press_Bozataw | Rásmiy kanal
6.53K subscribers
41K photos
3.85K videos
35 files
13.3K links
Download Telegram
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Жоқарғы Кеңес Баслығы жетекши фермер хожалықлары басшылары менен ушырасты

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев республикамыз районларындағы мийнет алдыңғылары болған жетекши фермер хожалықлары баслықлары менен ушырасты.

Онда тийкарынан аўыл хожалығы тараўын модернизациялаў ҳәм қайта жанландырыў мақсетинде ислеп шығылыўы режелестирилип атырған стратегия бойынша тараў ўәкиллериниң пикир-усыныслары тыңланды.

Соның менен биргеликте, бүгингидей суў тамтарыслығы дәўиринде республикамыздың климатына сәйкес аўыл хожалығы егинлерин егиў, экспортқа өтимли өнимлерди жетистириўди кеңейтиў, тәжирийбели илимпазлар менен тығыз бирге ислесиў мәселелери қарап шығылды.

Бүгинги күнде халқымыздың азық-аўқат қәўипсизлигин ҳәм ишки тутыныўды сапалы аўыл хожалығы өнимлери менен тәмийинлеўдиң әҳмийети артып бармақта. Бул бағдарда суўдан ақылға уғрас пайдаланыўдың орны айрықша болып, усы тийкардағы жумыслардың нәтийжели шөлкемлестирилиўи ҳәм суўдың әдил бөлистирилиўине итибар қаратылыўы себепли быйыл узақ жыллардан бери биринши мәрте Қарақалпақстанда жетистирилген картошка өними базарларымызға кең түрде жеткерип берилип атыр.

Айтып өтиў керек, азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бағдарында еле де әмелге асырылыўы тийис ўазыйпалар көп. Басқа да биринши дәрежели пайдаланылатуғын өнимлерди жетистириў бүгинги күнниң талабы есапланады. Усы мақсетти әмелге асырыўда режелестирилип атырған стратегия бойынша фермер хожалықлары басшылары өзлериниң бир қатар пикир-усынысларын билдирди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Bozataw rayonında hákim járdemshileri tárepinen puqaralardıń múrájatları tiykarında jeńilletilgen kredit esabınan motocikller alıp berilmekte

Bozataw rayonı “Bozataw” PPJ aymaǵında jasawshı puqaralar A.Sayımbetov hám J.Qulmuratovlarǵa aymaqqa biriktirilgen hákim járdemshisi U.Saparov kómegi menen “Hár bir shańaraq-isbilermen” dástúri tiykarında jeńilletilgen kredit esabınan 2 dana motocikl alıp berildi hám bul puqaralardıń bántligi támiyinlendi.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
👉 https://t.iss.one/bozataw_uz
Bozataw rayonı "Bozataw" posyolka puqaralar jıyını aymaǵındaǵı ishki jollardı ońlaw jumısları alıp barılmaqta

Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesi Prezidumınıń arnawlı qararı tiykarında Bozataw rayonı "Bozataw" posyolka puqaralar jıyını aymaǵında bahası 1 mlrd 380 mln. swmlıq jámi 2 km  ishki jollardı ońlaw jumısların alıp barıw rejelestirilgen.

Sonnan, “Ózbekstan” kóshesi 0,94 km, “Bostan” kóshesi 0,47 km, “Berdaq” kóshesi 0,2 km, “Ámir Timur” kóshesi 0,145 km, Qánigelestirilgen mektep aldı 0,060 km, Balalar muzika mektebi aldı 0,122 km ishki jollardı ońlaw jumısları belgilengen. Búgingi kúnde “Ózbekstan” hám “Bostan” kóshelerinde qurılıs jumısları qızǵın pátte dawam etpekte.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
👉 https://t.iss.one/bozataw_uz
Forwarded from Joqarǵı keńes.uz
Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары тайынланды

Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесинде шөлкемлестириў мәселесине арналған мәжилис болып өтти. Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев басқарып барды.

Онда Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясы сектор баслығы А.Муртазаев, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өтемуратов Байрам Пердебаевич Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының Жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша орынбасары лаўазымына тайынланды.

Байрам Өтемуратов усы күнге шекем Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ректоры лаўазымында ислеп келген.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM