Daniyarov Abatbay Saparbaevich
253 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Xojeli

Ушырасыў Хожели районы сайлаўшыларының пикир ҳәм усыныслары менен жуўмақланды.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Taqıyatas

⚡️Тақыятас районында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў илажы даўам етпекте.

Талабанның исенимли ўәкили Абат Данияров жыйналған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы, сондай-ақ, өткен бес жыл даўамында Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде әмелге асырылған реформалар ҳаққында сөз етпекте.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Taqıyatas

- Елимизде соңғы бес жыл ишинде халық мәмлекетлик шөлкемлерге емес, мәмлекетлик шөлкемлер халыққа хызмет етпекте. Ҳүрметли талабанымыз тәрепинен илгери сүрилип атырған "Инсан қәдири ушын" принципи тийкарында әмелге асырылыўы режелестирилген бес жыллық бағдарлама өткен бес жылда әмелге асырылған жаңа имканиятлар, түп бурылыслардың даўамы бола алады.Ҳәр бир реформа "Инсан қәдири ушын" әмелге асырылады.

Ҳүрметли талабанымыз Ш.Мирзиёев айтқанындай, - "Ҳәр бир инсанның қәдири бар",-
дейди исенимли ўәкил А.Данияров.

@abatdaniyarov
#Taqıyatas

Ушырасыў Тақыятас районы сайлаўшыларының пикир ҳәм усыныслары менен жуўмақланды.


✍️ @abatdaniyarov
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына 19 күн қалды

@abatdaniyarov
⚡️Президент қарарына муўапық, 2022-жылдың 1-январынан баслап:

сатып алыўшыға шеклерди ямаса оларға теңлестирилген ҳүжжетлерди берместен товарларды реализация етиў ҳәм хызмет көрсетиў, соның менен бирге, идентификация қылыў қураллары менен мәжбүрий цифрлы маркировка етиў нәзерде тутылған өнимлерде жасалма маркировка қолланылғанлығы ямаса маркировка жоқлығы ҳаққында салық шөлкемлерине арнаўлы программа арқалы хабар берген физикалық шахсларға, ҳуқықбузарлардан өндирилген жәрийманың 20 проценти муғдарында сыйлық төленеди.

✍️ @abatdaniyarov
Сораў: Сайлаў алды үгит-нәсиятында қандай ҳәрекетлер қадаған етиледи?

❗️Жуўап: Сайлаў алды үгит-нәсиятын сайлаўшыларға бийпул ямаса жеңилликли шәртлерде товарлар бериў, хызметлер көрсетиў (мәлимлеме хызметлеринен тысқары), сондай-ақ, қаржылай төлеў менен қосып алып барыў қадаған етиледи.

Надурыс мәлимлемени, сондай-ақ, талабанлардың абыройы ҳәм қәдир-қымбатына зыян жеткеретуғын мағлыўматларды тарқатыў қадаған етиледи.

@abatdaniyarov
⚡️Шымбайда амфитеатр қурылады

Шымбай районында усы проект бойынша амфитеатр қурылысы басланды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар бермекте.

@abatdaniyarov
🔥Кейинги бес жылда әмелге асырылатуғын жумыслар:

Даўамы:

Шавкат Мирзиёев халықтың кем тәминленген қатламын социаллық қоллап-қуўатлаў ислерин жаңа басқышқа көтериў зәрүрлигин атап өтти.
Бунда:

- кем тәминленген халықты социаллық напақа ҳәм материаллық жәрдем менен тәминлеў дәрежеси ҳәзирги 60 проценттен 100 процентке жеткериледи. Олардың бәршеси мәмлекет тәрепинен исенимли бийпул медициналық жәрдем менен тәминленеди;
- базалық пенсия есаплаўда ис ҳақының шегаралық муғдары ҳәзирги 10 еседен 12 есеге шекем асырылады. Бул - 2 миллион пуқараның пенсиясы кеминде 20 процентке асады, дегени;
- үй-жайға мүтәж пуқараларға турақ-жайларды социаллық кирейге бериў системасы жәрияланды;
- нәгиранлығы болған шахслардың бәнтлигин 3 есе асырыўды көзде тутыўшы, кәсипке оқытыў ҳәм жумыс пенен тәминлеў Миллий бағдарламасы ислеп шығылып, әмелге асырылады;
- мүтажлиги бар шаңарақлардың қызлары ушын жоқары тәлим грантлары жылдан-жылға асырылып барылады ҳәм 2026-жылда 6 мыңға жеткизиледи.

"Жасыл экономика"ны дағаза етиў бойынша кейинги бес жылда:

- энергиясы 5 мың мегаваттан артық болған самал, қуяш ҳәм гидро електр станциялар иске түсириледи. Нәтийжеде, жылына 3 миллиард куб метр тәбийий газ тежеледи.
- электормобиллер ислеп шығарыў ҳәм олардан пайдаланыўды хошаметлеў бойынша, өз алдына бағдарлама қабыл етиледи.
- кейинги жылдың өзинде Ташкент қаласы жәмийетлик транспортында 230 электробус қатнаўы жолға қойылады.
- "Жасыл экономика"ны раўажландырыў арнаўлы фонды шөлкемлестириледи.
- экономиканың энергия натийжелилиги 20 процентке асады, атмосфераға шығарылатуғын зыянлы газлар көлеми 10 процентке қысқарады.

@abatdaniyarov
⚡️Балалар бақшасындағы нәўбетти билиў және де әпиўайыластырылды

Перзентиңиздиң балалар бақшасындағы нәўбетин өзгертиў ҳаққындағы хабарларды туўрыдан-туўры уялы телефоныңыз арқалы бақлап барың.

СМС – хабарнамаларға ағза болың, 4064 қысқа номерине «MDO» ҳәм арза номериңизди жазып жибериң. Оннан соң, нәўбеттеги барлық өзгерислер ҳаққындағы мағлыўматқа ийе болың.

Ҳәр бир СМС ҳақы - 40 сўм.

@makan_uz

@abatdaniyarov