Daniyarov Abatbay Saparbaevich
243 subscribers
2.76K photos
231 videos
11 files
480 links
Senator, Nókis qalası hákimi Daniyarov Abatbay Saparbaevichtiń jeke kanalı
Download Telegram
⚡️1-dekabr – Qaraqalpaq tiline Mámleketlik til biyligi berilgen kún

1989-jıl 1-dekabr kúni Qaraqalpaqstan Respublikası Joqarǵı Keńesiniń sessiyasında qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi berildi.

Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyliginiń berilgenine 32 jıl tolıw bayramı múnásibeti menen Jaslar isleri agentligi Qaraqalpaqstan Respublikası basqarması jámááti atınan gúllán xalqımızdı qutlıqlaymız!

Bizdi sociallıq tarmaqlarda baqlap barıń:
Telegram | Instagram | YouTube | Facebook
Daniyarov Abatbay Saparbaevich
Photo
⚡️Қарақалпақстанлы жас исбилерменлердиң машқалалары тыңланды

Бүгин, 1-декабрь күни Нөкис қаласындағы Жаслар орайының үлкен мәжилислер залында Жаслар ислери агентлиги директори А.Саъдуллаев басшылығында видеобайланыс тәризинде жыйналыс өткерилди.
Дәслеп, күн тәртибинде жас исбилерменлерди қоллап-қуўатлаўға қаратылған Бийлик ҳәм қарарлардың орынланыўын тәмийинлеў бойынша тийисли мәкеме ҳәм министрликлер, коммерциялық банклерге қойылган ўазыйпалардың орынланыўы бойынша презентациясы тыңланды. Жыйналыста «Жаслар-келешегимиз» фонды атқарыўшы директоры Х.Саттаров Қарақалпақстан Республикасы жасларын исбилерменликке бағдарлаў ҳәм олардың бәнтлигин тәмийинлеў мақсетинде ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлерди жөнелислер кесиминде айрықша атап өтти ҳәм жаслар мүрәжатларын тыңлады.
Тийисли министрлик ҳәм мәкемелер, коммерциялық банк басшылары исбилерменликке қызығыўшы ҳәм өз бизнесин баслап атырған жаслардың кредит мәселелсиндеги қыйнап атырған машқалаларына жуўап берди ҳәм мүрәжатларының унамлы шешим табыўы бойынша тийисли әмелий ис-илажлар әмелге асырылыўы белгилеп алынды.
Сондай-ақ, қала ҳәм район ҳәкимлериниң орынбасарлары ҳәм Жаслар ислери агентлиги, Саўда-санаат палатасы ўәкиллери, коммерциялық банклердиң қала ҳәм районлық басшылары, жас исбилерменлер Нөкис қаласы ҳәам район студияларынан онлайн тәризде қатнасты. Қала, район жаслары да туўрыдан-туўры аймақтан турып мүрәжат ҳәм сораўлар жоллаў имканияты пайда болды. Хеш бир машқала итибардан шетте қалмады.

✍️ @abatdaniyarov
АНА ТИЛИМ, СЕН - БАСҚАДАН АЙЫРМАМ…

Усы қатарлар менен басланатуғын поэзия жулдызы, шайыр И.Юсупов қосықларын балалығымыздан яд алғанбыз. Елеге шекем ядымызда. Мектепте оқып жүрген ўақытларымыздан ана тилимизге деген ҳүрмет, мақтаныш сезимлери қәлиплескен. Устазларымызға «Ана тил» ҳаққындағы яд алған қосық қатарларымызды ишки толғаныс пенен айтып берер едик.
Ҳәр жылы 1-декабрь сәнесинде миллетимиз айнасы, жүреги саналған қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлиги кеўлимизде мақтаныш сезимлерин оятар еди.

Бүгин, 1-декабрь. Қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлиги берилген күн. Ана тили мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий, руўхый жақтан раўажланыўында әҳмийетли орын ийелейтуғын қәдириятлардан бири болып табылады. Сонлықтан да, ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап қарақалпақ тилин раўажландырыўға, оны еле де байытыўға ҳәм сап ҳалында келешек әўладларға жеткериўге айрықша итибар қаратылып, бул бағдарда енциклопедия ҳәм сөзликлерди, сабақлықлар менен оқыў-қолланбаларын баспадан шығарыў сыяқлы ийгиликли ислер әмелге асырылмақта.
Биз бүгин жаңа Өзбекстан қушағында өз ана тилимизде еркин сөйлеймиз, қосықлар жырлаймыз, шайырларымыз қарақалпақ тилинде қәлем тербетпекте…
Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев Қарақалпақстанға болған сапарларында «қарақалпақ тили»ндеги сөзлерден пайдаланған ҳалда, тәрийплер береди, жасларға қарақалпақ тилинде мүрәжат етеди. Атап айтқанда, Президент Ш.Мирзиёев Бозатаў районындағы ушырасыўында сөзге шығып, қарақалпақ тилинде:
«Ҳүрметли жасы үлкенлер! Әзиз апа-сиңлилер! Наўқыран жаслар! » - деп өз сөзин баслаған еди. Бул ҳурметли Президентимиздиң қарақалпақ тилине болған шексиз ҳүрметинен дерек.
Ҳүрметли Журтбасшымыздың әдил сиясаты даўам етер екен, биз өз ана тилимизде еркин сөйлеўде, шайырларымыз қарақалпақ тилинде қәлем тербетиўде, миллий үрп-әдетлеримиз, салт-дәстүрлеримизди өз миллийлигимизге тән тәризде қарақалпақ тилинде жар салыўда даўам етемиз.
Ҳүрметли наўқыран жаслар!
Әдиўли халқымыз!
Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенлигиниң 32 жыллығы қутлы мүбәрек болсын!
Қарақалпақ тилимиз – мәңги жасасын!

Ҳүрмет пенен,
Данияров Абатбай Сапарбаевич
!

✍️ @abatdaniyarov
Daniyarov Abatbay Saparbaevich pinned «АНА ТИЛИМ, СЕН - БАСҚАДАН АЙЫРМАМ… Усы қатарлар менен басланатуғын поэзия жулдызы, шайыр И.Юсупов қосықларын балалығымыздан яд алғанбыз. Елеге шекем ядымызда. Мектепте оқып жүрген ўақытларымыздан ана тилимизге деген ҳүрмет, мақтаныш сезимлери қәлиплескен.…»
Búgin, saat 20:00de "Zo'r Tv" telekanalı "Bu kun" informaciyalıq baǵdarlamasında qaraqalpaq tiline til biyligi berilgen kún múnásibeti menen "Bu kun" informaciyalıq baǵdarlamasınıń Qaraqalpaqstandaǵı xabarshısı Aydana Allambergenova tárepinen tayarlanǵan reportajdı qaraqalpaq tilinde tamasha etiwińiz múmkin!


Ótkerip jibermeń!

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
This media is not supported in your browser
VIEW IN TELEGRAM
⚡️Jaslar isleri agentligi direktorı Sadullaev Alisher Zafarovich jaslardı qaraqalpaq tili bayramı menen shın júrekten qutlıqladı

Hár bir iste úlgili, baslamashı, bir-birinen ziyrek, ozıq oylı, joqarı mánawiyatlı, belsendi, húrmetli qaraqalpaq jasları!

Bársheńizdi búgingi, 1-dekabr — Qaraqalpaq tiline mámleketlik til biyligi berilgenliginiń 32 jıl tolıw bayramı múnásibeti menen qızǵın qutlıqlayman.

Awızbirshilikli qaraqalpaq xalqınıń, nawqıran jaslarınıń Prezidentimizge hár bir reformada, hár bir baslamada hámiyshe qol-qanat bolıwına isenemiz!

👏👏👏👏👏👏

@alisher_sadullaev
Forwarded from Joqarǵi keńes.uz
ЖОҚАРҒЫ КЕҢЕС БАСЛЫҒЫ БМШ АРНАЎЛЫ БАЯНАТШЫСЫН ҚАБЫЛЛАДЫ
https://joqargikenes.uz/7801.html
_______
ЖЎҚОРҒИ КЕНГЕС РАИСИ БМТ МАХСУС МАЪРУЗАЧИСИНИ ҚАБУЛ ҚИЛДИ
https://joqargikenes.uz/oz/7801.html

Каналға ағза болыў: https://t.iss.one/joqargikenes
⚡️Мүтәжлиги бар пуқараларға үй алыўда дәслепки төлем ушын 32 млн сўмлық субсидиялар бериледи

Кейинги жылда ипотека дәстүрлери шеңберинде 50 мыңға жақын үй-жай қурылады. Халыққа төлем ушын 1,3 трлн сўмлық субсидия ажыратылады.

Дерек: Karakalpak24

@abatdaniyarov
⚡️QMU talabalari 30 ta mamlakat chempioniga aylandi

Joriy yil 24-27-noyabr kunlari Jizzax shahrida O'zbekiston Respublikasi Prezidenti sovrini uchun 2001-2003-yillarda tug'ilgan o'smirlar va qizlar o'rtasida sportning belbog'li kurash turi bo'yicha jahon chempionati o'tkazildi.

Jahon miqyosida o'tkazilgan sport birinchiligida mukofot jamg'armasi 56 000 AQSH dollari, shuningdek, "Spark" va "Kobalt" avtomobillaridan iborat bo'ldi. Musobaqada Rossiya, Buyuk Britaniya, Polsha, Marokash, Hindiston, Italiya, Latviya kabi dunyoning 30 ga yaqin mamlakatlaridan 300 nafar ishtirokchi qatnashdi.

Musobaqada Berdaq nomidagi Qoraqalpoq davlat universiteti Jismoniy madaniyat fakulteti talabalari Polatbayeva Bibigauxar 58kg vazn toifasida, Azatova Zemfira 76 kg vazn toifasida oltin medalni qo'lga kiritdi

Reportyor: Zafarbek Artiqbayev

👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi
⚡️3-dekabr – Xalıqaralıq mayıplar kúni

Bul sáne BMSh Bas Assambleyasınıń 1992-jıl 14-oktyabrdegi qararı menen hár jılı belgilenip kelinbekte.

Bunnan tiykarǵı maqset – pútkil dúnyada ámelge asırılıp atırǵan baǵdarlama hám joybarlarda mayıplıǵı bolǵan shaxslar, basqa mayıp bolmaǵan adamlar menen teń huqıqlılıq tiykarında qatnasıwın, mayıplıǵı bolǵan shaxslardıń mápleriniń, huqıqlarınıń inabatqa alınıwın, barlıq mámleketlerde olardıń qádir-qımbatın qorǵaytuǵın nızamlar hám tártip-qaǵıydalardıń engiziliwin támiyinlep, hámme ushın ashıq hám doslıq bolǵan jámiyet qurıw bolıp esaplanadı. Sonday-aq, jámiyette mayıplıǵı bolǵan shaxslar dus kelip atırǵan mashqalalardı tereń túsinip, olardı saplastırıp, sheshimin tabıw, olardıń qádir-qımbatın, huqıqların qorǵaw, turmıslıq sharayatların jaqsılawdan ibarat.


👉👉👉 @jaslar_isleri_agentligi