Daniyarov Abatbay Saparbaevich
242 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Shomanay

⚡️Шоманай районында Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў илажы даўам етпекте.

Райондағы 15-санлы улыўма орта билим бериў мектебине аймақ турғынлары жәмленген.

Илажды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил Абат Данияровқа сөз берди.

Исенимли ўәкил Абат Данияров сөзге шығып, топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы, өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген бес жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

Еслетип өтемиз, исенимли ўәкил А.Данияров шоманайлы сайлаўшылар менен дәслеп 29-сентябрь күни ушырасқан еди. Талабанның сайлаў алды бағдарламасын және де кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде сайлаў күнине шекем ҳәр бир аймақтың сайлаўшылары менен бир неше мәрте ушырасыў шөлкемлестириў режелестирилген.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

Исенимли ўәкил А.Данияров "Инсан қәдири ушын" принципине тийкарланған бағдарламаның түп мазмун-мәниси ҳаққында жыйналған сайлаўшыларға кең түсиник бермекте.

Илажды Халықаралық бақлаўшылар бақлап бармақта.

@abatdaniyarov
#Shomanay

Шоманай районы саўлаўшылары Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң халықшыл сиясаты ҳәм райондағы соңғы жыллардағы өзгерислер, сондай-ақ аймақты және де раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Шоманайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

⚡️ Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў илажы Хожели районындағы 6-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде даўам етпекте.

Ушырасыўда исенимли ўәкил Абат Данияров сайлаўшыларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм машақатлы мийнет жолы таныстырмақта.


✍️ @abatdaniyarov
⚡️14-20-октябрь күнлери сайлаўда мүддетинен алдын даўыс бериў мүмкин болады

Бул ҳаққында ӨзР ОСК мәлимлеме хызмети хабар берди.

Сайлаў күни өз жасаў орнында болыў мүмкиншилигине ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе.

Мүддетинен алдын даўыс бериў ушын сайлаўшы себебин көрсеткен ҳалда тийисли сайлаў участкасына арза менен мүрәжат етеди.

Толдырылған сайлаў бюллетени жабық конвертте, тийисли УСКның сейфинде сақланады.

KRuz.uz

@abatdaniyarov
🔴#live
#Xojeli

- Бүгинги күнде елимизде валюта системасы сезилерли дәрежеде жолға қойылды.

Валюта алмастырыўшы кәсип ийелери пайда болып, халық бирқанша қыйыншылықларға дус келген еди. Ал, ҳәзир ҳәр бир пуқара өзи қәлеген ўақытта валюта алмастырыў, сыртқа жибериў ҳуқықларына ийе, -
дейди исенимли ўәкил Абат Данияров.

Исенимли ўәкил буннан 5-6 жыл алдын валюта мәселесинде дус келген қыйыншылықлары ҳаққында сөз етти.

✍️ @abatdaniyarov