Daniyarov Abatbay Saparbaevich
243 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
⚡️Jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikalıq Keńesi 40 million sumlıq grant jeńip aldı

Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesi janındaǵı mámleketlik emes, kommerciyalıq emes shólkemlerdi hám puqaralıq jámiyetiniń basqa da institutların qollap-quwatlaw Jámiyetlik fondı tárepinen ótkerilgen ashıq tańlawda Jaslar awqamı Qaraqalpaqstan Respublikalıq Keńesi hám Jaslar isleri agentligi, sonday-aq Keńestiń belsendi kewilli jası Menglibaeva Alima tárepinen islep shıǵılǵan «Biziń imkaniyatımız sheksiz» joybarı jeńimpazlar qatarınan orın iyeledi hám 40 million sumlıq granttı jeńip aldı.

- «Biziń imkaniyatımız sheksiz» joybarı háreketi sheklengen balalar hám jaslar arasında kompyuter sawatqanlıǵı hám jańa texnologiyalar tarawında bilimlerin asırıwda eń jaqsı joybarlardıń biri bolıwına isenemiz, -deydi grant jeńimpazları.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
⚡️Аманжол Жоллыбеков үй-жай менен тәмийинленди

Ɵзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 9-августтағы «Жетим балалар ҳәм ата-ана қарамағынан айырылған балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың жаңа системасын жәриялаў ис-илажлары ҳаққындағы» ПҚ-5216-санлы қарары тийкарында Қанлыкөл районынан Жоллыбеков Аманжол Садрадин улы үй-жай менен тәмийинленди.

Жоллыбеков Аманжол Садрадин улы 2003-жылы 8-июль күни Шоманай районында туўылған, Өзбекстан мәмлекетлик хореография академиясыниң 2-басқыш студенти, бүгинги күнде Нөкис қаласы Ғәрезсизлик мәкан пуқаралар жыйыны «Қарақалпақстан» көшесинен 1 ханалы үй-жай сатып алынып жасаў ушын барлық шәраятлар жаратылған ҳалда тапсырылды.

Қанлыкөл районы ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети

@abatdaniyarov
⚡️Тақыятаслы 24 жасқа айдаўшылық гүўалығын алыў ушын оқыў курсы пуллары төлеп берилди

Жақында Жаслар ислери агентлиги Тақыятас районлық бөлими тәрепинен жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде айдаўшылық гүўалығын алыў ушын мүрәжат еткен «Жаслар дәптери»не киритилген жәми 24 жасқа айдаўшылық гүўалығын алыў ушын оқыў курсының 75%и яғный 25 млн 200 мың сўм пулы жаслар дәптери фонды тәрепинен төлем берилди.

Сондай-ақ, райондағы 3 жасқа 1 айлық әскерий хызметке барыў ушын 15 млн 759 мың сўм муғдарындағы пуллары төлеп берилди.

@abatdaniyarov
Dıqqat🗣🗣🗣

Qaraqalpaqstan Respublikası "Jas másláhátshiler" Keńesi tarepinen "Sizler maqtanıshımız" atamasında usı jıldıń 9-noyabr kúni Jaslar orayında saat 10:00 de ushırasıw keshesi bolıp ótedi.

Ushırasıw miymaları:

Jansulıw Tatlımuratova-Dúnya júzilik rekord ornatqan qaraqalpaqstanlı jas sportshı qız.

Arıslanbek Kalbaev-Nókis qalasındaǵı Prezident mektebi oqıwshılar prezidenti (Prezident mekteplerinde oqıwshılar sárdarı sóziniń ornına prezident sózi qollanıladı).

Miyassar Dawletbaeva- Úmit ushqını kókirek nıshanı iyesi hám "Tahsin" sıylıǵı laureti.

Saera Barlikbaeva-Volontyor, Ájiniyaz stipendiyası iyesi.

Hakim Erjanov -Jas media dizayner.

Moderator-Gulayim Erjanbaeva

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
https://kknews.uz/kk/90836.html
Жаслар абаданластырыў ислерине белсене қатнасты

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
⚡️Қоңырат районында 9 жастың контракт төлеми төлеп берилди

Хабарыңыз бар, бүгинги күнде мәмлекетимизде келешегимиз қурыўшылары болған жасларымыз ушын кең имканиятлар жаратылмақта. Жақында, Қоңырат районында "Жаслар дәптери"ндеги контракт төлеми тийкарында тәлим алып атырған 9 жастың шаңарақ ағзалары менен ушырасыў шөлкемлестирилип, оларға 28 025 087 сўм муғдарында контракт төлемлери төлеп берилгенлигин тастыйықлаўшы ваучерлери тапсырылды.

@abatdaniyarov
https://kknews.uz/kk/90885.html
Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына киристи

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
⚡️Қарақалпақстан пахта жетистириў жобасын орынлады

https://kknews.uz/kk/90888.html

@abatdaniyarov