press_Bozataw | Rásmiy kanal
7.61K subscribers
37.8K photos
3.48K videos
31 files
12.2K links
Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri.
Web-sayt
https://bozatawrk.uz/
Instagram
https://instagram.com/press_bozataw
Facebook
https://www.facebook.com/pressbozataw
https://www.youtube.com/@bozatawuz3466
Bot mánzili:
@Bozataw_murajat_bot
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент Шавкат Мирзиёевнинг Ўзбекистон Республикаси давлат мустақиллигининг ўттиз уч йиллигига бағишланган тантанали маросимдаги нутқи

Президент Шавкат Мирзиёевтың Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз үш жыллығына арналған салтанатлы мәресимдеги шығып сөйлеген сөзи

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Истиқлолимизнинг 33 йиллигига бағишланган байрам шодиёнаси ёрқин концерт дастури билан давом этди

Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллығына арналған байрам салтанаты жарқын концерт пенен даўам етти

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Әзиз Ўатанласлар!
Қəдирли дослар!

Гүллəн халқымызды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊеси ҳәм Министрлер Кеӊеси атынан елимиз тарийхындағы қутлы сәне, еӊ уллы ҳәм еӊ әзиз әййям – Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы менен қызғын қутлықлаймыз.

Ҳүрметли Ўатанласлар!

Быйылғы ғəрезсизлик байрамы «Бир болсақ – бир халықпыз, бирлессек –Ўатанбыз!» деген сүрен астында өткерилмекте.
Бул сүрен кеўиллерге өзгеше илҳам-йош бағышлап, келешекке деген исенимди жəне де беккемлеў менен бирге, гүллəн халқымызды ийгиликли мақсетлерге ҳəм дөретиўшилик ислерге руўхландырыўы менен əҳмийетли саналады.

Бүгингидей жаңаланыўлар ҳəм раўажланыўлар дəўиринде елимизде жүз берип атырған кең көлемли ийгиликли ислерге үлес қосыў, халқымыздың турмыс дәрежесин буннан былай-да жақсылаў, миллетлер аралық татыўлықты, дослық қатнасықларын беккемлеў, ең тийкарғы байлығымыз болған тынышлықты сақлаў, оның қәдирине жетиў усы елде жасап ҳəм мийнет етип атырған ҳәр бир инсан ушын əдиўли миннет ҳəм парыз болыўы тийис!

Әзиз дослар!

Бəршеңизди және бир мәрте Ғәрезсизлигимиздиң 33 жыллық байрамы менен қызғын кутлықлаймыз.
Шаңарақларыңызға аманлық тилей отырып, елимиздиң және де гүллеп-раўажланыўы, халқымыздың бахытлы ҳәм абадан турмысы жолындағы барлық жумысларыңызда тасқын табыслар тилеймиз!

Аманбай Орынбаев
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы



Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Bayram_qutlıqlawı

Húrmetli Watanlaslar!

Siz ázizlerdi, sizler arqalı gúllán xalqımızdı elimiz tariyxındaǵı qutlı sáne, Ózbekstan Respublikası Ǵárezsizliginiń 33 jıllıq bayramı menen qızǵın qutlıqlayman.

Áziz doslar!


Bıyılǵı ǵárezsizlik bayramı Húrmetli Prezidentimizdiń arnawlı qararı tiykarında “Biz bir bolsaq - bir xalıqpız, birlessek - Watanbız!” degen súren astında keń túrde ótkerilmekte.

Bul súren bárshe kewillerge ózgeshe ilham-yosh baǵıshlap, erteńgi keleshekke degen isenimdi bekkemlew menen birge, xalqımızdı iygilikli maqsetlerge hám dóretiwshilik islerge ruwxlandırıwı sózsiz.

Qádirli doslar!

Bársheńizdi doslıq, tuwısqanlıq, tatıwlıq, awızbirshilik, mehir-múriwbet hám keńpeyillik áyyamı bolǵan - Ózbekstan Respublikası Ǵárezsizliginiń 33 jıllıq bayramı menen jáne bir márte qutlıqlayman, hár bir shańaraqqa amanlıq, mol ırısqı nesiybe, bekkem densawlıq tileymen.

Húrmet penen!
Bozataw rayonı hákimi K.Allaniyazov.


Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
👉https://t.iss.one/bozataw_uz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ёруғ ва нурафшон келажагимизни – Янги Ўзбекистонни албатта барпо этамиз! Ўзбекистон Республикаси мустақиллигининг 33 йиллиги муборак бўлсин, азиз юртдошлар!

Жарқын ҳәм айдын келешегимизди - Жаңа Өзбекстанды әлбетте қурамыз! Өзбекстан Республикасы ғәрезсизлигиниң 33 жыллығы мүбәрек болсын, әзиз Ўатанласлар!

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|X
Қарақалпақстанлылар елимиз ғәрезсизлигиниң 33 жыллығын жоқары кейпият пенен белгилемекте!

Қорақалпоғистонликлар юртимиз мустақиллигининг 33 йиллигини катта кўтаринки кайфият билан нишонламоқдалар!