Президент Шавкат Мирзиёев Нөкис жаслар технопаркин барып көрди

Бул комплекс жаслардың қәбилети ҳәм көнликпелерин қәлиплестириў, жаңа жумыс орынларын жаратыўға қаратылған. Соннан, компьютер саўатлылығы, график дизайн, робототехника, 3D моделлестириў, акселерация сыяқлы 9 жөнелисте жылына 1 мың 500 жигит-қыз билим алыўы мүмкин. Буның ушын заманагөй техника, лаборатория ҳәм устахана үскенелери орнатылған.

Бүгинги күнде оқыў курслары питкериўшилериниң идеялары стартап формасына келтирилип, “Болажақ илимпаз”, “Technoways”, “Start4 Region” сыяқлы таңлаўларға 50 ге жақын жойбар тапсырылған. Сондай-ақ, “Арал теңизиниң қурғақшылықлы аймақларында туқымгершилик плантациясын шөлкемлестириў” темасында улыўмалық баҳасы 955 миллион сумлық жойбар әмелге асырылмақта. Бул теңиздиң қурыған түбиндеги жерлерден пайдаланыў, суўды тежеў ҳәмде дузды кемейтиўге хызмет етеди.

Улыўма алғанда, усы технопарк жаслардың умтылыс ҳәм идеяларын жетистириўине шекем жәрдем береди.

Мәмлекетимиз басшысына жас фермер ҳәм илимпазлардың қурғатылған органикалық помидор, ақаба суўларды тазалаў ҳәм балықларға азықлық өсимлик жойбарлары ҳаққында мағлыўмат берилди. Жасыл технологияларға тийкарланған бул жойбарлар Европа мәмлекетлериниң сертификатларына ийе болған.

Президентимиз бул жойбарларды қаржылық қоллап-қуўатлаў, әмелиятқа кеңирек енгизиў кереклигин атап өтти.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
Президент Шавкат Мирзиёев Нукус шаҳридаги Алтин жағис маҳалласида бўлиб, аҳоли ҳаёти билан яқиндан танишди.

Президент Шавкат Мирзиёев посетил махаллю Алтын-жагыс в городе Нукусе и ознакомился с жизнью населения.

#Mirziyoyev #safar #Qoraqalpogiston #mahalla

Prezident.uz|Facebook|Instagram|YouTube|Twitter
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
Ахборот 24 | Ўзбекистон Республикаси Президентининг Қорақалпоғистон Республикасига ташрифи тафсилотлари
Қарақалпақстанда 21 мың үй оңланып, 709 үй жаңадан қурып бериледи

Ҳүрметли Президентимиз Қарақалпақстан мәҳәллелерин абат етиў, суў, жол, электр тәмийнатын жақсылаў, мектеп, бақша ҳәм медицина пунктлерин қурыў ҳәм оңлаў ушын 2023-жылда 1,5 триллион сум берилип атырғанлығын атап өтти.

Буннан тысқары, 452 мәҳәлледеги шараяты аўыр 21 мың үй оңланады, 709 үй жаңадан қурып бериледи. Буған бюджеттен 132 миллиард сум, Ташкент қаласы ҳәм ўәлаятлардан 232 миллиард сум ажыратылып атыр.

Соның менен бирге Президент өзине аймақлардан үй-жайлар кадастры мәселесинде оғада көп мүрәжатлар болыўын айтты.

«Қарақалпақстанда да 47 мың үй-жай ҳәм көшпес мүлклердиң кадастры жоқ. Бул – адамларымызды ипотека алыў, қыйтақ жеринде дийқаншылыққа кредит, субсидия алыў, жасап атырған баспанасын перзентлерине мийрас етип қалдырыў имканиятын шеклеп атыр. Көп ойлап, Қарақалпақстан халқына усы мәселеде жеңиллик жаратпақшыман», — деди мәмлекет басшысы.

Президент Жоқарғы Кеңес Баслығына еки айда 38 мың адамның қолына кадастр ҳүжжетлерин толық ислеп бериў бойынша тапсырма берди.


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
#Maxsus

Prezidentning Qoraqalpoǵiston Respublikasiga tashrifi davomida Beruniy tumanida ishga tushirilgan "Rayhon Apparel" MCHJ

👉Beruniy tumani hokimligi Axborot xizmati