Daniyarov Abatbay Saparbaevich
222 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔥Кейинги бес жылда әмелге асырылатуғын жумыслар:

Даўамы:

- мектепке шекемги билимлендириўдеги қамтып алыў дәрежеси, ҳәзирги 62 проценттен кеминде 80 процентке жеткериледи;

- мектеп тәлими системасы ушын оқыў бағдарламалары ҳәм сабақлықлар жетилискен шет ел тәжирийбеси тийкарында толық қайта исленип, 2026-жылға шекем әмелде жәрияланады;

- жоқары оқыў орынларына қамтып алыў 50 процентке жеткериў менен бирге тийкарғы итибар тәлим сапасын асырыўға қаратылады. 2026-жылға шекем кеминде 10 ЖОО жоқары халықаралық рейтинглерге киргизиледи;

- студентлердиң жасаў тәризин жақсылаў мақсетинде кейинги бес жылда дерлик 100 мың орынлы студентлер жатақханалары қурылады;

- олимпия ҳәм миллий спорт түрлери бойынша ҳәр еки жылда өткерилетуғын улыўма республикалық спорт ойынлары - Миллий олимпиада системасы енгизиледи.


©Шавкат Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасынан

@abatdaniyarov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң өмири ҳәм мийнет жолына арналған ҳүжжетли фильм - «Халық президенти».

Бүгин, саат 20:00де Миллий телеканалында тамаша етиң.

@abatdaniyarov
Ертең, 27-сентябрь күни сайлаўшылар менен ушырасыўымыз Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районларында даўам етеди.


Ушырасыўды инстаграм социал тармағым арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link

@abatdaniyarov
🔴#live
#Bozataw

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Бозатаў районында басланыў алдында тур.

Ушырасыўды инстаграм социал тармағымыз арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Bozataw

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Бозатаў районында басланды.

Район ҳәкимлигине райондағы жүзден аслам нураний, белсендилер ҳәм жас сайлаўшылар жәмленген.
ӨзЛидеп Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил А.Данияровқа сөз берди.

Исенимли ўәкил Абат Данияров топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң мийнет жолы ҳәм келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Bozataw

Реформаларымыздың нәтийжесин ҳәр бир инсан, ҳәр бир шаңарақ өз турмысында сезиниўи керек, -деген еди Ш.Мирзиёев.

- Бүгин, тиккелей Журтбасшымыз басламасы менен қайта шөлкемлестирилген жаңа Бозатаў тынымсыз раўажланыў жолында. Сонлықтан, бозатаўлы ҳәр бир шаңарақ әмелге асырылып атырған реформаларды сезинбекте. Жақында ғана өткерилген фестивалға елимиздиң пүткил талант ийелери жәмленди. Ҳәзирде Бозатаў танықлы аймаққа айланды, -дейди исенимли ўәкил А.Данияров

@abatdaniyarov
🔴#live
#Bozataw

Бозатаў районы саўлаўшылары районды раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Усыныслар жазып алынып, терең үйренилген ҳалда арнаўлы бағдарламаға киритиў белгиленди.

Бозатаўлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Кегейли районында даўам етпекте

Еслетип өтемиз, ушырасыўды инстаграм социал тармағымыз арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Соңғы бес жылда, ҳүрметли талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң алып барған нәтийжели сиясаты себеп, еркин демократиялық мәмлекет қурылды. Дурыс, алдынлары да "Еркин демократиялық мәмлекет қурамыз" деп баннерлерди шығарар едик. Ал, ҳәзирде баннерлердеги сөзлер әмелде. Әйне мәўритлерде де усы ушырасыўымыз социал тармақлар арқалы жанлы эфирге узатылмақта. Бул абат ҳәм тыныш елимизде демократиялық мәмлекетимизде еркин нәпес алып атырғанымыздан дерек.

Талабанымыздың келеси 5 жылда әмелге асыратуғын бағдарламасы "Инсан қәдири ушын" принципине сүйенип, халықшыл сиясат әмелге асырылады.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Район ҳәкимлигине жыйналған саўлаўшылар районды раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Усыныслар жазып алынып, терең үйренилген ҳалда арнаўлы бағдарламаға киритиў белгиленди.

Кегейли районы сайлаўшылары менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov