Forwarded from Karakalpakstan.uz
⚡️Қабыллаў
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары, Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети баслығы М.Ахмедова өзиниң жеке қабыллаўын өткерди.
Қабыллаўға пуқаралар өз мүрәжатлары менен қатнасты.
Тийкарынан пуқаралар тәрепинен уй-жай менен тәмийинлеў, бәнтлик, материаллық жәрдем мәселелери бойынша мүрәжатлар келип түсти.
Тийисли тәртипте мүрәжатлар көрилип шығылды ҳәм бир неше мүрәжат сол ўақытта өзиниң шешимин тапқан болса, айрымлары жеке қадағалаўға алынды.
Каналға ағза болыў

⚡️Бүгин, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары Ш.Даулетияров басшылығында Нөкис районы 14-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде көргизбели семинар болып өтти.
Толық оқыў
Каналға ағза болыў
Толық оқыў
Каналға ағза болыў
#Bes_baslama_olimpiadası
#Jaslar_ayaq_oyın_festivalı
Usı jıldıń 17-may sánesinde Bozataw rayonı Jaslar orayı imaratında “Bes baslama olimpiadası” sheńberinde “Jaslar ayaq oyın festivalı” kórik tańlawlarınıń rayonlıq basqıshı bolıp ótti.
Bolıp ótken kórik tańlawǵa rayon aymaǵındaǵı máhállelerden bir-birinen talantlı, ózgeshe qábiletke iye bolǵan 10-15, 16-22, 23-30 jas aralıǵındaǵı jaslar qatnastı. Hár bir qatnasıwshı saxna mádeniyatına ámel etken halda tóreshiler quramına ózleriniń atqarıw sheberliklerin kórsetti.
Kórik tańlaw juwmaǵında óz talantı menen basqa qatnasıwshılardan ajıralıp turǵan qatnasıwshılar jeńimpaz boldı hám jeńimpazlar Jaslar isleri agentligi Bozataw rayonlıq bólimi tárepinen tayarlanǵan diplomlar menen sıylıqlandı, sonday-aq tańlaw jeńimpazları Qaraqalpaqstan Respublikası basqıshına jollama aldı.
Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
bozatawrk.uz|Instagram|YouTube|Telegram

Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Жер бойынша нызамбузыўшылық ҳәрекети ҳаққында хабар бермеген фермер хожалығына жәрийма қолланылды
Елликқала районы «ГУЛСАРА-ШИРИНОЙ» фермер хожалығына қараслы болған хожалық картасының 773-қ контурынан «Еллиқкала районы жоллардан пайдаланыў» унитар кәрханасы тәрепинен, нызамлы ҳуқықлары болмай турып өзбасымшалық пенен 0, 40 га жер майданын ийелеп, дамба қурып пайдаланып келинген.
Бул жер нызамбузыўшылық ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң қадағалаўына алынып тийисли тапсырмалар берилген еди.
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы берилген тапсырмаға тийкар Елликқала районындағы жағдай бойынша үйрениў жумысларын алып барды.
Үйрениў нәтийжелерине бола, кәрханаға Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққында кодексиниң 60-статясы 2-бөлимде нәзерде тутылған ҳуқықбузарлығы ушын Кадастр агентлиги Елликқала районы бөлими тәрепинен 2023-жыл 4-май күни ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилди.
Нызамсыз қурылған дамбаны белгиленген мүддет ишинде кәрхана өз есабынан ықтиярый сапластырып, жер майданын алдынғы жағдайынан келтиргени ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилди.
Буннан тысқары, «ГУЛСАРА-ШИРИНОЙ» фермер хожалығы өзине қараслы болған жер участкаларда өзге шахслар тәрепинен өзбасымшалық пенен пайдаланып келгенин тийисли уйымларға хабар бермегени яғный, Өзбекстан Республикасы ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 60¹-статясында нәзерде тутылған ҳуқықбузарлықты ислегени ушын фермер хожалығына ҳәкимшилик баянлама рәсмийлестирилди.
Топланған ҳәкимшилик ис материал көрип шығылып, фермер хожалығы баслығына базалық есаплаў муғдарының елиў есеси муғдарында жәрийма қолланылды.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter

Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
🔰 Жер алыўдың тәртиплери әпиўайыластырылды
Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен айырым категориядағы шахслар ушын бирқанша жеӊилликлер бериледи
Жер участкасын «Исбилерменлер» арқалы нызамға қайшы түрде сатып алып, турақ жайлар қурған бирақ, ҳәзирде оны ҳүжжетлестире алмай жүрген пуқараларымыз бар екенлиги сыр емес. Сондай жағдайлар болып атырған болсада айырым пуқараларымыз елеге шекем алдаўшылар дузағына түсип, жәбир көрмекте. Бундай нызамсыз “Саўдадан” сатып алынған жер участкасын ямаса тиклеген имаратты ҳүжжетлестириўдиң имкани жоқ.
Бәршемизге мәлим мәмлекетимизде «Инсан қәдири» принципи тийкарында бир қанша көлемли реформалар әмелге асырылмақта.
Сол қатары жер қатнасықларың тәртипке салыў, пуқараларға жер ажыратыў тәртиплерин жеӊиллестириў бағдарында да тийисли ҳүжжетлер қабыл етилди. Жер участкаларын ашық ҳәм еркин түрде «Аукцион» арқалы алыў басқышлары жеӊиллестирилди.
Атап айтқанда, 2022-жыл 30-ноябрь күнги Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ 685-санлы қарарында жер участкаларын аукционға шығарыў мүддетлери ҳәм басқышлары бойынша бирқанша жеӊилликлер көрсетип өтилди.
Соныӊ менен бирге ҳүкиметтиң 2023-жыл 23-март күнги 122-санлы қарары менен тастыйықланған режеге тийкар майыплығы болған шахстың ҳәм қурамында майыплығы болған шахс бар болған шаңарақтың жер участкасын электрон онлайн-аукцион арқалы сатып алыў қәрежетлери қаплап бериледи.
Электрон онлайн-аукцион арқалы жер участкасын сатып алған майыплығы болған шахстың ҳәм қурамында майыплығы болған шахс бар болған шаңараққа бир мәртелик материаллық жәрдем көрсетиледи.
Бунда шаңарағы қурамында майыплығы болған шахслар санына қарамастан БЕМның 100 есесине шекемги муғдарда бир мәртелик төлем ажыратылады.
Бунда майыплығы болған шахсқа ҳәм қурамында майыплығы болған шахс бар болған шаңараққа бир мәртелик жәрдем «Ҳаяллар дәптери»не киргизилген шахслар ушын – «Ҳаяллар дәптери» қоры;
«Жаслар дәптери»не киргизилген шахслар ушын – «Жаслар дәптери» қоры;
«Темир дәптер»ге киргизилген шахслар ушын – «Сақаўат ҳәм көмек» қоры есабынан тийислиги бойынша усы қорлардың жумысын муўапықластырыўшы шөлкемлер тәрепинен қаржыландырылады.
📍Буннан көринип турғанындай, жерди алдаўшылардыӊ ўәделерине исенип қымбат муғдарда сатып алып, оны қайта ҳүжжетлестире алмай жүргеннен көре, ашық аукцион арқалы утып алған мақсетке муўапық. Сондай-ақ, мәмлекет тәрепинен жоқарыда атап өтилген айырым категориядағы шахслар ушын қаржы тәрепиненде бирқанша жеӊилликлер бериледи.

‼️ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ!
Қарақалпақстан Республикасының барлық турғынларын ҳәм исбилерменлерди «Қарақалпақстанда исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша ең жақсы усыныс» таңлаўында қатнасыўға шақырып қаламыз.
🗓 Таңлаў 2023-жыл 18-22-май күнлери аралығында өткериледи.
📊 Таңлаўдың мақсети – Қарақалпақстан Республикасының барлық дәрежедеги исбилерменлери ушын қолайлы шараятлар жаратыўдан ибарат.
Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси тəрепинен дүзилген эксперт комиссиясы таңлаўға келип түскен ең жақсы 5 усынысты таңлап алады.
🏆 Жеңимпазлар материаллық хошаметленеди.
Таңлаўда қатнасыў ушын Қарақалпақстанда исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша усынысларыңызды (Мәселен: арнаўлы салық жеңилликлерин бериў имканиятлары, исбилерменлик бағдарындағы нызамшылыққа өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан шараятында исбилерменликти раўажландырыў бойынша бар имканиятлардан пайдаланыў жоллары, исбилерменлик жумысына унамсыз тәсир ететуғын системалы машқалаларды шешиў, ҳ.т.б бойынша усыныслар) төмендеги мәнзилге жолласаңыз болады:
📩: [email protected]
📞: (95) - 922-33-30
📞: (95) - 922-33-31
(телефон арқалы усынысларды қабыллаў 18-22-май күнлери саат 9:00 ден – 18:00 ге шекем даўам етеди).