🔴#live
#Nókis_rayonı
🎤 Исенимли ўәкил Абат Данияров:
Ҳүрметли әмелдеги Президентимиз айтқанындай;
- Сырттан келип, бизге ҳеш ким ҳешнәрсе ислеп бермейди.
Ҳақыйқаттан да, реформаларды әмелге асырыўда әмелдеги Президентимизге бәршемиз биргеликте ийинлес болыўымыз керек.
Және тәкирар айтаман:
Сайлаўда қайсы талабанға даўыс бериў әҳмийетли әлбетте. Ал, сайлаў процеслеринде халқымыздың қатнасыўы оннан да әҳмийетли.
Себеби, бизди Халықаралық бақлаўшылар бақлап турады. Сайлаўдағы белсендилигимизге бола, халқымыздың руўхый дүньясы, сана-сезими, халықтың қай дәрежеде ертеңги күни ушын қайғырыўы, сиясый саўатлылығы баҳаланады.
Сонлықтан, бәршени дәслеп сайлаўда белсендилик көрсетиўге ҳәм мүнәсип талабанға даўыс бериўге шақыраман!
✍ @abatdaniyarov

This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Qaraqalpaqstandaǵı instagram vaynerleri qayaqqa baratır?
Videonı kórseńiz bilesiz🤗
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
Videonı kórseńiz bilesiz🤗
👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
«Әзиз ул-қызларым, сизлердеги ғайратты, илимге, билимге болған умтылыў ҳәм интеллектуаллық потенциалды есапқа алып, буннан кейин “Заковат” ойынларын жасларымыз ортасында ғалабалық билимлендириў ҳәрекетине айландырамыз.
Ҳәрекетти қаржылай қоллап-қуўатлаў ушын ҳәр жылы 50 миллиард сўм ақша ажыратсақ, сизлерге мақул ма?», — деди Шавкат Мирзиёев.
Аўдарма: Makan.uz

Media is too big
VIEW IN TELEGRAM
#Сайлаўшыдан_пикир
#Кегейли
Кегейли районы сайлаўшылары кеўлиндеги гәплерди ашық-айдын айтты
Ш.Панаев: Халық сайлаған ел басшымыз...
✍ @abatdaniyarov
#Кегейли
Кегейли районы сайлаўшылары кеўлиндеги гәплерди ашық-айдын айтты
Ш.Панаев: Халық сайлаған ел басшымыз...
✍ @abatdaniyarov
🔥Халық сайлаған ел басшымыз
Ел басшыны халық сайлады,
Пикирлесип хат жоллады,
Ел, халықтың ғамын ойлады,
Аман болсын ел басшымыз,
Арзыў, нийет етер жақсы,
Халқым дейди искер басшы,
Қуяш киби берер жақты,
Халық қоллаған ел басшымыз,
Халық пикири, инсан мәпи,
Ең тийкарғы мақсет болған,
Ели сыйлап, халық қоллаған,
Аман болсын ел басшымыз.
Дүнья жүзи қайыл қалған,
Устазы зор инсан болған,
Барар устаз салған жолдан,
Халық сайлаған ел басшымыз.
Халық пенен пикирлес, ел менен ойлас,
Халық нақылы, ойласықлы ел азбас,
Ел ғамын ойлаған дана басшылар,
Халықты абат етер, жолдан адаспас.
Халық сайлаған ел басшысы саў болғай,
Нурын шашқан қуяш пенен ай болғай,
Халықшыл басшы, пикирлесип ел менен,
Өзбекстан бағдарыған ел болғай.
©Панаев Шернияз
✍ @abatdaniyarov
Ел басшыны халық сайлады,
Пикирлесип хат жоллады,
Ел, халықтың ғамын ойлады,
Аман болсын ел басшымыз,
Арзыў, нийет етер жақсы,
Халқым дейди искер басшы,
Қуяш киби берер жақты,
Халық қоллаған ел басшымыз,
Халық пикири, инсан мәпи,
Ең тийкарғы мақсет болған,
Ели сыйлап, халық қоллаған,
Аман болсын ел басшымыз.
Дүнья жүзи қайыл қалған,
Устазы зор инсан болған,
Барар устаз салған жолдан,
Халық сайлаған ел басшымыз.
Халық пенен пикирлес, ел менен ойлас,
Халық нақылы, ойласықлы ел азбас,
Ел ғамын ойлаған дана басшылар,
Халықты абат етер, жолдан адаспас.
Халық сайлаған ел басшысы саў болғай,
Нурын шашқан қуяш пенен ай болғай,
Халықшыл басшы, пикирлесип ел менен,
Өзбекстан бағдарыған ел болғай.
©Панаев Шернияз
✍ @abatdaniyarov
🔴#live
#Qaraózek
⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсеьинде Қараөзек районы "Мәденият" АПЖ аймағындағы Мәденият орайында исенимли ўәкил А.Данияровтың сайлаўшылар менен ушырасыўы болып өтпекте.
Ушырасыўға нуранийлар, жас сайлаўшылар ҳәм жәмлеспеген халық жәмленген.
Илажды ӨзЛидеп Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровқа сөз берди.
Исенимли ўәкил Абат Данияров топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.
✍️ @abatdaniyarov

- Алдынлары ҳәкимлер, аймақ ҳәм аймақ турғынлары машқалаларына шешим табыўда көп қыйыншылықларға дус келер еди. Ҳәзир, ҳәкимлер өз қала, районын абаданластырыў, раўажландырыў бойынша зәрүр шараятларын өзи жаратыў имканиятына ийе. Халықтың ишине кирип олардың машқалаларын унамлы тәрепке шешип бермекте, анағурлым дәрежеде машқалалар сапластырылмақта.
Бул, ҳүрметли талабан Ш.Мирзиёевтиң соңғы бес жыл ишинде жергиликли ҳәкимликлердиң ўәкиллигин кеңейтиў бойынша жаңа система жаратып бергенлиги нәтийжеси.
Өйткени, алдын арттырылған бюджет дәраматлары орайласқан бюджетке барып тусер еди. Ҳәкимлер орайласқан бюджеттен қаржы алыўы қыйын болған. Алса да, оларға қаржылар ссуда (қайтарыў шәрти менен) тийкарында берилетуғын болған. Ал, ҳәзир қала, районлардың арттырылған бюджет дәраматлары өзлеринде қалатуғын болды.
Енди, ҳәкимлер "еркин қалдық" есабынан пуқаралар мүрәжатларының унамлы шешим табыўы ушын қаржы жумсаў ўәкиллигине ийе болды.