Daniyarov Abatbay Saparbaevich
242 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
#Shımbay

Шымбайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis

Нөкис қаласындағы
Кино-концерт залында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаўалды бағдарламасын кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде исенимли ўәкил А.Данияровтың жас сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.

Исенимли ўәкил дәслеп, жас сайлаўшыларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмири ҳәм мийнет жолы менен таныстырды.

Сондай-ақ, өткен бес жыл даўамында жоқары билимлендириў бағдарында әмелге асырылған реформаларды турмыслық мысаллар менен атап өтпекте.

Ҳүрметли талабан Ш.Мирзиёевтиң «Инсан қәдири, еркинлиги, қәўипсизлиги ушын» принципине тийкарланған сайлаўалды бағдарламасының мазмун-мәниси кеңнен түсиндирилмекте.


@abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis

🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң келеси бес жылда ЖООлары системасында;

- жоқары оқыў орынларына қамтып алыў 50 процентке жеткериў менен бирге тийкарғы итибар тәлим сапасын асырыўға қаратылады. 2026-жылға шекем кеминде 10 ЖОО жоқары халықаралық рейтинглерге киргизиледи.

- студентлердиң жасаў тәризин жақсылаў мақсетинде кейинги бес жылда дерлик 100 мың орынлы студентлер жатақханалары қурылады.


@abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis

Ушырасыўда Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының студент жаслары қатнаспақта.

- Буннан 5 жыл алдын ӨзМКӨМИ Нөкис филиалында тәлим алыўшылар 100ге жетпейтуғын еди. Ал, бүгинги күнге келип бул дәргайда оқып атырған студентлер 1000ға жақын. Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалының шөлкемлестирилиўи, сондай-ақ, Шавкат Мирзиёев Өзбекстан жаслары форумындағы жаслар менен ушырасыўында ўәлаят ҳәкимлери ҳәр бир қала ҳәм районнан 5 жасқа шекем жасларды мәденият, көркем өнер жоқары оқыў орынларына мәҳәллий бюджет есабынан оқытыў ҳәм алдағы ўақытлары оларды өз аймағында үй-жай, қәнигелиги бойынша жумыс пенен тәмийинлеў илажларын көриў бойынша тапсырмалар берген еди.
Бул талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң қарақалпақстанлы мәденият, көркем өнер тараўына қызығыўшы жаслар ушын жаратып берген әмелдеги бийкарлап болмас шексиз имканиятларынан десем қәтелеспеймен, - дейди А.Данияров.


@abatdaniyarov
https://uzdsmi-nf.uz/news-kk/5439/
ИСЕНИМЛИ ЎӘКИЛ ЖАСЛАР МЕНЕН УШЫРАСТЫ

ÓzMKÓMI Nókis filialı kanalına aǵza bolıń:👉👉👉https://t.iss.one/uzdsminf_24
⚡️Соңғы 5 жылда жергиликли ҳәкимликлердиң ўәкиллиги кеңейди

👉https://makan.uz/kk/article/18899

@makan_uz
#Жаңалық

⚡️Кегейли районында "Жаслар орайы" қурылады

Кегейли районындағы "Нурлы бостан" МПЖ аймағында усы проект бойынша "Жаслар орайы" имаратының қурылысы басланыў алдында тур.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының 2021-жыл 4-майдағы “2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыўға қаржы ажыратыў ҳаққында” ғы 327-санлы қарары қабыл етилген.

Оған бола, 2021-2022-жылларда Кегейли районын социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў ушын Қарақалпақстан Республикасы бюджетиниң қосымша дереклери есабынан 30,0 млрд ҳәм Кегейли районы жергиликли бюджетиниң қосымша дереклери есабынан 16,0 млрд сўм қаржы ажыратыў белгиленип, ҳәзирги ўақытта қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Сол тийкарда, район орайында "Жаслар орайы" имаратының қурылысы басланыў алдында тур.


@abatdaniyarov
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 10 күн қалды

@abatdaniyarov
⚡️Бүгиннен баслап мүддетинен алдын даўыс бериў процеси басланады

Сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе. Мүддетинен алдын даўыс бериў сайлаўға 10 күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға 3 күн қалғанда жуўмақланады.

Орайлық сайлаў комиссиясының усы жыл 5-октябрьдеги 1142-санлы қарарына тийкар мүддетинен алдын даўыс бериў 14-20-октябрь күнлери азанғы 09:00 ден кешки 19:00 ге шекем әмелге асырылады.

Мүддетинен алдын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшы сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (мийнет демалысы, хызмет сапары, шет елге шығыў ҳәм т.б.) көрсетилген арза тийкарында тийисли участкалық сайлаў комиссиясынан сайлаў бюллетенин алады.

Karinfom.uz

✍️ @abatdaniyarov