press_Bozataw | Rásmiy kanal
7.72K subscribers
37.4K photos
3.44K videos
31 files
12K links
Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri.
Web-sayt
https://bozatawrk.uz/
Instagram
https://instagram.com/press_bozataw
Facebook
https://www.facebook.com/pressbozataw
https://www.youtube.com/@bozatawuz3466
Bot mánzili:
@Bozataw_murajat_bot
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
❗️Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар ушын исбилерменлерге мәмлекетлик грант ажыратылады

🔰Нызамшылыққа бола, Мәҳәллелерде хаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары шөлкемлестирилиўи белгиленген.

💰Орайларда бир социаллық жойбар шеңберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял қыз ушын исбилерменлерге 3 миллион сумға шекем мәмлекетлик грант ажыратылады.

☑️Мәмлекетлик грант төмендеги категориядағы ҳаял-қызларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде исбилерменлик жумысын баслаўына көмеклесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады:

▫️“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не, сондай-ақ, “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген;

▫️Жумыссыз, әсиресе, аўыллық орынларда бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған;

▫️Сырт ел мийнет миграциясынан қайтып келген;

▫️Майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз;

▫️Рәсмий болмаған бәнтликти қысқартыў мақсетинде күнделикли мийнет жумысы менен шуғылланып, дәрамат таўып атырған;

▫️Адам саўдасынан ҳәмде зорлық-зомбылықтан жәбир көрген, қыйын экономикалық жағдайға түсип қалған;

▫️Улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин жуўмақлаған, ЖООна оқыўға кире алмаған яки жоқары билимлендириўде оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар;

▫️Алдын жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
🌎 Қарақалпақстан Республикасы бойынша "E-auksion" платформасында жайластырылған 85 мәмлекетлик активлерди 7 жыл мүддет ишинде бөлип төлеў шәрти менен сатып алың ҳәм мүлк ийесине айланың.

🔹 Нөкис қаласында 5 ➡️ (силтеме)
🔹 Әмиўдаря районында 6 (силтеме)
🔹 Бозатаў районында 7 ➡️ (силтеме)
🔹 Қараөзек районында 5 ➡️ (силтеме)
🔹 Кегейли районында 3 ➡️ (силтеме)
🔹 Қоңырат районында 19 ➡️ (силтеме)
🔹 Қанлыкөл районында 5 ➡️ (силтеме)
🔹 Мойнақ районында 6 ➡️ (силтеме)
🔹 Нөкис районында 2 ➡️ (силтеме)
🔹 Тақыятас районында 1 ➡️ (силтеме)
🔹 Тахтакөпир районында 14 ➡️ (силтеме)
🔹 Төрткөл районында 6 ➡️ (силтеме)
🔹 Хөжели районында 1 ➡️ (силтеме)
🔹 Шымбай районында 2 ➡️ (силтеме)
🔹 Шоманай районында 1 ➡️ (силтеме)
🔹 Елликқала районында 2 ➡️ (силтеме)

🗣Мағлыўмат ушын. 2023-жил 17-май жағдайына ауксион саўдасында 27 мәмлекетлик активлер 8 626, 8 млн. сумға сатылди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
❗️ Шаңарақлық бақшаларға 3 жасқа толмаған балаларды да қабыл етиўге рухсат берилген

📃 14.07.2022-жыл ПҚ–322-санлы «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке шерикликти еле де раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген.

Қарарға бола, 2022-жыл 1-сентябрден:

❗️ шаңарақлық мәмлекетлик емес бақшаларда:

🟢 қатнап атырған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар перзентлери ҳәм арнаўлы контингентлер саны тәрбияланыўшылар санының 70 процентинен кем болғанда, жетпеген бөлегине басқа шаңарақлардың балаларын қабыл етиўге рухсат етилди;

🟢 тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемши лаўазымлары ушын төрт ямаса беске шекем штат бирлигин ажыратыўға рухсат етилди;

🟢 тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемшилерине бюджеттен мийнет ҳақын қаплаў ушын субсидия туўрыдан-туўры усы хызметкерлердиң пластик картасына өткерип бериледи;

❗️ мәмлекетлик жеке-шериклик тийкарында жумыс алып барып атырған бақшаларда, шаңарақлық бақшаларда:

🟢 бюджеттен төленетуғын субсидия ҳәм компенсацияларды есаплаўда 3 жас ҳәм оннан жоқары жастағы, бирақ, 7 жыл 8 айдан үлкен болмаған жастағы тәрбияланыўшылар есапқа алынады;

🟢 ата-аналар төлеми муғдары бийғәрез түрде белгилеп 3 жасқа толмаған балаларды да қабыл етиўге рухсат бериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
‼️ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ!

Қарақалпақстан Республикасының барлық турғынларын ҳәм исбилерменлерди «Қарақалпақстанда исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша ең жақсы усыныс» таңлаўында қатнасыўға шақырып қаламыз.

🗓 Таңлаў 2023-жыл 18-22-май күнлери аралығында өткериледи.

📊 Таңлаўдың мақсети – Қарақалпақстан Республикасының барлық дәрежедеги исбилерменлери ушын қолайлы шараятлар жаратыўдан ибарат.

Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси тəрепинен дүзилген эксперт комиссиясы таңлаўға келип түскен ең жақсы 5 усынысты таңлап алады.

🏆 Жеңимпазлар материаллық хошаметленеди.

Таңлаўда қатнасыў ушын Қарақалпақстанда исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша усынысларыңызды (Мәселен: арнаўлы салық жеңилликлерин бериў имканиятлары, исбилерменлик бағдарындағы нызамшылыққа өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан шараятында исбилерменликти раўажландырыў бойынша бар имканиятлардан пайдаланыў жоллары, исбилерменлик жумысына унамсыз тәсир ететуғын системалы машқалаларды шешиў, ҳ.т.б бойынша усыныслар) төмендеги мәнзилге жолласаңыз болады:

📩: [email protected]
📞: (95) - 922-33-30
📞: (95) - 922-33-31

(телефон арқалы усынысларды қабыллаў 18-22-май күнлери саат 9:00 ден – 18:00 ге шекем даўам етеди).


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер сын көз қараста талқыланды

Бүгин Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик активлерден натийжели пайдаланыўды жолға қойыў сыяқлы бир қатар мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Атап өтилгениндей, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў бағдарламасы тийкарында усы күнге шекем Республика бойынша белгиленген кредитлердиң тек ғана 32,7 проценти өзлестирилген. Усы тийкарда машқалалы кредит муғдары жыл басына салыстырғанда 9,2 млрд. сумға өскен.

2023-жыл январ-апрель айлары даўамында Қарақалпақстан бойынша жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў параметрлериниң орынланыўы бүгинги күн талабына жуўап бермейди.

Мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын:

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығына Министрлер Кеңесиниӊ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм Кегейли районы ҳәкимин интизамый жазаға тартыў бойынша тийисли усыныс бериў тапсырылды.

Министрлер Кеңесиниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша секретарияты баслығы, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Хожели районлары ҳәкимлериниң финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарларына интизамый жаза шарасы қолланылды.

Соның менен бирге, Әмиўдəрья районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы интизамый жазаға тартылды. Нөкис қаласы ҳәм басқа барлық район ҳәкимлериниң усы лаўазымлардағы орынбасарларына интизамый жаза қоллаў мәселесин көрип шығып, усыныс билдириў Министрлер Кеңесиниң Баслығына тапсырылды.

Толық мағлыўмат

Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Нызамшылыққа бола фермерлер ҳәм кластерлердиң пайдаланыўындағы пахта ҳәм бийдайдан қысқартырылған ҳәмде елатлы пунктлерге жақын, суў тәмийнаты жақсы болған жерлерден егин майданлары пуқараларға ашық электрон таңлаў арқалы ижараға берилетуғынлығы белгиленген.

🔰 Бунда егин майданлары 30 жыл мүддетке:

▫️Суў тәмийнаты жақсы болған жерлерден
– Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятларында 0,15 гектардан 1 гектарға шекем, басқа ўәлаятларда 0,30 гектардан 1 гектарға шекем ҳәмде Қарақалпақстан Республикасында 0,30 гектардан 2 гектарға шекемги болған өлшемлерде;

▫️Кем суўлы жерлерден – ўәлаятларда 0,50 гектардан 1 гектарға шекем ҳәмде Қарақалпақстан Республикасында 0,50 гектардан 2 гектарға шекемги болған өлшемлерде ижараға бериледи.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

✉️Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Ҳәр жылы Қарақалпақстанлы жасларды жоқары оқыў орынларына қабыл етиў ушын қосымша 6500 квота ажыратылады

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 31-август сәнесиндеги «Қарақалпақстан Республикасында исбилерменлик, инновациялық технологиялар ҳәм инфраструктураны жедел пәтлерде раўажландырыў арқалы халықтың абаданлығын арттырыўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы ПП-213-санлы  Пәрманына тийкар:

Қарақалпақстан Республикасында билимлендириў тараўында қосымша имканиятлар жаратыў мақсетинде 2022/2023-оқыў жылы ушын 500, кейинги оқыў жыллары ушын болса ҳәр жылы 1-сентябрьге шекем қосымша 6500 квота ажыратылады.

Бул, ҳәр жылы Қарақалпақстанлы 6500 жаслардың қосымша квота тийкарында ўәлаятлардағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына окыўға кириўи ҳәм жоқары билим алыўы ушын имканият жаратады
.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Savdo-sanoat palatasi
🫥 #INFOGRAFIKA

Kambagʼallikni qisqartirish va bandlikni taʼminlash ishlarini yangi pogʼonaga olib chiqish chora-tadbirlari boʼyicha oʼtgan videoselektor yigʼilishida belgilangan asosiy vazifalar.

🕊Telegram 📱Instagram 📱Facebook 📺Youtube
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
#Búgin

Bozataw rayonı Awıl xojalıǵı hám Irrigaciya bólimleriniń  is-hújjetleri mámleketlik til haqqındaǵı nızam hújjetlerine tiykar úyrenildi

Tolıq oqıw➡️https://bozatawrk.uz/2023/05/17/

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
bozatawrk.uz|Instagram|YouTube|Telegram
#Búgin

Bozataw rayonı Mektepke shekemgi hám mektep bilimlendiriw bóliminde korrupciyaǵa qarsı gúresiw hám onıń aldın alıw máselesinde ushırasıw bolıp ótti

Tolıq oqıw➡️
https://bozatawrk.uz/2023/05/17/

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
bozatawrk.uz|Instagram|YouTube|Telegram