press_Bozataw | Rásmiy kanal
6.57K subscribers
40.6K photos
3.8K videos
33 files
13.1K links
Download Telegram
⚡️ГҮЛСӘНЕМГЕ ТЕЛЕФОН САЎҒА ЕТИЛДИ

Хабарыңыз бар, 2020-жыл 25-декабрь күни ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев, мәмлекетимиз жаслары ушырасыўында бозатаўлы Гүлсәнем Уразбаеваны «Зульфия» атындағы Мəмлекетлик сыйлық пенен сыйлықлаў ҳаққында сөз еткен еди.

Усы жылдың 6-март күни Президент Гүлсәнем Оразбаеваға «Зулфия» атындағы мәмлекетлик сыйлығын өз қоллары менен тапсырды.

Бүгин, Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы, сенатор А.Данияров Бозатаў районына барып, Гүлсәнемди қызғын қутлықлап телефон саўға етти.

👉 telegram 👉 facebook 👉 instagram
🔊Дағаза

Ҳүрметли Ўатанласлар!

🎭Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында жаңа спектакль.

🎬Театр жәмәәти усы жылдың 9-10-11-12-13-14-15-март күнлери Сизиң нәзериңизге жәҳән әдебиятының ири ўәкили Вильям Шекспирдиң классикалық шығармаларынан бири "Ромео ҳәм Жульетта" спектаклин усынады.

Спектакль ўақты: ҳәр күни 17:00

🔖Билетлер театр кассасында сатылмақта.

☎️Мағлыўмат ушын телефон: +99861 222 23 67

✏️Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагɵйлер театрының мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў 👉@kk_tyuz
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жыл 11- ноябрдеги 710-санлы «Өзбекстан Республикасында 2023-жылда халықты дизимге алыўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў ҳәм түсиндириў мақсетинде Бозатаў районы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминде Бозатаў районы статистика бөлими кәнийгелери тәрепинен семинар өткерилди.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў, жат иллет ҳәм идеяларға қарсы гүресиўи ушын күшли идеологиялық иммунитетти пайда етиў мақсетинде райондағы улыўма билим бериў мектеплеринде тийисли тараў ўәкиллери тәрепинен үгит-нәсият ҳәм түсиндириў жумыслары алып барылмақта. Усындай илажлардың бири райондағы 1-санлы мектепте өткерилди. Оған "Сүйин ийшан" мешити имам кәтиби Қ.Изтилеўов қатнасып, оқыўшыларға диний экстремизм ҳәм терроризм сыяқлы динимизге ҳәм миллетимизге жат болған иллетлердиң унамсыз ақыбетлери ҳаққында түсиниклер берди.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
Қарақалпақстанда шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық бойынша әмелге асырылатуғын жойбарлар нәтийжесинде 7 мыңға шамалас адамлар жумыс пенен бәнт болады

Қарақалпақстанның аўыл хожалығы тараўындағы имканиятлары да жүдә кең. Мәселен, шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық бойынша 117 жойбар ислеп шығылған. Олардың нәтийжесинде 7 мыңға жақын адамның бәнтлиги тәмийинленеди. Әҳмийетлиси, 24 жойбар гөш, сүт ҳәм терини қайта ислеў, аралас жем ислеп шығарыўға бағдарланған.

Мәмлекетимиз басшысы сырт ел тәжирийбесин енгизген ҳалда, нәсилли шарўашылық ҳәм балықшылықты раўажландырыў зәрүрлигин атап өтти. Ресурсларды толық иске қосып, қайта ислеўди тереңлестириў, адамларға турақлы дәрамат дерегин жаратыў илажлары бойынша көрсетпелер берди.

Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлардың презентациясында мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

Каналымызға қосылың
👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
"Бозатаў" футбол стадионында районлық Дене тәрбия ҳәм спорт бөлими, районлық Халық билимлендириў бөлими Өзбекстан "YOSHLIK" Дене тәрбия ҳәм спорт жәмийети Бозатаў районлық бөлими менен биргеликте райондағы улыўма билим бериў мектеплери арасында "Vatanparvarlar" таңлаўының районлық басқышы болып өтти. Жарыска 100 ден артық жас өспиримлер қатнасты. Жарыс жуўмағында бириншилик 9-санлы мектептиң командасына несип етти.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
БМТТД ҳәм UNFPA қоспа дәстүринде "Арал теңизи бойындағы жергиликли халықтың қоршаған орталыққа бейимлесиўин күшейттириў, экономикалық төменлиги сондай-ақ ден-саўлықты сақлаў машқалаларын дәстүрли режелестириў" иләжларының әмелге асырылыўы нәзерде тутылған болып, усы тийкарда аўыллық жерлерде исбилерменликти раўажландырыўға көмеклесиў мақсетинде республикамыздың Бозатаў, Шымбай ҳәм Қараөзек районларында семинар-тренинг шөлкемлестириў арқалы халықтың билим ҳәм көнликпелерин беккемлеў режелестирилген.
Усы жылдын 9-март күни Бозатаў районында "Санластырыў ҳәм оның исбилерменлерге тәсири" атамасында семинар болып өтти.
Оқыў семинары Хироши Канеко қоспа дәстүриниң халық аралық қәнигелери қатнасында өткерилди. Семинарға райондағы киши ислеп шығарыў, саўда, хызмет көрсетиў бағдарларында жумыс ислеп атырған исбилерменлер қатнасты.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
#қабыллаў
Бозатаў районында усы жылдың 10-март күни 2-сектор Қусханатаў аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы район МШББне қараслы 3-санлы балалар бақшасы имаратында район Халық қабыллаўханасы менен биргеликте сектор басшыларының гезектеги ушырасыўы болып өтти. Ушырасыўда пуқаралардың социаллық жәрдем, бәнтлик, коммуналлық хызметлер ҳәм күнделикли турмыста ушырасатуғын бир қатар машқалалары тыңланды.
Аўыл турғынларының билдирилген мүрәжатлары бойынша тийисли тараў басшылары тәрепинен түсиниклер берилип, қалған мүрәжатлар орынланыў ушын район Халық қабыллаўханасы тәрепинен қадағалаўға алынды.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
#Саяхат
Бозатаў районынан 45 км қашықлықта жайласқан 3-сектор аймағына қараслы "Көк суў" аўыл пуқаралар жыйынында жайласқан улыўма билим бериў мектеплериниң оқыўшы жаслары сектор басшыларына район орайындағы заманагөй имаратларға саяхат етиў усынысын билдирген еди.
Бүгин оқыўшы жаслардың усынысы инабатқа алынып, 3-сектор баслығының басламасы менен олардың район орайына саяхаты шөлкемлестирилди.
Дәслеп "Жаслар орайы"нда оқыўшы жаслардың Зулфия атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Гүлсәнем Оразбаева менен ушырасыўы болып өтти.

@bozataw_uz
#Саяхат
Оннан соң жаслар райондағы ислеп шығарыў кәрханаларынан бири болған "Boz tex" текстил фаврикасында болып, түрли көринистеги заманагөй кийимлердиң ислеп шығарылыў барысы менен танысты.

@bozataw_uz
#Саяхат
Саяхаттағы кейинги мәнзил заман талапларына сай тәризде қурып питкерилген "Бозатаў" спорт стадионы ҳәм Мәденият орайы болды. Бул орынларда жаслар объектлердиң ишки имканиятлары менен жақыннан танысты. Өзлерин қызықтырған сораўларына тийисли тараў ўәкиллеринен жуўаплар алды.
Солай етип, Көксуўлы жаслардың район орайында өткерилген саяхаты мазмунлы ҳәм кеўилли болып, унамлы тәсирлерге бай болды.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
Бозатаў районы ХББ не қараслы "Бәркамал әўлад"балалар мектебинде "Пийшенби- жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы" күни мунәсибети менен жас өспиримлер арасында жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, ерте турмыс қурыўдың унамсыз ақыбетлери бойынша үгит-нәсият мақсетинде жас өспиримлер арасында жүз берип атырған жынаят ҳәм ҳуқықбузарлықлардың ерте турмыс қурыўдың унамсыз ақыбетлери ҳаққында аймақ профилактика инспекторы тәрепинен үгит-нәсият жумыслары алып барылды.

@Bozataw_uz
#Қутлықлаў🌺🌺🌺🌺🌺

Усы жылдың 6-март күни Ҳүрметли Президентимиз Бозатаўлы Гүлсәнем Оразбаеваға «Зулфия» атындағы мәмлекетлик сыйлықты өз қоллары менен тапсырған еди. Зулфия сыйлығының ең кишкене ийеси болған бул қәбилетли қыз Гүлсәнем Оразбаеваның жетискенлигин қутлықлаў мақсетинде Мәмлекетлик хызметлер агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығы К.Ж.Артыковтың қутлықлаўы ҳәмде естелик саўғасы Бозатаў районы Мәмлекетлик хызметлер орайы тәрепинен салтанатлы тәризде тапсырылды.
Районымыз атын республикаға танытып үлгерген усындай перзентти өсирип тәрбия берген ата-анасына миннетдаршылық билдирилип, бул кишкене қызымызға келешекте үлкен жетискенликлерге ерисип, елимизди дүньяға танытыўын тиледи .

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
​​Президент Шавкат Мирзиёев ўтган йили октябрь ойида Қорақалпоғистон Республикасига ташрифи чоғида Бўзатов туманида ёшлар билан учрашиб, ўша учрашув пайтида Президент томонидан бутун республикадан ижодкор ёшларни Бўзатовга таклиф этилиши таъкидланганди.

Ўшанда мен ичимда ажойиб Music Fest нинг дараги келяптиёв😎 деппўёвдим. Так вот, таклиф ўз кучида ва Ёшлар ишлари ишлари агентлиги қатор ҳамкор ташкилотлар билан биргаликда Bo'zatov FEST ни ташкил этмоқда экан. 🤘

“Бўзатов иқтидорларни кашф этади!” шиори остида ўтказилиши режалаштирилган “Республика ёшлар овози” фестивалининг ҳудудий кастинг босқичига старт берилди!

Демак,
15-16 март кунлари Қорақалпоғистон Республикаси ҳамда Андижон, Сурхондарё вилоятларида;
17-18 март кунлари Фарғона, Хоразм ва Қашқадарё вилоятларида;
19-20 март кунлари Наманган, Бухоро, Самарқанд ва вилоятларида;
22-23 март кунлари Навоий, Жиззах ва Тошкент вилоятларида;
24-25 март кунлари Тошкент шаҳри ва Сирдарё вилоятида бўлиб ўтади.

Кастингда кимлар иштирок этиши мумкин?

Номзодлар икки ёш тоифаси, яъни 6 ёшдан 15 ёшгача, 16 ёшдан 30 ёшгача бўлган уч йўналиш бўйича жонли ижрода ўз иқтидорларини синовдан ўтказади:
1) Бахшичилик ва анъанавий ижро;
2) Опера
3) Эстрада

Кастингда 3 йўналишдан бирига тааллуқли, номзоднинг ўзи танлаган 1 та қўшиқ бошидан охиригача ижро этилади.

Қандай иштирок этиш мумкин?

Кастингда иштирок этиш учун @reg_tanlovbot орқали онлайн рўйхатдан ўтиш зарур. Агар бунинг имкони бўлмаса, хавотриться қилманг, кастинг куни белгиланган манзилга келинг ва жонли рўйхатдан ўтиб талантингиз билан ёрворинг. Ома ғолибларга нармални соққасиям боракан😜

Ҳар бир йўналиш бўйича биринчи ўрин соҳиби 50 миллион сўм, иккинчи ўрин эгаси 25 миллион сўм, учинчи ўринни эгаллаган иқтидор эгаси 15 миллион сўм пул мукофотига сазовор бўлади. Бундан ташқари рағбатлантирувчи мукофотлар ҳам бор.

Менам битта рок бэнд тузиб секин ими жимида қатнашвораман шекл😁 Талантингни кўрсатадиган пайт келди. Олға!

@nurbekalimov