Daniyarov Abatbay Saparbaevich
242 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
⚡️Nókis qalasında 357 jasqa 669 mln sumlıq subsidiya ajıratıldı.

Nókis qalasında "Jaslar dápteri" diziminde turıwshı 1-сектор aymaǵında 84 jasqa, 2-sektor aymaǵında 87 jasqa, 3-sektor aymaǵında 95 jasqa, 4-sektor aymaǵında 91 jasqa, jámi 357 jasqa 669 mln sumlıq subsidiya tiykarında jaslardıń bántligin támiyinlew maqsetinde ásbap-úskeneler tapsırıldı.

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
⚡️Социаллық қорғаўға мүтәж жаслардың айдаўшылыққа оқыў пуллары төлеп бериледи

Социаллық қорғаўға мүтәж жаслар - меҳрибанлық үйлери, балалар қалашасы, шаңарақлық балалар үйлеринде тәрбияланған, «Жаслар дәптери»нде туратуғын жаслар.

Оларға айдаўшылыққа оқығаны ушын 4 БЕМ - 1 млн 80 мың сўм төлеп бериледи.

Аўдарма: KRuz.uz

@abatdaniyarov
#Qaraózek
#fotoreportaj

Қараөзекли сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov
⚡️Өзбекстанда ашық таңлаў тийкарында ең көп жумысшыны жумысқа қабыллаған мәмлекетлик шөлкемлер мәлим болды

🔷 9 айда 60 тан артық министрлик, ҳәкимлик ҳәм мәмлекетлик мәкемелериндеги 13,8 мың бос жумыс орны ушын 212 мың талабан ҳүжжет тапсырған.

Усы жылдың 1-октябрь ҳалатына, республиканың 60 тан артық министрлик ҳәм мәкемелери, сондай-ақ район (қала) ҳәкимликлериндеги 13 827 вакант лаўазымлар бойынша таңлаўлар жәрияланып, жәми 212 мыңнан артық талабан тәрепинен таңлаўда қатнасыў ушын ҳүжжет тапсырылған.

▶️ Министрлик ҳәм мәкемелер кесиминде ең көп Мәмлекетлик салық комитети системасында 2 243, Халық билимлендириў системасында 1 915 ҳәм Финанс министрлиги системасында 1 698 вакант лаўазымлар ушын ашық таңлаўлар өткерилген.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў мақсетинде Шымбай районында ушырасыў болып өтпекте.

Исенимли ўәкил А.Данияров аймақ сайлаўшыларына Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, әмелдеги Президент Ш.Мирзиёевтиң өмирбаяны ҳәм алдағы жылларда әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық сайлаў алды бағдарламасы туўралы кең түрде мағлыўматлар бермекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

- Шымбай районында жоқары оқыў орынларына төлемли шәртнама тийкарында оқыўға қабылланған 15 жастың шәртнама пулларының 50 проценти төлеп берилди. Басқа районларда да быйыл оқыўға қабылланған жасларға контракт шәртнамасы пуллары төлеп берилмекте.

Әне усы имканияттан да аңлаў қыйын емес, жоқары мағлыўматлы болыў нийетиндеги жаслар ушын жаратылып атырған имканиятларды. Тәлим кредитлери ажыратылыўы, квоталардың асырылыўы, бәршеси ҳүрметли талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң халықшыл сиясатының жемиси,
- дейди исенимли ўәкил А.Данияров.

@abatdaniyarov
#Билесиз_бе

Студентлерге ижара төлеминиң бир бөлегин төлеп бериў тәртибин билесиз бе?

Инфографика арқалы толық мағлыўматқа ийе болыўыңыз мүмкин.

@karinformuz

@abatdaniyarov
#Shımbay
#fotoreportaj

Шымбайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды

@abatdaniyarov