Daniyarov Abatbay Saparbaevich
232 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Shomanay

Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Бәршеңизге мәлим, ҳәзир пахта мапазы. Алдынлары, жыйым-терим мапазында улыўма билим бериў мектеплери, жоқары оқыў орынлары, мәкеме, кәрхана ҳәм шөлкемлер ғалабалық түрде қамтылып, студентлер, оқыўшылардың тәлим алыўы тоқтатылып, жумысшылардың искерлиги жыйым-терим мапазына бағдарланар еди. Биз студент ўақтымызда да пахта мапазынан қалыў ушын студентлер наўқас болмаса да өзлерин наўқаслыққа салар еди. Бул ҳақыйқат.

Ал, ҳәзир пахта теримине қәлеўшилер барады. Ҳеш бир студент, оқыўшы, муғаллим, жумысшы мәжбүрленип атырғаны жоқ. Тек ғана, хожалығына дәрамат табыўды қәлеўшилер пахта атызларында. Сондай-ақ, бүгинги теримшилер мийнетине жараса ис ҳақыларын ўақтында алып, алдынғы теримшилер ушын азық-аўқат өнимлериниң терген пахтасы ушын ис ҳақыларына қосымша хошаметлениўинен халық разы.

Бул талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң өткен бес жылда әмелге асырған халықшыл сиясатының жемиси.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

- Напақаларымызды алыў ушын нәўбет күтип шаршап қалар едик, пластик картамызға түскен напақа пулларымызды 30 проценттен нақ пулға айландырар едик. Ҳәзир, напақаларымыз үйимизге әкелип бериледи, пластик карталарымызды машқаласыз банкоматларда нақ пулға айландырып атырмыз. Буның ушын Президентимизден шексиз миннетдармыз, - дейди
шоманайлы напақадағы нураний Айтмуратов Кеңесбай аға.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

Шоманай районы саўлаўшылары районды раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Усыныслар жазып алынып, терең үйренилген ҳалда арнаўлы бағдарламаға киритиў белгиленди.

Шоманайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
#Shomanay

Шоманайлы жас саўлаўшылар район ҳәкимлиги алдында исенимли ўәкил А.Данияровқа сайлаў процеслери бойынша сораўлар менен жүзленди ҳәм бул жаслар Президентликке талабан Ш.Мирзиёев кандидатлығына аўызбиршиликли түрде даўыс бериў тәрепдары екенликлерин мәлим етти.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажлары Нөкис қаласында даўам етпекте

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги мәжилислер залында нураний, белсендилер ҳәм жас сайлаўшылар қатнаспақта.

Илажды ЎзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси баслығы Сағындық Турманов ашып берди ҳәм исенимли ўәкил Абат Данияровқа сөз берди.

Исенимли ўәкил Абат Данияров сөзге шығып, топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы, өткен бес жыл даўамында әмелге асырылған Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген бес жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis

Ш.Мирзиёев Мойнаққа тек ғана қарақалпақ халқын емес, пүткил дүнья халықларын алып барды десем қәтелеспеймен, - дейди исенимли ўәкил А.Данияров.

Бес жыл алдынғы Мойнақ пенен бүгинги Мойнақ салыстырмалы түрде әмелдеги ислер ҳәм турмыслық мысаллар менен сөз етилди.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis

Бүгин, Шоманай районына хызмет сапары менен орайымыздағы Туран стадионы жанынан өтип баратырып, буннан 4-5 жыл алдынғы пахта жыйым-терими мапазындағы күнлер ериксиз көз алдымда сәўлеленди.
Әйне гүз пасылының сентябрь айынан ноябрь айына шекем, Туран стадионы алдында басшылар, көплеген автобуслар ҳәм пахта теримине бағдарланған халық топланар еди. Сыр емес, ол топланған халықтың көпшилиги өз ықтыяры менен келмес еди. Бул мәжбүрий мийнеттиң бир көриниси.

Ш.Мирзиёевтиң халықшыл, әдил сиясаты себеп, ҳәзирги күнде мәжбүрий мийнет тоқтатылды.

Ҳүрметли талабанның халық ийгилиги жолында әмелге асырып атырған реформалары сан-санақсыз.

Егерде биз, және де талабанымызға исенип даўыс берсек, ҳүрметли Ш.Мирзиёев тәрепинен илгери сүрилген халықшыл, еркин демократиялық сиясат даўам етеди.

"Инсан қәдири ушын" принципине тийкарланған келеси бес жылда әмелге асырылыўы режелестирилген бағдарлама еркин, тыныш ҳәм абат турмысыздың тиреги бола алады, - дейди исенимли ўәкил А.Данияров.

@abatdaniyarov