Daniyarov Abatbay Saparbaevich
243 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Shımbay

Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Алдынлары, жолдан адасқан, жынаят көшесине кирип жазаланып атырған шахстың жақынлары жәбирленер еди. Ол қай дәрежеде билимли, саўатлы, жәмийет ушын керекли кадр болыўына қарамастан, жумыстан алынар, имканиятлары шекленер еди. Ал, ҳәзир болса яғный ҳүрметли талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң алға сүрген әдил сиясаты себеп, тарийхый қарарлар қабылланып шеклеўлер, тосықлар алып тасланды. Ҳақыйқый демократиялық мәмлекет, Жаңа Өзбекстан қурылды. Келесиде, Президентимиз айтқанындай, Жаңа Қарақалпақстан қурылады.

Талабан Ш.Мирзиёев тәрепинен илгери сүрип атырған бағдарлама "Инсан қәдири ушын" принципине тийкарланады. Бәршемиз "Инсан қәдири ушын" жумыс алып барамыз.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Исенимли ўәкил Абат Данияров залда студент ўақтында бирге оқыған топар сәрдары, досты Саламат Бегалиевти ушыратып, студентлик дәўиринде контракт шәртнама төлемлериндеги арзымаған сумма ушын сабақтан шығарып жиберилген ўақытларын еследи. Сондай-ақ, бүгинги күнде студентлер ушын жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында сөз етти.

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Shımbay

Шымбай районы саўлаўшылары талабан Ш.Мирзиёев ҳәм оның халықшыл сиясаты ҳаққында пикирлерин, сондай-ақ районды раўажландырыў бойынша усынысларын билдирди.

Шымбайлы сайлаўшылар менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔥Кейинги бес жылда әмелге асырылатуғын жумыслар:

Даўамы:

2026-жылдың жуўмағына шекем кем тәминленгенликти 2 есе қысқартыў ушын ислениўи керек болған жумыслар ҳаққында:
Исбилерменликти және де қоллап-қуўатлаўға өз алдына итибар қаратылады. Бизнес тараўына имканиятларды кеңейтиў бойынша ислеримизди үзликсиз даўам еттиремиз.
Кейинги жылы кәрханалардың мал-мүлик салығы ставкасы 2 проценттен 1,5 процентке кемейттириледи. Және бир жаңалық - 2023-жылдан юридикалық шахслардың мал-мүлк ҳәм жер салықларын бирлестирип, өз алдына көшпес мүлк салығы жәрияланады.

Ҳәзирги ўақытта банк, финанс, телекоммуникация сыяқлы исбилерменлик жөнелислерде пайда салығы ставкасы ҳәр түрли болып, олар алдыңғы 20 проценттен 15 процентке пәсейеди ҳәм бәрше исбилерменлер ушын бир қыйлы болады.
Район ҳам қалалардағы бар болған бир неше исбилерменликке көмеклесетуғын мәкемелер негизинде Исбилерменлер кеңеси шөлкемлестириледи.

©Шавкат Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасынан

@abatdaniyarov
Forwarded from MAKAN.UZ
⚡️«Контракт төлемине 25 мың сўм жетпей қалса да сабақтан шығарылып жиберилгенмен» - А.Данияров

👉https://makan.uz/kk/article/18709

@makan_uz
🔴#live
#Shomanay

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Шоманай районында басланыў алдында тур.


✍️ @abatdaniyarov
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
Президент шаршамай ма? - деген сораўға Ш.Мирзиёев:

- Өзгерислерден инсанлардың көз-қараслары өзгерип атыр. Тек ғана, усы күш береди, - деп жуўап берди.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Shomanay

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Шоманай районында басланды.

Район ҳәкимлигине нураний, белсендилер ҳәм жас сайлаўшылар жәмленген. Ушырасыўды ӨзЛидеп Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси аппарат баслығы Ш.Өтемисов ашып берди ҳәм жыйналғанларды Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң Қарақалпақстан Республикасындағы исенимли ўәкили А.Данияровты таныстырды.

Исенимли ўәкил Данияров Абатбай Сапарбаевич сөзге шығып, топланған сайлаўшыларға Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы, өткен 5 жыл даўамында әмелге асырылған Ҳәрекетлер стратегиясы, сондай-ақ келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасының мазмун мәнисин түсиндирмекте.

✍️ @abatdaniyarov