press_Bozataw | Rásmiy kanal
7.61K subscribers
37.8K photos
3.48K videos
31 files
12.1K links
Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri.
Web-sayt
https://bozatawrk.uz/
Instagram
https://instagram.com/press_bozataw
Facebook
https://www.facebook.com/pressbozataw
https://www.youtube.com/@bozatawuz3466
Bot mánzili:
@Bozataw_murajat_bot
Download Telegram
Бозатаўда:Мәмлекетлик дәстүр жойбары түсиндирилди

Толық оқыў👉https://bozataw.uz/?p=2963

Каналға ағза болыў:@bozataw_uz
Жыл жыўмағы бойынша:

1. Жылдың ең жақсы "Тренери" И.Нажимов.
2.Жылдың ең жақсы "Жас оспиримлер тренери" Ж.Нуржанов.
3. Жылдың ең жақсы "Мини-футбол бойынша жас оспиримле тренери" Х.Ешниязов.
4. Жылдың ең жақсы "Балалар ҳәм өспиримлер футбол шеберлик мектеби тренери Қ.Ибадуллаев.
5. Жылдың ең жақсы "Қызлар тренери" Р.Бабажанов.
6. Жылдың ең жақсы "Футбол ойыншысы" И.Орақбаев.
7. Жылдың ең жақсы "Топ урары" Р.Қалмағанбетов.
8. Жылдың ең жақсы "Арал" клубы ойыншысы.
М.Қарлыбаев
9. Жылдың ең жақсы "Легионери"
С.Қутыбаев.
10. Жылдың ең жақсы "Төрешиси"
А.Арзыбеков.
11. Жылдың ең жақсы "Ветеран ойыншысы"
Т.Искендеров.
12. Жылдың ең жақсы "Халал ойыны ушын"
Бозатаў командасы.
13. Жылдың ең жақсы "Белсенди" районы
Хожели районы.
14. Жылдың ең жақсы "Пидайы хызмети ушын"
А.Кадыров.
15. Жылдың ең жақсы "Балалар ҳәм өспиримлер футбол шеберлик мектеби ойыншысы"
А.Юсупбаев.

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Саноат ва логистика соҳаларига оид инвестиция лойиҳалари тақдимоти ўтказилди.
Давлатимиз раҳбари лойиҳаларни сифатли амалга ошириш учун уларни экспертизадан ўтказиш бўйича топшириқ берди. Бу тизимни тармоқлар ва ҳудудлар кесимида ҳам татбиқ этиб, инвестиция лойиҳаларининг тайёрланиши ва бажарилишини баҳолаб бориш, қуйи бўғиндаги мутахассисларга кўмаклашиш зарурлигини таъкидлади.

Состоялась презентация инвестиционных проектов в сферах промышленности и логистики.
Для обеспечения качественной реализации представленных проектов глава государства поручил провести их экспертизу. Он отметил, что необходимо внедрить аналогичную систему в разрезе отраслей и регионов, проводить оценку подготовки и реализации инвестиционных проектов, содействовать специалистам нижнего звена.

#Mirziyoyev #taqdimot #sanoat #investitsiya

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
ЖЫЛДЫӉ ЕӉ ЖАҚСЫЛАРЫ АНЫҚЛАНДЫ

Қарақалпақстан Республикасы Жаслар орай мәжилислер залында Қарақалпақстан Республикасы Футбол Ассоциациясының 2020-жыл жуўмағы бойынша, жылдың ең жақсыларын анықлаў бойынша илаж болып өтти.
Тәдбирге Дене-тарбия ҳәм спорт министри орынбасары Кахраман Реймов қатнасты ҳәм ашып берди.
Жыл жыўмағы бойынша Жылдың ең жақсы "Халал ойыны ушын" номинациясын Бозатаў районы ийеледи. Бозатау районы балалар-өспиримлер спорт мектеби тренер-оқытыўшыларына арнаўлы жеӊилликлерге ийе сертификатлар тапсырылды.

Бозатаў районы ҳǝкимлиги
Мǝлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:@bozataw_uz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Алтын қуймаларын сатыў баҳалары

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Дыққат хабарландырыў!
Ӽүрметли пуқаралар! Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы реже тийкарында Бозатаў районында 2021-жыл 27-январь сәнесинде Республикалық 4 сектор, министрлик ӽәм шөлкемлер жуўапкерлери қатнасыўында болып өтетуғын көшпели кабыллаўлар ӽәм Жаслар менен ушырасыўлар 2021-жыл 29-январь сәнесине көширилгенин мәлим етеди.
Көшпели кабыллаў 2021-жыл 29-январь сәнесинде саат 10:00 де Бозатаў районы «Еркиндарья» АПЖ да болып өтеди.
Жаслар менен ушырасыў 2021-жыл 29-январь сәнесинде саат 15:00 де Бозатаў районы «Жаслар орайы» имәратында болып өтеди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық қабыллаўханасы Баспасөз хызмети
@KrXaliqqabillawxana
Forwarded from Karakalpakstan.uz
Быйыл II Халықаралық бақсышылық фестивалы Қарақалпақстанда өткериледи

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2773

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Журналист ҳəм блогерлер менен дөгерек сəўбети болып өтти

Бүгин министрлер Кеңесинде журналист блогерлер менен дөгерек сəўбети өткерилди. Дөгерек сəўбетине Министрлер Кеңеси Баслығының биринши орынбасары, Аўыл хожалығы министрлиги, Қурылыс министрлиги, Финанс министрлиги «Ҳудудгаз Қорақалпоғистон» газ тəмийнаты, Қарақалпақстан Республикасы автомобиль жоллары аймақлық бас басқармасы, Нөкис дийқан базары АЖ ҳəм басқада тараў ўəкиллери қатнасты.

Қызғын бəсекиге бай болған сəўбетте журналист блогерлер тəрепинен қатнасыўшыларға сораўлар, усыныс ҳəм пикирлер билдирилди. Бундай ушырасыўлардың өткерилиўи турмыста ушырасып атырған машқалаларды тез ҳəм сапалы түрде сапластырыўда əҳмийетли орын тутады.

ҚР Министрлер Кеңеси Мəлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Арнаўлы комиссия кафе ҳәм ресторанлардың жумыс ўақты менен байланыслы қарар шығарды

👉https://karakalpakstan.uz/kk/news/show/2775

Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
Район турғынлары дыққатына!

Бозатаў районы Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери 2021-жылдың биринши ярым жыллығында аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларында көшпели түрде хызметкерлер көрсетиў бойынша графигин нәзериңизге усынады.

Бозатаў районы ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети

@bozataw_uz
Forwarded from Karakalpakstan.uz
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
«БЛОГЕР» қолға түсти

Кимниңдур кемшилиги арқалы аңсатлық пенен дəрамат табыў мақсетинде "БЛОГЕРМЕН" деп дəмегөйлик етип, бир миллион сўм пул талап еткен 23 жаслы жигит қолға түсти.


Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
КЕЎИЛ АЙТЫЎ

Бозатаў районы Ишки ислер бөлими баслығыныӊ орынбасары, подполковник Рзамуратов Уснатдин Зарлыкович 2021-жыл 26-январда 43 жасында дүньядан өтти.

Ишки ислер тараўында жемисли мийнет етип, Бозатаў районында жынаятшылық ҳǝм ҳуқықбузарлықлардыӊ алдын алыўда, район тынышлығын ҳǝм қǝўипсизлигин сақлаўда аянбай хызмет еткен кǝсип пидайысы Рзамуратов Уснатдин Зарлыковичтиӊ арамыздан биймезгил кетиўине байланыслы марҳумныӊ шаӊарақ ағзаларына тереӊ қайғырыў менен кеўил айтамыз.

Бозатаў районы ҳǝкимлиги Мǝлимлеме хызмети
Бозатаў районлық ХББ қараслы 5-санлы улыўма орта билим бериў мектеп жәмәәти Бозатаў районы Ишки ислер бөлими баслығының орынбасары, подполковник Рзамуратов Уснатдин Зарлыковичтың қайтыс болыўына байланыслы марҳумның шаңарақ ағзаларына терең қайғырыў менен кеўил айтады.
Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы Аризона университетине оқыўға қабылланды

Нөкис қаласындағы Президент мектебиниң 11-класс оқыўшысы Мирас Досчанов АҚШда жайласқан Аризона Университетиниң грантын утып алды ҳәм оқыўға қабылланды.


Каналға ағза болыў: @QResMinistrlerKenesi
https://kknews.uz/kk/72678.html
«МӘҲӘЛЛЕ КЕСИМИНДЕ» ИСЛЕЎ БОЙЫНША ЖАҢА СИСТЕМАНЫ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ КӘМБАҒАЛЛЫҚТЫ ҚЫСҚАРТЫЎ БОЙЫНША АНЫҚ ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng