#Seminar
Búgin Bozataw rayonı hákimliginde Ózbekstan Respublikası Ekonomika hám finans ministrligi janındaǵı byudjetten tısqarı pensiya qorı atqarıw apparatı juwapker xızmetkeri R.Saidakbarov, Penciya qorı Qaraqapaqstan Respublikası basqarması baslıǵınıń orınbasarı T.Satıbaldiev hám Rayonlıq Kámbaǵallıqtı qısqartıw hám bántlikke kómeklesiw bóliminiń baslıǵı Q.Qaypov, sonday-aq rayon aymaǵındaǵı awıl puqaralar jıyınlarınıń baslıqları hámde xızmetkerleri qatnasında seminar bolıp ótti.
Tolıq oqıw➡️https://bozatawrk.uz/2023/05/17/
Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti
bozatawrk.uz|Instagram|YouTube|Telegram

#Jańa_imarat_boy_tikledi
Búgin Bozataw rayonı “Erkindárya” APJ “Dawıt kól” awılı aymaǵınan “ILXAMJAN DAWITKOL” juwapkershiligi sheklengen jámiyetine qaraslı awqatlanıw imaratı jańadan boy tiklep, ashılıw saltanatı joqarı dárejede bolıp ótti.
Ashılıw saltanatına rayon hákimi K.Allaniyazov, sektor basshıları, rayon belsendileri hám aymaq turǵınları qatnasıp, isbilermendi jańa imarattıń ashılıwı menen qızǵın qutlıqladı hám aldaǵı jumıslarında tasqın-tabıslar tiledi.

Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
👨🎓Студент болыў нийетиндеги ҳаял-қызлар асығың!
📌 Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды.
✅Ҳүкимет қарарына муўапық қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланыўы белгиленген.
📝Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-кызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.
Усыныснама алыў ушын талабанлар төмендеги өлшемлердиң барлығына муўапық келиўи керек:
➖ Орта арнаўлы, яки профессионал билимлендириў бойынша қәнигеликке ийе болыўы;
➖ Усыныснама аламан дегенге шекем жоқары билим алмаған болыўы;
➖ Орта арнаўлы, яки профессионал тәлим қәнигелиги бойынша кеминде бес жыллық мийнет стажына ийе болыўы.
📝Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў, яки ўақытша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
➖ Пуқаралық паспортын, яки ID картасын;
➖ Мийнет дәптершеси (электрон мийнет дәптершеси)нен көширме;
➖ Орта арнаўлы, яки профессионал билим бойынша диплом.
Талабанлар тәрепинен усынылған арза ҳәм ҳүжжетлер район (қала) Исши топарлары тәрепинен белгиленген тәртипте 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў, яки усыныснама бериўди бийкар етиў ҳаққында шешим қабыл етиледи.
2022-2023-оқыў жылында усыныснама алған, бирақ жоқары оқыў орынларында студент болмаған ҳаял-қызлардың усыныснамалары 2023-2024-оқыў жылы ушын да әмел етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
📌 Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетинен усыныснама алыў ушын арзаларды қабыллаў басланды.
✅Ҳүкимет қарарына муўапық қәнигелиги бойынша кеминде 5 жыл мийнет стажы бар, бирақ жоқары мағлыўматқа ийе болмаған ҳаял-қызлар мәмлекетлик жоқары оқыў орынларына өз алдына қабыллаў параметрлери (жәми 500 квота) шеңберинде төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланыўы белгиленген.
📝Бул жеңилликтен пайдаланбақшы болған ҳаял-кызлар Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң усыныснамасына ийе болыўы керек.
Усыныснама алыў ушын талабанлар төмендеги өлшемлердиң барлығына муўапық келиўи керек:
📝Талабанлар усы жылдың 1-июнь сәнесине шекем (сол күни де) арза менен турақлы жасаў, яки ўақытша дизимде турған орнындағы район (қала) Исши топарларына мүрәжат етеди ҳәм төмендеги ҳүжжетлерди усынады:
Талабанлар тәрепинен усынылған арза ҳәм ҳүжжетлер район (қала) Исши топарлары тәрепинен белгиленген тәртипте 1-7-июнь күнлери көрип шығылады ҳәм усыныснама бериў, яки усыныснама бериўди бийкар етиў ҳаққында шешим қабыл етиледи.
2022-2023-оқыў жылында усыныснама алған, бирақ жоқары оқыў орынларында студент болмаған ҳаял-қызлардың усыныснамалары 2023-2024-оқыў жылы ушын да әмел етеди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасыныӊ туристлик имкәниятлары Германия - Өзбекстан халықаралық конференциясында
Усы жылдың 11-май күни Германияның туризм ассоцаициясы қурамындағы 70 тен аслам еӊ ири туристлик қәрханаларыныӊ ўәкиллеринен ибәрат делегация Өзбекстан Республикасына рәсмий сапар менен келген еди.
Германиялы туристлик кәрханалар ушын соӊғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған реформалар ҳәм тараўда жаратылған имкәниятлар менен жақыннан танысыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы, Хорезм, Бухара, Самарқанд, Қашқадәрья, Жиззах, Ферғана ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласына Өзбекстан Республикасы Мәденият ҳәм туризм министрлигиниӊ басламасы менен кеӊ көлемли инфотур шөлкемлестирилди.
Инфотур шеңберинде 13-15-май күнлери Қарақалпақстан Республикасына да германиялы 12 ири туристлик кәрхана ўәкиллериниң сапары шөлкемлестирилди. Делегация ағзалары дәслеп пайтахтымыз Нөкис қаласында жайласқан Игорь Савицкий атындағы мәмлекетлик көркем өнер музейинде болып, музей экспозициясының бийбаха экспонатлары менен танысты. Буннан соң мийманлар Хожели районында жайласқан Мыздақхан тарийхый комплекси, Арал теӊизи ҳәм қара үйлер комплекси, Үстирт платосы ҳәм каньонлар, Мойнақ районында жайласқан бир қатар туристлик объектлер ҳәм дықкатқа ылайықлы орынларда болып, аймақтыӊ туристлик потенциалы ҳәм жаратылып атырған имкәниятлар менен жақыннан танысты.
Өзбекстан бойлап шөлкемлестирлген кең көлемли инфотур нәтийжесинде бүгин, 16-май күни Ташкент қаласындағы “Inter Continental Tashkent” мийманханасында Өзбекстан ҳәм германиялы туризм тараўындағы исбилерменлердиң қатнасыўында “Destination Forum” конференциясы болып өтти. Конференцияда исбилерменлер арасында B2B ушырасыўлар, Германияныӊ еӊ ири туристлик агентликлери ҳәм туристлик кәрханаларына европалылар ушын Өзбекстанды өзгеше туристлик жөнелиси сыпатында таныстырыўға қаратылған презентациялар өткерилди.

#Кун_фотосы
Туристлик мәўсим даўамында пайтахтымыз Нөкис қаласына сырт елли мийманларымыз келмекте

❗️Ҳаял-қызларды жумыс пенен тәмийинлеўге қаратылған жойбарлар ушын исбилерменлерге мәмлекетлик грант ажыратылады
🔰Нызамшылыққа бола, Мәҳәллелерде хаял-қызлардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм денсаўлығын беккемлеў орайлары шөлкемлестирилиўи белгиленген.
💰Орайларда бир социаллық жойбар шеңберинде 20 ға шекем ҳаял-қызлардың турақлы бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде бәнтлиги тәмийинленетуғын ҳәр бир жумыссыз ҳаял қыз ушын исбилерменлерге 3 миллион сумға шекем мәмлекетлик грант ажыратылады.
☑️Мәмлекетлик грант төмендеги категориядағы ҳаял-қызларды кәсип-өнерге ҳәм исбилерменликке оқытыў, олардың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәмде исбилерменлик жумысын баслаўына көмеклесиўге қаратылған жойбарлар ушын ажыратылады:
▫️“Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри”не, сондай-ақ, “Ҳаяллар дәптери”не киргизилген;
▫️Жумыссыз, әсиресе, аўыллық орынларда бала тәрбиясы менен шуғылланып атырған;
▫️Сырт ел мийнет миграциясынан қайтып келген;
▫️Майыплығы болған мийнетке жарамлы жумыссыз;
▫️Рәсмий болмаған бәнтликти қысқартыў мақсетинде күнделикли мийнет жумысы менен шуғылланып, дәрамат таўып атырған;
▫️Адам саўдасынан ҳәмде зорлық-зомбылықтан жәбир көрген, қыйын экономикалық жағдайға түсип қалған;
▫️Улыўма орта ҳәм профессионал билимлендириў мәкемелерин жуўмақлаған, ЖООна оқыўға кире алмаған яки жоқары билимлендириўде оқыў ушын имканияты болмаған жумыссыз ҳаял-қызлар;
▫️Алдын жынайый жуўапкершиликке тартылған, профилактикалық дизимге алынған, жазаны орынлаў мәкемелеринен қайтып келген ҳаял-қызлар.

🌎 Қарақалпақстан Республикасы бойынша "E-auksion" платформасында жайластырылған 85 мәмлекетлик активлерди 7 жыл мүддет ишинде бөлип төлеў шәрти менен сатып алың ҳәм мүлк ийесине айланың.
🔹 Нөкис қаласында 5➡️ (силтеме)
🔹 Әмиўдаря районында 6 (силтеме)
🔹 Бозатаў районында 7➡️ (силтеме)
🔹 Қараөзек районында 5➡️ (силтеме)
🔹 Кегейли районында 3➡️ (силтеме)
🔹 Қоңырат районында 19➡️ (силтеме)
🔹 Қанлыкөл районында 5➡️ (силтеме)
🔹 Мойнақ районында 6➡️ (силтеме)
🔹 Нөкис районында 2➡️ (силтеме)
🔹 Тақыятас районында 1➡️ (силтеме)
🔹 Тахтакөпир районында 14➡️ (силтеме)
🔹 Төрткөл районында 6➡️ (силтеме)
🔹 Хөжели районында 1➡️ (силтеме)
🔹 Шымбай районында 2➡️ (силтеме)
🔹 Шоманай районында 1➡️ (силтеме)
🔹 Елликқала районында 2➡️ (силтеме)
🗣 Мағлыўмат ушын. 2023-жил 17-май жағдайына ауксион саўдасында 27 мәмлекетлик активлер 8 626, 8 млн. сумға сатылди.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
✉ Telegram 🌐Website 📱 Instagram 📱 Facebook 📱 Twitter
🔹 Нөкис қаласында 5
🔹 Әмиўдаря районында 6 (силтеме)
🔹 Бозатаў районында 7
🔹 Қараөзек районында 5
🔹 Кегейли районында 3
🔹 Қоңырат районында 19
🔹 Қанлыкөл районында 5
🔹 Мойнақ районында 6
🔹 Нөкис районында 2
🔹 Тақыятас районында 1
🔹 Тахтакөпир районында 14
🔹 Төрткөл районында 6
🔹 Хөжели районында 1
🔹 Шымбай районында 2
🔹 Шоманай районында 1
🔹 Елликқала районында 2
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети
Каналға ағза болыў: @joqargikenes
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
❗️ Шаңарақлық бақшаларға 3 жасқа толмаған балаларды да қабыл етиўге рухсат берилген
📃 14.07.2022-жыл ПҚ–322-санлы «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке шерикликти еле де раўажландырыў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилген.
✅ Қарарға бола, 2022-жыл 1-сентябрден:
❗️ шаңарақлық мәмлекетлик емес бақшаларда:
🟢 қатнап атырған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлар перзентлери ҳәм арнаўлы контингентлер саны тәрбияланыўшылар санының 70 процентинен кем болғанда, жетпеген бөлегине басқа шаңарақлардың балаларын қабыл етиўге рухсат етилди;
🟢 тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемши лаўазымлары ушын төрт ямаса беске шекем штат бирлигин ажыратыўға рухсат етилди;
🟢 тәрбияшы ҳәм тәрбияшы-жәрдемшилерине бюджеттен мийнет ҳақын қаплаў ушын субсидия туўрыдан-туўры усы хызметкерлердиң пластик картасына өткерип бериледи;
❗️ мәмлекетлик жеке-шериклик тийкарында жумыс алып барып атырған бақшаларда, шаңарақлық бақшаларда:
🟢 бюджеттен төленетуғын субсидия ҳәм компенсацияларды есаплаўда 3 жас ҳәм оннан жоқары жастағы, бирақ, 7 жыл 8 айдан үлкен болмаған жастағы тәрбияланыўшылар есапқа алынады;
🟢 ата-аналар төлеми муғдары бийғәрез түрде белгилеп 3 жасқа толмаған балаларды да қабыл етиўге рухсат бериледи.

‼️ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ!
Қарақалпақстан Республикасының барлық турғынларын ҳәм исбилерменлерди «Қарақалпақстанда исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша ең жақсы усыныс» таңлаўында қатнасыўға шақырып қаламыз.
🗓 Таңлаў 2023-жыл 18-22-май күнлери аралығында өткериледи.
📊 Таңлаўдың мақсети – Қарақалпақстан Республикасының барлық дәрежедеги исбилерменлери ушын қолайлы шараятлар жаратыўдан ибарат.
Қарақалпақстан Республикасы Жокарғы Кеңеси тəрепинен дүзилген эксперт комиссиясы таңлаўға келип түскен ең жақсы 5 усынысты таңлап алады.
🏆 Жеңимпазлар материаллық хошаметленеди.
Таңлаўда қатнасыў ушын Қарақалпақстанда исбилерменлик орталығын жақсылаў, исбилерменликти жəне де раўажландырыў бойынша усынысларыңызды (Мәселен: арнаўлы салық жеңилликлерин бериў имканиятлары, исбилерменлик бағдарындағы нызамшылыққа өзгерислер ҳəм қосымшалар киргизиў, Қарақалпақстан шараятында исбилерменликти раўажландырыў бойынша бар имканиятлардан пайдаланыў жоллары, исбилерменлик жумысына унамсыз тәсир ететуғын системалы машқалаларды шешиў, ҳ.т.б бойынша усыныслар) төмендеги мәнзилге жолласаңыз болады:
📩: [email protected]
📞: (95) - 922-33-30
📞: (95) - 922-33-31
(телефон арқалы усынысларды қабыллаў 18-22-май күнлери саат 9:00 ден – 18:00 ге шекем даўам етеди).

Жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў сыяқлы мәселелер сын көз қараста талқыланды
Бүгин Жоқарғы Кеңеси Баслығы Аманбай Орынбаев кәмбағаллықты қысқартыў, жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик активлерден натийжели пайдаланыўды жолға қойыў сыяқлы бир қатар мәселелерге арналған видеоселектор мәжилисин өткерди.
Атап өтилгениндей, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша шаңарақлық исбилерменликти жолға қойыў бағдарламасы тийкарында усы күнге шекем Республика бойынша белгиленген кредитлердиң тек ғана 32,7 проценти өзлестирилген. Усы тийкарда машқалалы кредит муғдары жыл басына салыстырғанда 9,2 млрд. сумға өскен.
2023-жыл январ-апрель айлары даўамында Қарақалпақстан бойынша жумыссыз пуқараларды кәсипке таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў параметрлериниң орынланыўы бүгинги күн талабына жуўап бермейди.
Мәжилисте өз жумысын орынлаўда қәте-кемшиликлерге жол қойғаны ҳәм белгиленген тапсырмаларды орынлаўда немқурайдылық пенен қарағаны ушын:
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеӊеси Баслығына Министрлер Кеңесиниӊ Финанс, экономика ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары ҳәм Кегейли районы ҳәкимин интизамый жазаға тартыў бойынша тийисли усыныс бериў тапсырылды.
Министрлер Кеңесиниң экономика ҳәм исбилерменлик мәселелери бойынша секретарияты баслығы, Нөкис қаласы, Қоңырат ҳәм Хожели районлары ҳәкимлериниң финанс-экономика ҳәм камбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасарларына интизамый жаза шарасы қолланылды.
Соның менен бирге, Әмиўдəрья районы ҳәкиминиң жаслар сиясаты, социаллық раўажландырыў ҳәм руўхый-ағартыўшылық мәселелери бойынша орынбасары ҳәм район ҳәкиминиң орынбасары – ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы интизамый жазаға тартылды. Нөкис қаласы ҳәм басқа барлық район ҳәкимлериниң усы лаўазымлардағы орынбасарларына интизамый жаза қоллаў мәселесин көрип шығып, усыныс билдириў Министрлер Кеңесиниң Баслығына тапсырылды.
Толық мағлыўмат