press_Bozataw | Rásmiy kanal
7.72K subscribers
37.4K photos
3.44K videos
31 files
12K links
Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri.
Web-sayt
https://bozatawrk.uz/
Instagram
https://instagram.com/press_bozataw
Facebook
https://www.facebook.com/pressbozataw
https://www.youtube.com/@bozatawuz3466
Bot mánzili:
@Bozataw_murajat_bot
Download Telegram
#Oqıw_seminarı

Usı jıldıń 10-12-dekabr kúnleri aralıǵında Bozataw rayonı Jaslar orayı imaratında “Basım hám zorlıqtan jábirlengen shaxslar menen islesiw” atamasında oqıw seminarı shólkemlestirildi.
_

Joriy yilning 10-12-dekabr kunlari Bo‘zatov tumani Yoshlar markazi binosida “Tazyiq va zo‘ravonlikdan jabr ko‘rgan shaxslar bilan ishlash” mavzusida o‘quv seminari tashkil etildi.

Tolıq oqıw➡️https://bozatawrk.uz/2024/12/13/

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
👉 https://t.iss.one/bozataw_uz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Бироздан сўнг Президент Шавкат Мирзиёев раислигида ижтимоий ҳимоя соҳасида амалга оширилган ишлар ва 2025 йилдаги устувор вазифалар юзасидан видеоселектор йиғилиши бошланади.

Бираздан соң Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында социаллық қорғаў тараўында әмелге асырылған жумыслар ҳәм 2025-жылдағы баслы ўазыйпалар бойынша видеоселектор мәжилиси басланады.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент раислигида ижтимоий ҳимоя соҳасидаги ишлар натижадорлиги ва 2025 йил учун устувор вазифалар муҳокамасига бағишланган йиғилиш бошланди.

Давлатимиз раҳбари сўзининг аввалида янги ижтимоий ҳимоя тизимини ташкил этишда Ўзбекистонга яқиндан кўмаклашаётган БМТнинг мамлакатимиздаги доимий координатори Сабинэ Махл, ЮНИСЕФ ваколатхонаси раҳбари Рехина Мария Кастижио ва Жаҳон банкининг Марказий Осиё бўйича минтақавий директори Татьяна Проскуряковага бугунги йиғилишда иштирок этаётганлари учун алоҳида миннатдорлик билдирди.

Қайд этилганидек, жорий йилда 102 та ижтимоий хизмат маҳалла даражасига туширилди.

Масалан, олдин одамлар протез учун ҳар хил комиссиялар ва поликлиникада 2 ой сарсон бўлган бўлса, ҳозир бу масала 2 ҳафтада маҳаллада ҳал бўлмоқда. Шуни ўзидан 100 минг одамни оғири енгил бўлди.

Одамлар протезни 95 та ишлаб чиқарувчи орасидан электрон тизимда ўзи танлаяпти, рақобат ва сифат ҳам яхшиланди.

Ногиронлиги бор болаларга қараб туриш хизмати йўлга қўйилиб, мурожаатлар маҳаллада қабул қилинаяпти. Бу 700 нафар ота-онани ишлашига шароит яратди. Ҳаракатлана олмайдиган 4 минг нафар ёлғиз кексалар аниқланиб, уларга уйини ўзида қараб туриш йўлга қўйилди.

Президенттиң басшылығында социаллық қорғаў тараўындағы жумыслардың нәтийжелилиги ҳәм 2025-жыл ушын баслы ўазыйпаларды додалаўға арналған мәжилис басланды.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниң басында жаңа социаллық қорғаў системасын шөлкемлестириўде Өзбекстанға жақыннан жәрдем берип атырған БМШниң елимиздеги турақлы координаторы Сабине Махл, ЮНИСЕФ ўәкилханасының басшысы Рехина Мария Кастижио ҳәм Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Татьяна Проскуряковаға бүгинги мәжилисте қатнасып атырғаны ушын айрықша миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, быйыл 102 социаллық хызмет мәҳәлле дәрежесине түсирилди.

Мәселен, алдын адамлар протез ушын ҳәр қыйлы комиссиялар ҳәм поликлиникада 2 ай сергиздан болған болса, ҳәзир бул мәселе 2 ҳәптеде мәҳәлледе шешилмекте. Буның өзинен 100 мың адамның аўыры жеңил болды.

Адамлар протезди 95 ислеп шығарыўшы арасынан электрон системада өзи таңлап атыр, бәсеки ҳәм сапа да жақсыланды.

Майыплығы болған балаларға қарап турыў хызмети жолға қойылып, мүрәжатлар мәҳәлледе қабыл етилмекте. Бул 700 ата-ананың жумыс ислеўине шараят жаратты. Ҳәрекет ете алмайтуғын 4 мың жалғыз кекселер анықланып, оларға үйиниң өзинде қараў жолға қойылды.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Маҳалладаги ижтимоий ходимлар уйма-уй юриб, шу йил реестрда бўлмаган яна 95 минг муҳтож одамга ёрдам кўрсатди.

51 минг одамга ногиронлик белгиланди, 26 минги протез олди, ногиронлиги бор 5 минг бола боғча-мактабга жойлашди.

Бундан ташқари, муҳтож бўлмаганларга асоссиз нафақа тўлашнинг олди олинди, қисқарган харажатлар бюджетда қолдирилди.

Уч ой олдин вилоят ва тумандаги 14 минг раҳбар 75 минг камбағал оилага бириктирилиб, улар билан индивидуал ишлаш йўлга қўйилди.

Натижада, шу кунга қадар камбағал оилалардаги 17 минг одам доимий ишга жойлаштирилди, тадбиркорлик ва томорқа орқали 14 минг аҳолининг даромади оширилди, 30 минг бола боғча, тўгарак ва касбга ўқитиш билан қамраб олинди, 45 минг муҳтож аҳолига тиббий ёрдам кўрсатилди.

Мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер үйме-үй жүрип, усы жылы реестрде болмаған және 95 мың мүтәж адамға жәрдем көрсетти.

51 мың адамға майыплық белгиленди, 26 мыңы протез алды, майыплығы болған 5 мың бала бақша-мектепке жайластырылды.

Буннан тысқары, мүтәж болмағанларға тийкарсыз напақа төлеўдиң алды алынды, қысқартылған қәрежетлер бюджетте қалдырылды.

Үш ай бурын ўәлаят ҳәм райондағы 14 мың басшы 75 мың кәмбағал шаңараққа бириктирилип, олар менен индивидуал ислесиў жолға қойылды.

Нәтийжеде, усы күнге шекем кәмбағал шаңарақлардағы 17 мың адам турақлы жумысқа жайластырылды, исбилерменлик ҳәм қыйтақ жер арқалы 14 мың пуқараның дәраматы арттырылды, 30 мың бала бақша, дөгерек ҳәм кәсип-өнерге оқытыў менен қамтып алынды, 45 мың мүтәж пуқараға медициналық жәрдем көрсетилди.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Йиғилишда ҳамма раҳбарлар ҳам эҳтиёжманд аҳолини ишли қилиб, даромадини кўпайтириш, уларга манзилли ижтимоий хизмат ва ёрдамлар кўрсатишни тўғри ташкил қила олмаётгани кўрсатиб ўтилди.

Хусусан, камбағал оилаларга бириктирилган раҳбарларнинг 1 минг нафари натижа кўрсата олмади. 184 нафари ушбу оилалар хонадонига бирор марта ҳам бормаган.

Ногиронлиги бор шахслар бандлиги даражаси республикада 20 фоизга етгани билан, бу ишлар Жалақудуқ, Чимбой, Пастдарғом, Чортоқ ва Денов туманларида қониқарсиз.

Мутасаддиларга ушбу туманларни намунали қилиш, ҳар бир масъулга аниқ вазифа белгилаш топширилди.

Шунингдек, келгуси йил Инвестиция дастурига кирадиган 598 та ижтимоий объект лойиҳаси ногиронлиги бор одамларга мослаб ишлаб чиқилмагани танқид қилинди.

Ушбу вилоят, туман ҳокимларига хатоларни тўғрилаш топширилди.

Мәжилисте барлық басшылар да мүтәж пуқараларды жумыс пенен тәмийинлеп, дәраматын көбейтиў, оларға мәнзилли социаллық хызмет ҳәм жәрдемлер көрсетиўди дурыс шөлкемлестире алмай атырғаны көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, кәмбағал шаңарақларға бириктирилген басшылардың 1 мыңы нәтийже көрсете алмады. 184 басшы бул шаңарақлардың үйлерине бир мәрте де бармаған.

Майыплығы болған шахслардың бәнтлик дәрежеси республикада 20 процентке жеткен болса да, бул жумыслар Жалақудуқ, Шымбай, Пастдарғом, Чортоқ ҳәм Денов районларында қанаатландырарсыз.

Жуўапкерлерге бул районларды үлгили етиў, ҳәр бир жуўапкерге анық ўазыйпа белгилеў тапсырылды.

Сондай-ақ, келеси жыл Инвестициялық бағдарламаға киретуғын 598 социаллық обект жойбары майыплығы болған адамларға мүнәсип ислеп шығылмағаны сынға алынды.

Усы ўәлаят, район ҳәкимлерине қәтелерди дүзетиў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Вилоят ҳокимлари бу йил биттадан намунавий кўча қилиб, ногиронлиги борлар учун қулай шароит яратиши керак эди.

Андижон, Самарқанд, Сурхондарё, Тошкент вилоятида бу борадаги ишлар бошланган, қолган вилоятлар лойиҳа ҳам қилмагани, маблағ ҳам бермагани кўрсатиб ўтилди.

Мутасаддиларга бу ишларни икки ойда якунлаб, келгуси йил ҳар бир туманда яна биттадан кўчада қилиш вазифаси қўйилди.

Бош прокурор ўринбосари И.Адҳамовга бу борада ўзгариш қилмаганларга қатъий чора кўриш топширилди.

Ўәлаят ҳәкимлери быйыл биреўден үлгили көше ислеп, майыплығы болғанлар ушын қолайлы шараят жаратыўы керек еди.

Әндижан, Самарқанд, Сурхандәрья, Ташкент ўәлаятында бул бағдардағы жумыслар басланғаны, қалған ўәлаятлар жойбар да ислемегени, қаржы да бермегенлиги көрсетип өтилди.

Жуўапкерлерге бул жумысларды еки айда жуўмақлап, келеси жылы ҳәр бир районда және биреўден көшеде ислеў ўазыйпасы қойылды.

Бас прокурор орынбасары И.Адҳамовқа бул бағдарда өзгерис қылмағанларға қатаң шара көриў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент бу йил ижтимоий ҳимоя бўйича қилинган 34 та муҳим янгиликка қўшимча 28 та янги ташаббусни илгари сурди.

Келгуси йилда 1 миллион 200 минг аҳолини камбағалликдан чиқариш учун таълим, тўгарак, касб-ҳунар, тиббиёт масалаларини ҳал қилиш ва яшаш шароитини яхшилаш зарурлиги таъкидланди.

Тойлоқ ва Косонсойда “Илк ривожланиш марказлари” очилиб, камбағал оиладаги ва ногиронлиги бўлган 4 минг 200 нафар болага боғча таълими берилди.

Вилоят ҳокимларига ўзидаги ҳар бир туманда биттадан шундай тажрибани ташкил қилиш топширилди.

Мактабгача ва мактаб таълими вазири Ҳ.Умарова 2025 йилда камбағаллик юқори 1 мингта маҳаллада биттадан оилавий боғча фаолиятини йўлга қўяди.

Янги йилдан оилавий боғча ўринларини 15 фоизига камбағал оила фарзандлари қабул қилинади ва боғча тўлови қисман қоплаб берилади.

Президент быйыл социаллық қорғаў бойынша исленген 34 әҳмийетли жаңалыққа қосымша 28 жаңа басламаны көтерди.

Келеси жылы 1 миллион 200 мың пуқараны кәмбағаллықтан шығарыў ушын билимлендириў, дөгерек, кәсип-өнер, медицина мәселелерин шешиў ҳәм жасаў шараятын жақсылаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Тайлақ ҳәм Косонсойда "Дәслепки раўажланыў орайлары" ашылып, кәмбағал шаңарақтағы ҳәм майыплығы болған 4 мың 200 балаға бақша билими берилди.

Ўәлаят ҳәкимлерине өзиндеги ҳәр бир районда биреўден усындай тәжирийбени шөлкемлестириў тапсырылды.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Х.Умарова 2025-жылы кәмбағаллық жоқары 1 мың мәҳәлледе биреўден шаңарақлық бақша жумысын жолға қояды.

Жаңа жылдан шаңарақлық бақша орынларының 15 процентине кәмбағал шаңарақлардың перзентлери қабыл етиледи ҳәм бақша төлеми бираз қаплап бериледи.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Камбағал оила фарзандларини чет тили, IT ва касб-ҳунарга ўқитиш учун қўшимча имкониятлар яратилади.

Мутасаддиларга 1 мартгача тўгараклар очиб, камбағал оиладаги 118 минг ёшларни ўқитишни бошлаш топширилди.

Тўгарак харажати 80 фоизгача бюджетдан қопланади.


Камбағал оилалар фарзандларини тайёрлаб, 2025 йилда 3,5 минг ёшларни олийгоҳга грант асосида қабул қилиш зарурлиги қайд этилди.

Олийгоҳ ректорлари ҳам камбағал оиладан жами 4 минг нафар ёшларни ўқитишга бош-қош бўлади. Вазир Қ.Шариповга бу борада тегишли топшириқлар берилди.

Кәмбағал шаңарақ перзентлерин шет тили, IT ҳәм кәсип-өнерге оқытыў ушын қосымша имканиятлар жаратылады.

Жуўапкерлерге 1-мартқа шекем дөгереклер ашып, кәмбағал шаңарақтағы 118 мың жасты оқытыўды баслаў тапсырылды.

Дөгерек қәрежети 80 процентке шекем бюджеттен қапланады.

Кәмбағал шаңарақлардың перзентлерин таярлап, 2025-жылы 3,5 мың жасты жоқары оқыў орынларына грант тийкарында қабыл етиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Жоқары оқыў орынлары ректорлары да кәмбағал шаңарақтың жәми 4 мың жасын оқытыўға басшылық етеди. Министр Қ.Шариповқа бул бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Камбағал оилалардаги ўзи ҳаракатлана олмайдиган 23 минг одамга ота-онаси, турмуш ўртоғи, фарзандлари, ака-укаси ёки опа-синглиси қараб ўтирибди.

Келгуси йилдан маҳалладаги ижтимоий ходимлар ва хусусий сектор иштирокида бу одамларни 19 мингига уйида ва 4 мингига кундузги қатнов асосида қараб туриш йўлга қўйилади.

Натижада яқинига қараб турган 15 минг аҳолинининг ишлашига шароит яратилади.

Хусусий сектор бундай хизматни кўрсатган камбағал оилалар харажатининг 80 фоизини давлат қоплаб беради.

Бу тажриба Тошкент шаҳрида 1 мартгача, бошқа ҳудудларда йил якунигача йўлга қўйилиши белгиланди.

Кәмбағал шаңарақлардағы өзи ҳәрекет ете алмайтуғын 23 мың адамға ата-анасы, өмирлик жолдасы, перзентлери, аға-иниси ямаса апа-сиңлиси қарап отыр.

Келеси жылдан мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер ҳәм жеке меншик сектор қатнасыўында бул адамлардың 19 мыңына үйинде ҳәм 4 мыңына күндизги қатнаў тийкарында қарап турыў жолға қойылады.

Нәтийжеде жақынларына қарап турған 15 мың пуқараның жумыс ислеўине шараят жаратылады.

Жеке сектор бундай хызмет көрсеткен кәмбағал шаңарақлар қәрежетиниң 80 процентин мәмлекет қаплап береди.

Бул тәжирийбе Ташкент қаласында 1-мартқа шекем, басқа аймақларда жылдың ақырына шекем жолға қойылатуғыны белгиленди.

Facebook|Instagram|X
#Qabıllaw

Búgin Bozataw rayonı “Bozataw” PPJ aymaǵında jaylasqan 1-sektor shtabında Ózbekstan máhálleleri awqamı Bozataw rayonlıq bólimi baslıǵı Q.Qaypov, 1-sektor aǵzaları hám tiyisli taraw wákilleri menen birgelikte rayon turǵınlarınıń múrájatların úyreniw boyınsha gezektegi qabıllaw bolıp ótti. Bunda puqaralar tárepinen hár túrli turmıslıq mashqalalarǵa baylanıslı múrájatlar kelip tústi. Bildirilgen múrájatlar tiyisli tártipte úyrenip shıǵılıp, qadaǵalawǵa alındı.
___

Bugun Bo‘zatov tumani "Bo‘zatov" ShFY hududida joylashgan 1-sektor shtabida O‘zbekiston mahallalari uyushmasi Bo‘zatov tuman bo‘limi boshlig‘i Q.Qaypov, 1-sektor a’zolari va tegishli soha vakillari bilan birgalikda tuman aholisining murojaatlarini o‘rganish bo‘yicha navbatdagi qabul bo‘lib o‘tdi. Bunda fuqarolar tomonidan turli hayotiy muammolarga oid murojaatlar kelib tushdi. Bildirilgan murojaatlar tegishli tartibda o‘rganilib, nazoratga olindi.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
👉 https://t.iss.one/bozataw_uz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Камбағал оиладаги 460 минг одам тиббий ёрдамга, 6 мингта оила эса уй-жой шароитини яхшилашга муҳтож.

Шу боис 2025 йилда муҳтож одамларнинг жарроҳлик амалиёти учун Тиббий суғурта жамғармасига қўшимча 185 миллиард сўм ажратилади. “Ижтимоий дафтарлар” маблағи фақат камбағал оилаларни яшаш шароитини яхшилаш, тиббиёт, таълим хизматларини кўрсатиш ва даромадини оширишга сарфланади. Адолат бўлиши учун, эндиликда бу маблағлар тумандаги камбағаллар сонига қараб тақсимланади.

Ижтимоий дафтарлар маблағининг 30 фоизини туман ҳокимларига “Инсон" марказлари билан маҳалладаги уй-жой, йўл, сув ва электрни яхшилаш учун ишлатишга рухсат берилади.

Яна бир масала – ҳозирда 400 та кўп қаватли ижтимоий уйда 25 минг аҳоли истиқомат қилади. Лекин улар яқин қариндошлари ва одатий яшаш шароитидан анча узоқлашиб қолаётгани таъкидланди.

Шу муносабат билан эҳтиёжманд аҳолини битта ижтимоий уй-жойга жойлаштиришдан воз кечилади. Уларга ўзини маҳалласига яқин жойдаги уйни ижарага олишга рухсат берилади, харажати қоплаб берилади.

Ижтимоий ҳимоя агентлиги директори М.Оллоёровга бу борада тегишли топшириқлар берилди.

Кәмбағал шаңарақтағы 460 мың адам медициналық жәрдемге, 6 мың шаңарақ болса турақ жай шараятын жақсылаўға мүтәж.

сонлықтан 2025-жылы мүтәж адамлардың хирургиялық әмелияты ушын Медициналық қамсызландырыў фондына қосымша 185 миллиард сум ажыратылады. "Социаллық дәптерлер" қаржысы тек ғана кәмбағал шаңарақлардың жасаў шараятын жақсылаў, медицина, билимлендириў хызметлерин көрсетиў ҳәм дәраматын арттырыўға жумсалады. Әдиллик болыўы ушын, енди бул қаржылар райондағы кәмбағаллар санына қарап бөлистириледи.

Социаллық дәптерлер қаржысының 30 проценти район ҳәкимлерине "Инсан" орайлары менен мәҳәлледеги турақ жай, жол, суў ҳәм электрди жақсылаў ушын жумсаўға рухсат бериледи.

Және бир мәселе - ҳәзирги ўақытта 400 көп қабатлы социаллық үйде 25 мың пуқара жасайды. Бирақ, олар жақын туўысқанларынан ҳәм әдеттеги жасаў шараятынан бираз узақласып қалып атырғаны атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен мүтәж пуқараларды бир социаллық турақ жайға жайластырыўдан ўаз кешиледи. Оларға өзин мәҳәллесине жақын жердеги жайды ижараға алыўға рухсат бериледи, қәрежети қаплап бериледи.

Социаллық қорғаў агентлигиниң директоры М.Оллоёровқа бул бойынша тийисли тапсырмалар берилди.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Ҳозирги кунда 65 турдаги ижтимоий хизмат ва ёрдам олиш учун фуқароларимиз туғилганлик, ногиронлик тўғрисида, пенсия, талабалик гувоҳномаси, банк картаси каби 10 дан ортиқ ҳужжатни кўтариб юришга мажбур.

Бундай оворагарчиликка чек қўйиш вақти келганини таъкидлаб, Президент барча ҳужжатларни ўрнини босадиган битта – ижтимоий карта жорий этилишини эълон қилди.

Ижтимоий карта билан автобус ва метрода бепул юриш, электр, газ ва ўқиш харажатига компенсация олиш мумкин бўлади, нафақа ва ёрдам пуллари ҳам шу картага тушади.

Бу тизим 1 июлгача Тошкент шаҳри ва Янгийўл туманида синовдан ўтказилади, йил якунигача ҳамма жойда ишга туширилади.

Бүгинги күнде 65 түрдеги социаллық хызмет ҳәм жәрдем алыў ушын пуқараларымыз туўылғанлық, майыплығы ҳаққындағы, пенсия, студентлик гүўалығы, банк картасы сыяқлы 10 нан аслам ҳүжжетти көтерип жүриўге мәжбүр.

Бундай әўерегершиликке шек қойыў ўақты келгенин атап өтип, Президент барлық ҳүжжетлердиң орнын басатуғын бирден-бир - социаллық карта енгизилетуғынын жәриялады.

Социаллық карта менен автобус ҳәм метрода бийпул жүриў, электр, газ ҳәм оқыў қәрежетине компенсация алыў мүмкин болады, напақа ҳәм жәрдем пуллары да усы картаға түседи.

Бул система 1-июльге шекем Ташкент қаласы ҳәм Янгийўл районында сынақтан өткериледи, жыл ақырына шекем барлық жерде иске түсириледи.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Йиғилиш кун тартибидаги навбатдаги масала ногиронлиги борлар билан ишлаш бўлди.

Йил бошидан ногиронлиги борлар Жиззах, Қашқадарё, Навоий, Сирдарё ва Сурхондарёда 10 фоизга кўпайди. Бу кўрсаткич 20 та туманда 12 фоиздан юқори.

Қайси ҳоким бу масалани ичига кириб, сабабларини ўрганди, деган саволга ижобий жавоб йўқлиги қайд этилди. Республика бўйича 33 та туманда ногиронлиги борларни реабилитация қамрови 1 фоизга ҳам етмаслиги танқид қилинди.

Шу боис соҳа учун масъуллар келгуси йилда реабилитация бўйича кескин ўзгариш қилиши кераклиги кўрсатиб ўтилди.

Бунинг учун ҳар бир вилоят, туман шифохонасида реабилитация хизматлари йўлга қўйилади. 12 та ногиронлик реабилитация марказида эрготерапия, физиотерапия, даволаш-гимнастика хизматлари қамрови 5 карра оширилади.

7 та тиббиёт олийгоҳида реабилитация кафедралари очилади, профессор-ўқитувчилар Корея тажрибаси асосида қайта ўқитилади. Республика реабилитация марказига Корея ва Япониядан экспертлар олиб келиниб, маҳаллий мутахассислар малакаси оширилади.

Мәжилис күн тәртибиндеги гезектеги мәселе майыплығы болған шахслар менен ислесиў болды.

Жылдың басынан майыплығы болған шахслар Жиззақ, Қашқадәрья, Наўайы, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрьяда 10 процентке көбейди. Бул көрсеткиш 20 районда 12 проценттен жоқары.

Қайсы ҳәким бул мәселениң ишине кирип, себеплерин үйренди, деген сораўға унамлы жуўап жоқ екени атап өтилди. Республика бойынша 33 районда майыплығы болғанларды реабилитациялаў қамтып алыўы 1 процентке де жетпейтуғыны сынға алынды.

Сонлықтан, тараў ушын жуўапкерлер келеси жылы реабилитация бойынша кескин өзгерис ислеўи керек екенлиги көрсетип өтилди.

Буның ушын ҳәр бир ўәлаят, район емлеўханасында реабилитация хызметлери жолға қойылады. 12 майыплық реабилитация орайында эрготерапия, физиотерапия, емлеў-гимнастика хызметлериниң қамтып алыўы 5 есеге арттырылады.

7 медицина жоқары оқыў орнында реабилитация кафедралары ашылады, профессор-оқытыўшылар Корея тәжирийбеси тийкарында қайта оқытылады. Республикалық реабилитация орайына Корея ҳәм Япониядан экспертлер алып келинип, жергиликли қәнигелердиң маманлығы арттырылады.

Facebook|Instagram|X
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Касаллик туридан келиб чиқиб, аҳолига уй шароитида бажара оладиган оддий машқларни ўргатиш орқали ҳам минглаб одамлар соғлиғини тиклаш мумкинлиги таъкидланди.

Маҳалладаги ижтимоий ходимлар ногиронлиги бор уйга уй шароитида қилинадиган машқлар дастури ва соғлом овқатланиш менюсини эслатма қилиб тарқатиши белгиланди.

Реабилитация ишларининг самараси ногиронлиги борларни ҳаракати, мулоқоти, ўзига ўзи хизмат кўрсатишидаги ўзгаришларга қараб баҳоланади, бунинг учун шифокорларга устама берилади.

Қашқадарё вилояти ҳокимига реабилитация бўйича тажриба яратиш топширилди.

Кеселликтиң түрине қарап, пуқараларға үй шараятында орынлай алатуғын әпиўайы шынығыўларды үйретиў арқалы да мыңлаған адамлардың денсаўлығын тиклеў мүмкин екенлиги атап өтилди.

Мәҳәлледеги социаллық хызметкерлер майыплығы болған үйге үй шараятында исленетуғын шынығыўлар бағдарламасы ҳәм саламат аўқатланыў менюсын еслетпе сыпатында тарқатыўы белгиленди.

Реабилитация жумысларының нәтийжелилиги майыплығы болғанлардың ҳәрекети, сөйлесиўи, өзине-өзи хызмет көрсетиўиндеги өзгерислерге қарап баҳаланады, буның ушын шыпакерлерге үстеме бериледи.

Қашқадәрья ўәлаяты ҳәкимине реабилитация бойынша тәжирийбе жаратыў тапсырылды.

Facebook|Instagram|X