районлары халқы жергиликли мəмлекетлик емес телеканалларды, яғный, “Әмиўдəрья ТВ”, “Жаслар ТВ” ҳəм “Елликқала ТВ” телеканалларын тест режиминде көриў имканиятына ийе болмақта. Сондай-ақ, “Нөкис ФМ” радио-эфири көлемин кеңейтиў мақсетинде Тахтакөпир радио-телевизион станциясына 500 ватлы радиоузатқыш ҳəм антенна қурылмалары орнатылды.
Дөретиўшилердиң кәсиплик байрамы мүнәсибети менен «Ардақлы нураний», «Ўатан пидайысы» көкирек белгилери, өзлериниң юбилей сәнелерин белгилеп атырған газета-журналлар редакцияларына, телеведение ҳәм радио жәмәәтлерине компьютерлер, Ҳүрмет жарлықлары менен баҳалы саўғалар тапсырылды.