Daniyarov Abatbay Saparbaevich
249 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
Бүгин, Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Мойнақ районы «Ҳәким ата» АПЖ аймағындағы 18-санлы улыўма билим бериў мектебинде даўам етти.

Ушырасыўға аймақтағы нуранийлер ҳәм мәҳәлле белсендилери қатнасты.

Илажды ӨзЛидеп Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровқа сөз берди.

А.Данияров сөзге шығып, жыйналғанларға "Инсан қәдири ушын" принципин илгери сүрип атырған президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасы ҳәм оның мазмун-мәниси, әҳмийети ҳаққында кеңнен түсиндирди.

✍️ @abatdaniyarov
https://kknews.uz/kk/89697.html
Бокс бойынша жаслар арасында өткерилген Өзбекстан чемпионатында Қарақалпақстан делегациясы тарийхый нәтийжени қолға киргизди

Каналымызға қосылың
👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
⚡️Қарақалпақстанлы самбошы қызлар жәҳән чемпионатында үш медальды қолға киргизди

Усы жылдың 15-16-октябрь күнлери Грецияның Салоники қаласында жаслар ҳәм жас өспиримлер арасында спорттың самбо түри бойынша жәҳән чемпионаты өткерилди.
ҚР Туризм ҳәм спорт бас басқармасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, жәҳән чемпионатына Қарақалпақстан Республикасынан улыўма 5 спортшы қатнасып солар қатарында 59 килограмм салмақ категориясында Азада Аймуратова сыйлы 2-орынды ийелеп гүмис медалы, 54 килограмм салмақта (жас өспиримлер арасында) Шаҳзода Азатова ҳәм 54 килограмм салмақ категориясында Гулчирой Исмаиловалар 3-орынларды жеңип алып, бронза медальларына ийелик етти.
Солай етип, дүньяның күшли самбошылары қатнасқан жәҳән чемпионатында Өзбекстан сайланды командасы улыўма 6 алтын, 3 гүмис ҳәм 8 бронза медалын қолға киргизип, улыўма командалық есапта екинши орынды ийеледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

✍️ @abatdaniyarov
https://kknews.uz/kk/89667.html
Исенимли ўәкил сайлаўшылар арасында

Каналымызға қосылың👇
https://t.iss.one/joinchat/AAAAAERIzOESrE0olZr7Ng
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Өзбекстан Президенти сайлаўлары тарийхында биринши мәрте теледебат

Ертең, 19-октябрь күни Өзбекстан Президенти сайлаўлары тарийхында биринши мәрте теледебат өткериледи. Оған Президентликке талабанлардың ўәкиллери қатнасады.

📺 Теледебатты саат 17:00 де «Ўзбекистон 24», «Ўзбекистон», «Ёшлар», «Маҳалла» ҳәм «Маданият ва маърифат» телеканаллары арқалы тамашалаўыңыз мүмкин.

Сондай-ақ, халықтың барлық қатламларын қамтып алыў мақсетинде «Ўзбекистон 24» ҳәм «Ўзбекистон» телеканалларында дебатлар сурдоаўдарма арқалы көрсетиледи. «Ёшлар» ҳәм «Тошкент» телеканалларында дебатлар русша аўдармада, «Маданият ва маърифат» телеканалында болса инглисше аўдармада бериледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

✍️ @abatdaniyarov
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 5 күн қалды

@abatdaniyarov
#Қонырат

Күни кеше, Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил Абат Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Қоңырат районындағы 10-санлы Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебинде даўам етти.

Ушырасыўда исенимли ўәкил сайлаўшыларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы менен таныстырып, өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған реформалар, сондай-ақ талабанның «Инсан қәдири ушын» принципине тийкарланған сайлаў алды бағдарламасының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндирди.
Сондай-ақ, районда жәмленген нураный ҳәм жас сайлаўшылар пикир ҳәм усынысларын билдирди.


✍️ @abatdaniyarov
#Qanlıkól

Кеше, 18-октябрь күни Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетиндеги исенимли ўәкил Абат Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы Қанлыкөл районы "Қос жап" АПЖ аймағындағы Мәденият бөлиминде болып өтти.

Ушырасыўды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берип, исенимли ўәкил Абат Данияровқа сөз берди.

Дәслеп, исенимли ўәкил тәрепинен Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы таныстырылды. Өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған реформалар турмыслық мысаллар менен атап өтилип, бул бойынша жыйналған сайлаўшылардың пикир ҳәм усыныслары тыңланды.

Сондай-ақ, қанлыкөлли сайлаўшылар, нураный ақсақаллар ҳүрметли талабанның «Инсан қәдири, еркинлиги, қәўипсизлиги ушын» принципине тийкарланған сайлаўалды бағдарламасын терең түсинген ҳалда сайлаўда мүнәсип талабан сайланыўын ҳәм елимиздиң бүгингидей тынышлығы ҳәм раўажаланыўын нийетлеп пәтияға қол жайды.

✍️ @abatdaniyarov
⚡️3 күн даўамында қанша сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс бергени мәлим етилди

Орайлық сайлаў комиссиясының мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстандағы сайлаўшылардың саны дерлик 21,2 миллион адамды қурайды.

Соннан, 89 798 пуқара 14-17-октябрь күнлери даўамында мүддетинен алдын даўыс бериў процесслеринде қатнасқан.

Makan.uz

@abatdaniyarov
⚡️Халық саны бойынша Қарақалпақстан 10-орында

2021-жылдың 1-октябрь жағдайына бола, Қарақалпақстан Республикасы халқы саны 1 968 268 адамды қурамақта. Бул көрсеткиш пенен Республикамыз Өзбекстан бойлап халық саны бойынша 10-орынды ийелемекте.

Мағлыўмат ушын, Өзбекстанда халық саны ҳәр күни орташа дерлик 2 мың адамға көбеймекте.

@abatdaniyarov