press_Bozataw | Rásmiy kanal
6.58K subscribers
40.6K photos
3.78K videos
33 files
13.1K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ гезексиз қырқ бесинши сессиясыныӊ қалдырылыўы ҳаққында

2023-жыл 3-август күни саат 10:00 де өткерилиўи режелестирилген Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз қырқ бесинши сессиясы
басқа күнге қалдырылды.

Сессияның өткерилиўи бойынша қосымша мағлыўмат берилетуғынын мәлим етип билдиремиз.



Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Тақыятас  районындағы «Найманкөл» аўылына алып барыўшы жол асфальтланды

Жоқарғы Кеңес Баслығы тәрепинен орынларда өткерилген көшпели қабыллаўларда билдирилген мүрәжатлар, көше бийлериниң көтерген мәселелери тийкарында Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын 329,7 млрд. сум қаржы ажыратылған еди.

Усы қаржылар тийкарында Тақыятас  районындағы «Найманкөл» аўылына алып барыўшы 4н53 автомобиль жолыныӊ 3,8-4,2 километр аралықларында асфальт жатқызыў жумыслары алып барылды.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Президент жас футболшылар ҳәм тараў жуўапкерлери менен ушырасты

Мәмлекетимиз басшысы Жоқары Чирчиқ районында қурылып атырған Футбол бойынша миллий сайланды командалар орайын барып көрди.

Бул орай Халық аралық футбол федерациялары ассоциациясы (ФИФА) менен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Ҳәзирги ўақытта 8 мың орынлы стадион қурылған. Және 7 шынығыўлар майданы, пляж футболы майданы, футзал манежи, бассейин, реабилитация комплекси ҳәм жатақханалар қурылыўы режелестирилген.

Тараў жуўапкерлери менен сәўбетте миллий футболымызға сырт елден тәжирийбели техникалық директор алып келиў, футбол структурасын раўажландырыў мәселелери талқыланды. Қарақалпақстан, Қашқадәрья, Жиззах, Наманган ҳәм Ташкентте аймақлық базалар шөлкемлестириў, тренерлер мектебин жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.

Президент жаслар арасында футболды еле де ғалабаластырыў, оларға шараят жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратты.


Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Búgin

Xalıq deputatları Bozataw rayonlıq Keńesiniń gezektegi 73-sanlı sessiyası ótkerildi.

Bolıp ótken sessiyaǵa rayonlıq Keńes deputatları, sektor baslıqları, rayon hákiminiń tiyisli orınbasarları menen mákeme, kárxana, shólkem basshıları qatnastı hám sessiya kún tártibinde jámi 7 másele kórip shıǵıldı.

Tolıq oqıw➡️https://bozatawrk.uz/2023/08/03/

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/bozataw_uz
Bozataw rayonında kishi isbilermenlik subyektleri sanı

2023- jıl 1-iyul jaǵdayına Bozataw rayonında dizimge alınǵan kishi isbilermenlik subyektleri sanı 417 bolıp, sonnan háreket etip turǵanı 327 ni quraydı. Jıl basınan 56 kishi isbilermenlik subyektleri jańadan ashılǵan.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/bozataw_uz
Bozataw rayonı sırtqı sawda aylanısı

Qaraqalpaqstan Respublikası statistika basqarması maǵlıwmatlarına bola, 2023-jıldıń yanvar-iyun aylarında Bozataw  rayonınıń sırtqı sawda aylanısı 812,5 mıń. AQSH dollarına jetti. 2022-jıldıń yanvar-iyun aylarında bul kórsetkish 789,4 mıń. AQSH dollarına yáki 102,9% ti quradı.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
https://t.iss.one/bozataw_uz
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Кегейли районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте

«Инсан қәдири ушын» принципи тийкарында халқымызға мүнәсип шараят жаратыў, олардың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша Президентимиз басшылығында бир қатар жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы қарарына тийкар, Кегейли районында жәми 920 шаңарақтың жайының төбесин шиферлаў, 4 шаңараққа жаңадан үй курып бериў белгиленген. Турақ жайларды оңлаў ушын Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги тәрепинен жәми 13,2 млрд сум қаржы ажыратылып, қурылыс жумыслары жедел пәтте алып барылмақта.

Бүгинги күнде бир қатар шаңарақларды жыллар даўамында қыйнап келген машқала шешимин таўып, турақ жайларының төбеси шиферланып берилди.

Халқымызды бүгинги турмысынан кеўилли жасаўын тәмийинлеў бағдарында Президентимиз басшылығында басланған үлкен жумыслар елимиз бойлап еледе даўам етеди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ең шетки аймақларда жасаўшы пуқаралардың да машқалалары өз шешимин таўып атыр

Бүгинги күнде пуқаралардың турмысында ушырасып атырған машқалаларға шешим табыў, оларды жыллар даўамында қыйнап келген мәселелерди шешиў, бүгинги турмысынан разы етиў бағдарында аўыл ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын жақсылаў сыяқлы бир қатар ийгиликли жумыслар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, президентимиздиң тапсырмасы менен қабыл етилген Министрлер Кабинетиниӊ 500-санлы қарары тийкарында Бозатаў районындағы «Еркиндәрья» аўыл пуқаралар жыйыны Сатлық аўылының топырақ жолларына қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары жедел пәтлерде алып барылып атыр.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Мойнақ районында жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ-жайларын оңлаў жумыслары даўам етпекте

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы 52-санлы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкар Мойнақ районы аймағында Ташкент ўәлаятының 14,6 млрд. сум қаржылары тийкарында жәми 793 турақ жайдың оңланыўы белгиленип, соннан 651 жай шиферланыўы, 142 үй бузылып, жаңадан қурып берилиўи режелестирилген.

Ҳәзирги ўақытта турақ жайын жаңадан қурыўға мүтәж хожалықлардың үйлерин қайта қурыў жумыслары баслап жиберилген. Халқымыздың бүгинги турмысынан разылығын тәмийинлеў, олардың абаданлығы жолында барлық илажларды көриў бүгинги күнниң әдиўли ўазыйпаларынан саналады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Xabarlandırıw❗️

Húrmetli Bozataw rayonı turǵınları!

✍️Búgin saat 10:00 de Bozataw rayonı “Bozataw” PPJ aymaǵında jaylasqan 1-sektor shtabında puqaralardıń múrájatların úyreniw hám olarǵa unamlı sheshim tabıw maqsetinde gezektegi qabıllaw bolıp ótetuǵınlıǵın xabarlaymız.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
👉https://t.iss.one/bozataw_uz
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Ўзбекистон Республикаси Президенти Шавкат Мирзиёев амалий ташриф билан Ашхобод шаҳрига жўнаб кетди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев әмелий сапар менен Ашхабат қаласына жөнеп кетти.

Президент Республики Узбекистан Шавкат Мирзиёев отбыл с рабочим визитом в город Ашхабад.

#Mirziyoyev #tashrif #Turkmaniston #sammit

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter