March 28, 2023
March 28, 2023
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
March 28, 2023
Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
March 28, 2023
Абат ҳәм пайызлы мәҳәлле елимиз көрки

Соңғы жылларда республикамыздың ең шетки аўылларының социаллық инфраструктураларын жақсылаў бойынша көплеген әмелий жумыслар орынланып атыр.

Бул бойынша ҳүрметли Президентимиздиң бир неше арнаўлы қарар ҳәм пәрманлары қабыл етилип, турмысқа еңгизилмекте.

Мәселен, Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң бир ғана 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын еле де жақсылаў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында»ғы 408-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды.

Усы қарар шеңберинде Беруний районында 28 мәҳәлледе 21,7 млрд  сумлық 31 жойбар әмелге асырылыўы белгиленген болып, бүгинги күнде 10,9 млрд. сумлық жумыслар орынланды.

Соннан, 72 км ишки хожалық жолларын оңлаў бойынша 20 жойбарда 15,5 млрд. сумлық жумыс көлеми орынланыўы белгиленген болса, ҳәзирги ўақытта 6,5 млрд сумлық 45,3 км жолларда қурылыс жумыслары жуўмақланды.

3 жойбар шеңберинде 2 объектте 8,2 км суў тармағын тартыў, 1 объектте суўды душшыландырыўшы станция қурылысы әмелге асырылыўы режелестирилген болып, әмелде 1,7 млрд сумлық жумыс көлеми орынланды ҳәм 4 км ишимлик суў тармағы жаңадан тартылды.

Толық мағлыўмат


Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети

Каналға ағза болыў:
@joqargikenes
March 28, 2023