Daniyarov Abatbay Saparbaevich
227 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
🔴#live
#Kegeyli

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Кегейли районында даўам етпекте

Еслетип өтемиз, ушырасыўды инстаграм социал тармағымыз арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Соңғы бес жылда, ҳүрметли талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң алып барған нәтийжели сиясаты себеп, еркин демократиялық мәмлекет қурылды. Дурыс, алдынлары да "Еркин демократиялық мәмлекет қурамыз" деп баннерлерди шығарар едик. Ал, ҳәзирде баннерлердеги сөзлер әмелде. Әйне мәўритлерде де усы ушырасыўымыз социал тармақлар арқалы жанлы эфирге узатылмақта. Бул абат ҳәм тыныш елимизде демократиялық мәмлекетимизде еркин нәпес алып атырғанымыздан дерек.

Талабанымыздың келеси 5 жылда әмелге асыратуғын бағдарламасы "Инсан қәдири ушын" принципине сүйенип, халықшыл сиясат әмелге асырылады.


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Kegeyli

Район ҳәкимлигине жыйналған саўлаўшылар районды раўажландырыў бойынша пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Усыныслар жазып алынып, терең үйренилген ҳалда арнаўлы бағдарламаға киритиў белгиленди.

Кегейли районы сайлаўшылары менен ушырасыў жуўмақланды.

@abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis_rayonı

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Нөкис районында даўам етпекте

Еслетип өтемиз, ушырасыўды инстаграм социал тармағымыз арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link


✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Nókis_rayonı

Исенимли ўәкил Абат Данияров:

Президент Шавкат Мирзиёев келеси жылларда әмелге асырылыўы режелестирилген бағдарламасында қарақалпақ әдебиятына айрықша итибар берген. Атап айтқанда, Нөкисте Бердақ атындағы барлық заманагөй технологиялар менен тәмийинленген миллий китапхана қурылады. Бердақ бабамыздың атына миллий китапхана ашылыўы, бул қарақалпақ халқына, қарақалпақ тарийхына деген талабанымыз Ш.Мирзиёевтиң шексиз ҳүрметинен дерек.

Қайсы тараўда әмелге асырылатуғын реформалар болса, дәслеп "Халықшыл" деген түсиникти киритти. Барлық реформалар халық ушын әмелге асырылады.


✍️ @abatdaniyarov
Ассалаўма алейкум ҳүрметли каналымыз ағзалары!

Бәршеңизге мәлим, Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы барлық аймақларда даўам етпекте. Күни кеше, Бозатаў, Кегейли ҳәм Нөкис районы сайлаўшылары менен ушырастық. Бүгин, Тахтакөпир, Қараөзек ҳәм Шымбай районларында даўам етеди.


Ушырасыўды инстаграм социал тармағы арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link

✍️ @abatdaniyarov
🔴#live
#Taxtakópir

⚡️Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң сайлаў алды бағдарламасын үгит-нәсиятлаў илажы Тахтакөпир районында басланды.

Райондағы Мәденият орайына жәмленген сайлаўшылар Президентликке талабан Ш.Мирзиёевтиң өмир ҳәм мийнет жолы менен таныспақта.

- Ҳүрметли талабанымыздың келеси жыллар ушын әмелге асырылыўы режелестирилген 5 жыллық бағдарламасы "Инсан қәдири ушын" хызмет етеди. Халықшыл сиясат илгери сүриледи, Жаңа Өзбекстан қурамында Жаңа Қарақалпақстан қурылады, - дейди исенимли ўәкил Абат Данияров.

Ушырасыўды инстаграм социал тармағымыз арқалы жанлы эфирде бақлап барсаңыз болады


https://instagram.com/abat.daniyarov.official?utm_medium=copy_link

✍️ @abatdaniyarov