press_Bozataw | Rásmiy kanal
7.78K subscribers
37.2K photos
3.42K videos
31 files
11.9K links
Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri.
Web-sayt
https://bozatawrk.uz/
Instagram
https://instagram.com/press_bozataw
Facebook
https://www.facebook.com/pressbozataw
https://www.youtube.com/@bozatawuz3466
Bot mánzili:
@Bozataw_murajat_bot
Download Telegram
Bozataw rayonında xalıqtı arzan hám sapalı azıq-awqat ónimleri menen támiyinlew boyınsha nátiyjeli jumıslar alıp barılmaqta

Búgingi kúnde Bozataw rayonında jeke isbilermen Abdalova Dárigúl tárepinen  nan ónimlerin islep shıǵarıw jolǵa qoyılıp, rayon aymaǵındaǵı sawda orınların hám xalıqtı sapalı nan ónimleri menen támiyinlemekte.

Ózbekstan Respublikası Bas prokuraturası janındaǵı ekonomikalıq jınayatlarǵa qarsı gúresiw departamenti Bozataw rayonı bólimi baslıǵı B.Kochkarov tárepinen nan ónimleriniń  tayarlanıw barısı hám sawda orınlarında azıq-awqat ónimleri bahasınıń turaqlılıǵı kózden ótkerildi.

Bozataw rayonı hákimliginiń
Málimleme xızmeti 
👉https://t.iss.one/bozataw_uz
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Қарақалпақстан Республикасына сапарын Кегейли районындағы “Ақтуба текстил” кәрханадан баслады

“Ақтуба текстил” жылына 3 миллион данадан артық трикотаж ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Буның ушын Германия, Япония ҳәм Түркиядан заманагөй үскенелер келтирилип орнатылған. 500 жумыс орны жаратылған. Жылына 6 миллион долларлық өним экспорт етиў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процесин көзден өткерди, жумысшы ҳаяллар менен сәўбетлести.

Буннан соң аймақ белсендилери, ақсақаллары ҳәм исбилерменлер менен пикирлести.

6 жаңа кәрхананы иске қосыў мәресими болып өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент Шавкат Мирзиёев Нукусдаги Алтин жағис маҳалласига ташрифи чоғида ўқитувчи Куанишбай Сеитназаров хонадонида меҳмон бўлиб, оила аъзолари билан ифторлик қилди

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкистеги Алтын жағыс мәҳәллесинде болып, аймақ турғыны оқытыўшы Қуўанышбай Сеитназаровтың үйинде мийманда болды ҳәм шаңарақ ағзалары менен ифтарлық қылды.

В ходе посещения махалли Алтын-жагыс в Нукусе Президент Шавкат Мирзиёев побывал в гостях у преподавателя Куанышбая Сеитназарова и провел вместе с членами семьи ифтар

Facebook|Instagram|Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент Шавкат Мирзиёев Нукус ёшлар технопаркини бориб кўрди, у ерда амалга оширилаётган инновацион лойиҳалар билан танишди.

Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис жаслар технопаркин барып көрип, бул жерде әмелге асырылып атырған инновациялық жойбарлар менен танысты.

Президент Шавкат Мирзиёев посетил Молодежный технопарк Нукуса, ознакомился с реализуемыми в нем инновационными проектами.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #texnopark

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Қарақалпақстан Республикасында 6 жаңа кәрхана иске қосылды

Кегейли районында болып өткен мәжилисте 6 жаңа кәрхананы иске қосылды Беруний районындағы «Беруний бийдай кластер» ҳәм «Райхан аппарел», Қараөзек районындағы «Қарақалпақ цемент» заводының 3-басқышы, Қоңырат районындағы «ККРаси кемикал», Нөкис қаласындағы «Азимут ҳотел», Төрткүл районындағы «Хозагро» ўәкиллери видеобайланыс арқалы комплекслер потенциалы ҳаққында мәлимлеме берди. Бул кәрханаларда жәми 1 мың 100 турақлы жумыс орны жаратылады, олар арқалы өндириске 300 миллиард сум, экспортқа 20 миллион доллар қосылады.

Президент Шавкат Мирзиёев рәмзий түймени басып, бул жаңа кәрханаларды иске қосты.

Негизинде бул Қарақалпақстан Республикасындағы раўажланыўдың избе-из даўамы. Соңғы алты жылда аймақта 15 триллион сум инвестиция есабынан 5 мың 300 ден аслам жойбар әмелге асырылған. Исбилерменлердиң саны 2 есеге көбейип, 46 мың турақлы жумыс орны жаратылған. Бурын санааты ең төмен болған 6 районда өндирис 2-3 есеге артып, Қарақалпақстандағы үлеси 12 процентке жеткен.

– Биз бир ел ҳәм бир халықпыз! Ҳәмме ўәлаятлар Қарақалпақстанды раўажландырыўға өз үлесин қосыўға бел байлаған. Ҳәр бир районға министрлер, ўәлаят ҳәкимлери, уйым ҳәм банклердиң басшылары бириктирилген. Оның нәтийжелери барлық районларда көринбекте ҳәм бул жумыслар тоқтамайды,-деди Шавкат Мирзиёев.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстан халқының абаданлығын және де арттырыўға қаратылған үш жаңа басламаны билдирди

Бириншиси, Қарақалпақстандағы 452 мәҳәллениң ҳәр бирине тиккелей 500 миллион сумнан қосымша қаржы ажыратылады. Оның ушын өз алдына Қарақалпақстан мәҳәллелерин қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, оған усы жылы 250 миллиард сум ажыратылады.

Екиншиси, кадастры жоқ 38 мың турақ жай ҳәм көшпес мүлклер бойынша тийисли ҳүжжетлер ислеп бериледи.

Үшиншиси, халықтың талабын инабатқа алып, усы жылы 4 мың турақ жай қурылады. Оған қосымша заманагөй жойбар тийкарында 4 мың жеке тәртиптеги турақ жай қурыўға 4 сотихдан жер ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Әмиўдәрья, Бозатаў, Шымбай, Елликқала, Қанлыкөл, Кегейли, Тақыятас, Қараөзек, Хожелиде жыл жуўмағына шекем:

Ҳәр биринде 100-150 орынлы 1 бақшадан мәмлекет есабынан қурып бериледи;

Барлық мектеплер ҳәм емлеўханаларды оңлаўға, соннан, ыссылық тәмийнатын ислеп бериўге қосымша қаржы ажыратылады.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис жаслар технопаркин барып көрди

Бул комплекс жаслардың қәбилети ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған. Соннан, компьютер саўатлылығы, график дизайн, робототехника, 3D моделлестириў, акселерация сыяқлы 9 жөнелисте жылына 1 мың 500 жигит-қыз билим алыўы мүмкин. Буның ушын заманагөй техника, лаборатория ҳәм устахана үскенелери орнатылған.

Бүгинги күнде оқыў курслары питкериўшилериниң идеялары стартап формасына келтирилип, “Болажақ илимпаз”, “Technoways”, “Start4 Region” сыяқлы таңлаўларға 50 ге жақын жойбар тапсырылған. Сондай-ақ, “Арал теңизиниң қурғақшылықлы аймақларында туқымгершилик плантациясын шөлкемлестириў” темасында улыўмалық баҳасы 955 миллион сумлық жойбар әмелге асырылмақта. Бул теңиздиң қурыған түбиндеги жерлерден пайдаланыў, суўды тежеў ҳәмде дузды кемейтиўге хызмет етеди.

Улыўма алғанда, усы технопарк жаслардың умтылыс ҳәм идеяларын жетистириўине шекем жәрдем береди.

Мәмлекетимиз басшысына жас фермер ҳәм илимпазлардың қурғатылған органикалық помидор, ақаба суўларды тазалаў ҳәм балықларға азықлық өсимлик жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жасыл технологияларға тийкарланған бул жойбарлар Европа мәмлекетлериниң сертификатларына ийе болған.

Президентимиз бул жойбарларды қаржылық қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек енгизиў кереклигин атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes

Telegram 🌐Website 📱Instagram 📱Facebook 📱Twitter
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM
Please open Telegram to view this post
VIEW IN TELEGRAM