press_Bozataw | Rásmiy kanal
5.54K subscribers
38.5K photos
3.56K videos
32 files
12.4K links
Bozataw rayonı hákimliginiń húkimetlik rásmiy siltemeleri.
Web-sayt
https://bozatawrk.uz/
Instagram
https://instagram.com/press_bozataw
Facebook
https://www.facebook.com/pressbozataw
https://www.youtube.com/@bozatawuz3466
Bot mánzili:
@Bozataw_murajat_bot
Download Telegram
#Районларға_хызмет_сапары

Шөлкемлестирилген ўақты: 30-август, 2019-жыл.

Улыўма жер майданы: 2,04 мың км2.

Қала типиндеги посёлкалар (киши қалалар) саны –1.

Пуқаралар жыйынлары – 5.

2021-жылдың усы күн ҳалатына турақлы халық саны – 21,8 мың адам.

Район ҳәкими: Қайпанов Махмуд Тенгелович

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Ɵнерментлер аллеясы

ϴнерментлер аллеясы Бозатаў районы ҳəкиминиӊ 2020-жыл
23-ноябрьдеги арнаўлы қарарына тийкарланып 0,35 га майданда жаңадан бой тиклеп, әтирапы абаданластырылған.

Аллея ҳәзирги ўақытта район халқының, сондай-ақ, районға келиўшилердиң кеўилли дем алыў орнына айланған.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Районлық Мәденият орайы

Мәденият орайы 2020-жылдың 21-сентябрь сәнесинен ɵз жумысын баслады. Орай ɵз ишине 1000 адамға мɵлшерленген ашық тамашагɵйлер залын қамтып алады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Бердақ бағы

Райондағы Бердақ Ғарғабай улының мүсини 1983-жылы қурылған болып, әтирапындағы бағтың улыўма майданы 3 гектар. Ҳәзирги күнде объект Бозатаў районы ҳəкиминиӊ 2019-жыл 29-октябрьдеги арнаўлы қарарына тийкарланып, Бозатаў Абаданластырыў басқармасы балансына бекитилди. 2020-жыл Бердақ бағында сметалық баҳасы 1 миллиард сўмға шамалас реконструкция жумыслары исленип, жаңадан пайдаланыўға тапсырылды.

Бағты буннан былай да кѳклемзарластырыў мақсетинде 500 дана ийне жапырақлы, 450 дана ясень, 30-дана кѳктерек, 20-дана тут, 50 дана ҳәр түрдеги тереклер, соның менен бирге, 150 дана бир жыллық гүллер, 50 дана кѳп жыллық гүллер егилди.

Бердақ бағы ɵз ишине сондай-ақ, район жаслары тәрепинен жаратылған «Жаслар бағы»н да қамтып алады.

✏️Республикалық бөлимниң рәсмий каналы 👉 @QR_Ruwxiyliq
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Bozatawda "Hayallar dápteri"nde dizimde turǵan hayal-qızlar biypul kásipke oqıtılmaqta.

#Jańalıqla

@bozataw_uz